1 Chronicles 11
Даўыттың пүткил Израилға патша болыўы
1Пүткил израиллылар Хебронға, Даўыттың жанына жыйналып былай деди: «Бизлер сизиң өз сүйегиңиз ҳәм өз етиңизбиз. 2Бурын Шаул патша болған ўақытта да, саўашта Израилды өзиңиз баслап жүретуғын едиңиз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизге: „Халқым Израилға сен шопанлық етип, оларға ҳүкимдар боласаң“, – деп ўәде берген еди». 3Солай етип, Израилдың барлық ақсақаллары Хебронға, патша Даўыттың алдына келгенде, Даўыт Хебронда Жаратқан Ийениң алдында олар менен келисим дүзди. Олар да Жаратқан Ийениң Самуел арқалы берген ўәдеси бойынша, Даўытты майлап, Израилға патша етип қойды. 4Даўыт пенен израиллылар Ерусалимге жүрис қылды. Сол ўақытлары бул қала Ебус деп аталып, ол жерде ебуслылар жасайтуғын еди. 5Ебус халқы Даўытқа: «Сен бул жерге кире алмайсаң», – деген еди. Деген менен, Даўыт Сион қорғанын қолға киргизди. Кейин ала бул қорған Даўыттың қаласы деп аталды. 6Даўыт: «Ебуслыларға биринши болып ҳүжим жасап, жеңген адам сәркәрда ҳәм басшы болады», – деп ўәде берген еди. Серуя улы Иоаб биринши болып ҳүжим жасап, жеңип шықты ҳәм сәркәрда болды. 7Буннан кейин, Даўыт қорған қалаға орналасып алды. Сол себепли ол жерге Даўыттың қаласы деген ат берилди. 8Даўыт Миллодан баслап қаланың айнала дийўалларын қайта тикледи. Ал Иоаб қаланың қалған бөлеклерин қайта қурды. 9Даўыт күшке толып бара берди. Өйткени Әлемниң Жаратқан Ийеси оның менен бирге еди.Даўыттың батыр әскерлери
10Жаратқан Ийениң Израилға ўәде еткениндей, Даўыттың батыр әскерлериниң әскербасылары пүткил Израил халқы менен бирге Даўытты патша қылды ҳәм оның патшалығының күшли болыўын қоллап қуўатлады. 11Даўыттың батыр әскерлериниң дизими мынаў: үш батырдың ▼ сәрдары Хахмон улы Яшобам. Ол үш жүз адамға найза менен қарсы шығып, бир ҳүжим еткенде, ҳәммесин өлтирди. 12Оннан кейингиси үш батырдың бири ахохлы Додоның улы Элазар. 13Филистлер урысыў ушын Пас-Даммимде жыйналғанда, Элазар Даўыттың қасында болды. Ол жерде бир арпа атызы бар еди. Сонда израиллылар филистлерден қаша баслады. 14Бирақ Элазар менен Даўыт атыздың ортасында турып, ол жерди қорғады ҳәм филистлерди қырып таслады. Жаратқан Ийе оларға уллы жеңис сыйлады. 15Бир күни филист әскерлери Рефаим ойпатлығына орда қурған ўақытта, отыз басшыдан үшеўи Адуллам үңгириндеги жартасты паналап турған Даўытқа барды. 16Сол ўақытта Даўыт қорғанда, ал филистлердиң сақшылар топарының биреўи Бейтлеҳемде еди. 17Даўыт қатты шөллеп: – Қәнекей, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан биреў маған суў әкелип берсе еди! – деди. 18Сонда бул үш батыр филистлердиң ордасын жарып өтип, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан суў алып, Даўытқа әкелип берди. Бирақ Даўыт оны ишиўден бас тартты ҳәм суўды жерге төгип, Жаратқан Ийеге усынды. 19Ол: – Қудайым, буны ислеўден мени сақлай гөр! Жанларын қәўип астына қойып, суў алып келген бул үш адамның қанын ишейин бе? – деп, Даўыт суўды ишпеди. Бул үш батыр усындай ерлик көрсеткен еди. 20Иоабтың иниси Абишай үш батырдың ▼▼ үш батыр – Әййемги сурия тилиндеги аўдармада «отыз батыр». 2Пат 23:18 қараң.
басшысы еди. Ол найзасы менен үш жүз адамды өлтирди. Сол тәризде ол үш батыр сыяқлы даңққа еристи. 21Оның үш батырдан ▼▼ үш батыр – Әййемги сурия тилиндеги аўдармада «отыз батыр». 2Пат 23:19 қараң.
да даңқы артып, олардың басшысы болғаны менен, сол үш батырдың қатарына кирмейтуғын еди. 22Еҳояда улы қабсеелли Беная да мәрт жаўынгер болып, ол да уллы ислер иследи. Ол моаблы еки күшли жаўынгерди, ал қар жаўған күни бир шуқырға түсип, арысланды өлтирди. 23Және де, ол бойы бес шығанақ болған мысырлыны да өлтирди. Мысырлының қолында тоқыў үскенесиниң қадасындай жуўан найзасы бар еди. Ал Беная оған таяқ пенен қарсы шығып, оның қолындағы найзасын тартып алды да, оны өзиниң найзасы менен өлтирди. 24Еҳояда улы Бенаяның ислеген ислери мине усылар. Ол да сол үш батыр сыяқлы даңқ таратты. 25Ол отыз батырға қарағанда атақлырақ болса да, бирақ сол үш батырдың қатарына кирмеди. Даўыт оны өзиниң тән сақшыларына басшы етип қойды. 26Басқа батыр әскерлер мыналар: Иоабтың иниси Асаҳел, бейтлеҳемли Додоның улы Элханан, 27ҳарорлы Шаммот, пелонлы Хелес, 28теқоалы Иккештиң улы Ира, анатотлы Абиезер, 29хушалы Сиббехай, ахохлы Илай, 30нетофалы Маҳарай ҳәм нетофалы Баананың улы Хелед, 31Бенямин урыўынан гибалы Рибайдың улы Иттай, пиратонлы Беная, 32Гааш сайлары аймағынан Хурай, арабалы Абиел, 33бахарумлы Азмаўет, шаалбонлы Эляхба, 34гизонлы Ҳашемниң уллары, ҳарарлы Шагениң улы Ионатан, 35ҳарарлы Сакардың улы Ахиам, Урдың улы Элифал, 36мехералы Хефер, пелонлы Ахия, 37кармелли Хесрай, Эзбай улы Наарай, 38Натанның иниси Иоел, Ажар улы Мибхар, 39аммон халқынан Селек, Серуя улы Иоабтың нөкери бееротлы Нахарай, 40Итер тийресинен Ира ҳәм Гареб, 41хет халқынан Урия, Ахлай улы Забад, 42рубенлилердиң қәўим басшысы, рубенли Шизаның улы Адина ҳәм оның отыз әскери, 43Мааха улы Ханан, митанлы Иошафат, 44аштеротлы Уззия, ароерли Хотамның уллары Шама ҳәм Еиел, 45Шимрий улы Едиаел ҳәм оның иниси тизли Иоха, 46махаўлы Элиел, Элнаамның уллары Ерибай ҳәм Иошаўия, моаблы Итма, 47Элиел, Обид, месобалы Ясиел.
Copyright information for
KaaIBT22C