1 Chronicles 1
Адам-атадан Ибрайымға дейинги урпақлар
1Адам, Шет, Энош, 2Кенан, Маҳалалел, Еред, 3Энох, Метушелах, Ламех ҳәм 4Нух. Нухтың уллары: Сам, Хам ҳәм Яфет ▼▼ Нух. Нухтың уллары: Сам, Хам ҳәм Яфет – Әййемги грекше аўдармадан. Еврейше қолжазбаларда «Нух, Сам, Хам ҳәм Яфет».
.5Яфеттиң уллары: Гомер, Магог, Мадай, Яўан, Тубал, Мешех ҳәм Тирас.
6Гомердиң уллары: Ашкеназ, Рифат ҳәм Тогарма.
7Яўанның уллары: Элиша, Таршиш, Киттим ҳәм Роданим ▼.
8Хамның уллары: Куш, Мысыр, Пут ҳәм Қанан.
9Куштың уллары: Себа, Хаўила, Сабта, Раама ҳәм Сабтеха. Рааманың уллары: Шеба ҳәм Дедан.
10Куштың және Нимрод деген де бир улы бар еди. Ол жер жүзиндеги биринши күшли жаўынгер болды.
11Мысырдан луд, анам, леҳаб, нафтух, 12патрус, каслух ҳәм кафтор халықлары, ал каслух халқынан филист халқы келип шықты.
13Қананнан туңғыш улы Сидон, кейин Хет туўылды. 14Сондай-ақ, ебус, амор, гиргаш, 15хиў, арқ, син, 16арўад, семар ҳәм хамат халықлары да Қананнан келип шықты.
17Самның уллары: Элам, Ашшур, Арпахшад, Луд, Арам, Ус, Хул, Гетер ҳәм Мешех. 18Арпахшадтан Шелах, Шелахтан Эбер туўылды. 19Эбердиң еки улы болып, олардың бириниң аты Пелег ▼
▼ Пелег – «бөлинип кетти» дегенди билдиреди.
еди, өйткени сол ўақытта жерлер бөлинген еди. Ал екиншисиниң аты Иоқтан еди.20Иоқтаннан Алмодад, Шелеф, Хасармаўет, Ерах, 21Ҳадорам, Узал, Дикла, 22Эбал, Абимаел, Шеба, 23Офир, Хаўила ҳәм Иобаб туўылды. Булардың бәри Иоқтанның уллары еди.
24Сам, Арпахшад, Шелах, 25Эбер, Пелег, Реу, 26Серуг, Нахор, Терах, 27Ибрам, яғный Ибрайым.
Ибрайымның урпақлары
28Ибрайымның уллары: Ысақ ҳәм Исмайыл. 29Олардың шежиреси мынадай: Исмайылдың туңғыш улы Небайот. Оннан кейин, Кедар, Адбеел, Мибсам, 30Мишма, Дума, Масса, Хадад, Тема, 31Етур, Нафиш ҳәм Кедма. Булар Исмайылдың уллары еди. 32Ибрайымның тоқалы Қатурадан туўылған уллары мыналар: Зимран, Иоқшан, Медан, Мидян, Ишбақ ҳәм Шуах.Иоқшанның уллары: Шеба ҳәм Дедан. 33Мидянның уллары: Эфа, Эфер, Ханох, Абида ҳәм Элдаа. Булардың ҳәммеси Қатурадан тараған урпақлар еди.
Эсаўдың урпақлары
34Ысақ Ибрайымның улы еди. Ысақтың уллары: Эсаў ҳәм Израил.35Эсаўдың уллары: Элифаз, Реуел, Еуш, Ялам ҳәм Қорах.
36Элифаздың уллары: Теман, Омар, Сефий, Гатам, Кеназ ҳәм Тимнадан туўылған Амалек.
37Реуелдиң уллары: Нахат, Зерах, Шамма ҳәм Мизза.
Сеирдиң урпақлары
38Сеирдиң уллары: Лотан, Шобал, Сибон, Ана, Дишон, Эсер ҳәм Дишан. 39Лотанның уллары: Хорий ҳәм Ҳомам. Тимна Лотанның қарындасы еди.40Шобалдың уллары: Алиан, Манахат, Эбал, Шефий ҳәм Онам.
Сибонның уллары: Айя ҳәм Ана.
41Ананың улы: Дишон.
Дишонның уллары: Хамран, Эшбан, Итран ҳәм Керан.
42Эсердиң уллары: Билҳан, Зааўан ҳәм Яақан.
Дишонның уллары: Ус ҳәм Аран.
Эдом патшалары
43Израилда патша болмастан бурын, Эдом елинде төмендеги патшалар ҳүкимдарлық етти: Беор улы Бела. Оның қаласының аты Динҳаба еди. 44Бела өлгеннен кейин, оның орнына Босра қаласынан болған Зерах улы Иобаб патша болды.45Иобаб өлгеннен кейин, теманлылардың жеринен келген Хушам патша болды.
46Хушам өлгеннен кейин, Моаб елинде мидянлыларды қыйратқан Бедад улы Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Аўит еди.
47Ҳадад өлгеннен кейин, оның орнына масреқалы Самла патша болды.
48Самла өлгеннен соң, оның орнына дәрья бойындағы Рехоботтан болған Шаул патша болды.
49Шаул өлгеннен соң, оның орнына Ахбор улы Баал-Ханан патша болды.
50Баал-Ханан өлгеннен соң, оның орнына Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Паий еди. Ҳададтың ҳаялы Меҳетабел Мезаҳабтың ақлығы Матредтиң қызы еди. 51Соңынан Ҳадад та өлди.
Эдом бийлери мыналар: Тимна бий, Алиа бий, Етет бий, 52Оҳолибама бий, Эла бий, Пинон бий, 53Кеназ бий, Теман бий, Мибсар бий, 54Магдиел бий ҳәм Ирам бий. Эдом бийлери усылар еди.
Copyright information for
KaaIBT22C