‏ 1 Chronicles 10

Шаул ҳәм оның улларының өлими

1Филистлер израиллылар менен урысып атырған еди. Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашып, көпшилиги Гилбоа таўында набыт болды. 2Филистлер Шаул менен оның улларының изине түсип, Шаулдың уллары Ионатанды, Абинадабты ҳәм Малкий-Шуаны өлтирди. 3Шаулдың әтирапында саўаш ҳәўиж алған еди. Сонда садақшылар тәрепинен атылған оқ Шаулға тийип, ол жарақатланды. 4Шаул өз нөкерине:

– Қылышыңды қынабынан суўырып ал да, мени өлтир. Болмаса, мына сүннетсизлер келеди де, мени хорлайды, – деди.

Бирақ нөкери қатты қорқып, буны ислемеди. Сонлықтан Шаул қылышын қынынан суўырып алып, өзин қылыштың үстине таслады.
5Нөкери Шаулдың өлгенин көргенде, ол да қылышының үстине өзин таслап өлди.

6Солай етип, Шаул менен оның үш улы да қаза тапты ҳәм пүткил шаңарағы олар менен бирге қурып кетти.

7Ойпатлықта жасайтуғын барлық израиллылар Израил әскерлериниң қашқанын ҳәм Шаул менен оның улларының өлгенин көргенде, өз қалаларын таслап, қаша баслады. Филистлер келип, сол қалаларға орналасып алды.

8Ертеңине филистлер өлгенлерди тонаў ушын келгенде, Гилбоа таўында Шаулдың ҳәм оның улларының өлигин тапты. 9Олар Шаулды талан-тараж етип, басын ҳәм қурал-жарақларын алды. Соңынан бул хабарды өзлериниң бутларына ҳәм халқына жеткериў ушын, филистлердиң жерлериниң ҳәммесине хабаршылар жиберди. 10Олар Шаулдың қурал-жарақларын өз қудайларының бутханасына қойып, басын Дагонның бутханасына илдирип қойды.

11Гиладтағы пүткил Ябеш халқы филистлердиң Шаулға ислеген ҳәмме ислери ҳаққында еситкенде, 12олардың барлық мәрт жаўынгерлери барып, Шаул менен оның улларының денелерин Ябешке алып келди. Кейин олардың сүйеклерин Ябештеги теребинф ағашының астына көмип, жети күн ораза тутып, азалады.

13Шаул Жаратқан Ийеге қыянет еткени ушын өлген еди. Ол Жаратқан Ийениң сөзине бойсынбай, ҳәтте, әрўақ шақырыўшыға да мәсләҳәт салды. 14Ал Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сорамады. Сол себепли Жаратқан Ийе Шаулды өлтиртип, оның патшалығын Ишай улы Даўытқа берди.
Copyright information for KaaIBT22C