‏ 1 Chronicles 12

Даўыттың Сиклагтағы жәрдемшилери

1Даўыт Киш улы Шаулдан қашып, Сиклагта жасап жүрген ўақытлары, айырым әскерлер келип, оған қосылды. Урысларда Даўытқа жәрдем берген бул жаўынгерлер 2Бенямин урыўынан, Шаулдың ағайинлеринен еди. Бул садақшылар оқ жай менен қуралланған болып, оң қолы менен де, шеп қолы менен де оқ жай тартып, сақпанда тас ататуғын еди. 3Олардың басшысы гибалы Шеманың улы Ахиезер болып, иниси Иоаш оның жәрдемшиси еди. Басқа жаўынгерлер: Азмаўеттиң уллары Езиел ҳәм Пелет, сондай-ақ, Бераха ҳәм анатотлы Еҳу, 4отыз батырдың биреўи, яғный олардың басшысы гибонлы Ишмая, сондай-ақ, Еремия, Яхазиел, Юханан, гедералы Иозабад, 5Элузай, Еримот, Беалия, Шемария, харуфлы Шефатия, 6Қорахтың урпағынан болған Элқана, Ишшия, Азарел, Иоезер, Яшобам, 7гедорлы Ерохамның уллары Иоела ҳәм Зебадия.

8Даўыт шөлдеги қорғанда болғанда, гадлылардың биразы оған қосылды. Олар урысқа таяр мәрт жаўынгерлер болып, қалқан ҳәм найзаны ислете алатуғын еди. Олардың жүзлери арысландай айбатлы, өзлери таўлардағы жейран киби шаққан еди.

9Олардың басшысы Эзер еди. Екиншиси Обадия, үшиншиси Элиаб, 10төртиншиси Мишманна, бесиншиси Еремия, 11алтыншысы Аттай, жетиншиси Элиел, 12сегизиншиси Юханан, тоғызыншысы Элзабад, 13оныншысы Еремия, он бириншиси Махбаннай еди.

14Усы гадлылар орда әскербасылары еди. Олардың ең ҳәлсизлери жүз адамға, ең күшлилери мың адамға бас келетуғын еди. 15Биринши айда, Иордан толып тасып турған ўақытта, олар арғы жағаға кесип өтип, ойпатлықтың шығыс ҳәм батыс тәрепинде жасап атырғанлардың ҳәммесин бас саўғалап қашыўға мәжбүр етти.

16Бенямин ҳәм Яҳуда урыўларындағы базы адамлар да Даўыттың жанына, қорғанға келди. 17Даўыт оларды күтип алыўға шықты ҳәм оларға былай деди:

– Егер маған жәрдем бериў ушын жақсы нийет пенен келген болсаңыз, қатарымызға қосылыўыңызға ыразыман. Ал егер ҳеш кимге зорлық ислемеген болсам да, мени душпанларыма услап бериўге келген болсаңыз, онда ата-бабаларымыздың Қудайы буны көрип, ҳүким етсин.

18Сонда кейинирек отыз батырдың сәрдары болған Амасайдың үстине Қудайдың Руўхы түсип, ол былай деди:

«Даўыт, бизлер сизикимиз!
Ишай улы, сиз бенен биргемиз!
Тынышлық ҳәм аманлық сизге яр болсын!
Сизге жәрдем берип атырғанларға да аманлық болсын!
Себеби сизди қоллап турған – Қудайыңыздың Өзи».

Даўыт оларды жақсы қабыл етти ҳәм өзиниң басқыншылар топарларына басшылар етип қойды.

19Даўыт филистлер менен бирге Шаулға қарсы урысыў ушын барғанда, Менашше урыўының базы адамлары Даўыттың тәрепине өткен еди. Деген менен, сол урыста Даўыт ҳәм оның адамлары филистлерге жәрдем бермеди. Өйткени филист ҳүкимдарлары кеңесип: «Даўыт мырзасы Шаул тәрепке өтип кетип, басымыздан айырылармыз», – деп, оны кейин қайтарған еди. 20Даўыт Сиклагқа қайтып кетип баратырғанда, Менашше урыўынан оның тәрепине өткенлер мыналар еди: Аднах, Иозабад, Едиаел, Михаил, Иозабад, Элиҳу ҳәм Силлетай. Булардың барлығы менашшелилердиң мыңбасылары еди. 21Олар мәрт жаўынгерлер болып, Даўыттың ордасында ләшкербасылық хызметин атқарды ҳәм қарақшылар топарына қарсы гүресиўде Даўытқа жәрдем берди. 22Даўытқа жәрдем бериў ушын ҳәр күни адамлар келип қосылатуғын еди. Нәтийжеде, Даўыт Қудайдың ләшкерлери сыяқлы үлкен ҳәм күшли ордаға ийе болды.

Даўыттың Хеброндағы ордасы

23Жаратқан Ийениң берген ўәдеси бойынша, Шаулдың патшалығын Даўытқа бериў ушын Хебронға, Даўыттың жанына келген ләшкерлер саны мынадай еди:

24Яҳуда урыўынан: урысқа таяр, қалқан ҳәм найза менен қуралланған алты мың сегиз жүз адам.

25Шимон урыўынан: урысқа таяр, жети мың бир жүз мәрт жаўынгер.

26Лебий урыўынан: төрт мың алты жүз адам.

27Харон нәсилиниң басшысы Еҳояда ҳәм оның менен бирге болғанлар үш мың жети жүз адам.

28Жас ҳәм мәрт жаўынгер Садоқ ҳәм оның тийресинен жигирма еки әскербасы.

29Шаулдың урыўласлары болған Бенямин урыўынан: үш мың адам. Беняминлилердиң көпшилиги сол ўақытқа дейин Шаулдың шаңарағына садық болып қалды.

30Эфрайым урыўынан: өз әўлады арасында атағы шыққан жигирма мың сегиз жүз мәрт жаўынгер.

31Даўытты патша етип қойыў ушын, Менашше урыўының ярымынан арнаўлы түрде шақырылғанлар он сегиз мың адам.

32Иссахар урыўынан: дәўир талабын түсинетуғын, Израилдың не ислеў кереклигин билетуғын еки жүз ләшкербасы ҳәм олардың қол астындағы адамлар.

33Зебулон урыўынан: елиў мың адам. Олар урыс қуралларының ҳәмме түри менен қуралланған болып, Даўытқа шын жүректен жәрдем бериў ушын келди.

34Нафталий урыўынан: мың әскербасы ҳәм олар менен бирге қалқан ҳәм найза менен қуралланған отыз жети мың адам.

35Дан урыўынан: урысқа таяр жигирма сегиз мың алты жүз адам.

36Ашер урыўынан: урысқа таяр, тәжирийбели қырық мың әскер.

37Иордан дәрьясының шығысында жасайтуғын Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымынан: урыс қуралларының ҳәмме түри менен қуралланған бир жүз жигирма мың адам.

38Булардың ҳәммеси сап тартып, урысқа шығыўға таяр әскерлер еди. Олар қатты қәлеў менен, Даўытты пүткил Израил үстинен патша етип қойыў ушын Хебронға келди. Қалған израиллылар да Даўытты патша етиў нийетинде еди. 39Хебронға келгенлер Даўыттың жанында үш күн қалды ҳәм туўысқанлары таярлап берген азық-аўқатларды ишип-жеди. 40Сондай-ақ, Иссахар, Зебулон ҳәм Нафталий урыўларының алыс аймақларынан да адамлар ешек, түйе, ғашыр ҳәм өгизлерге азық-аўқат тийеп келди. Олар мол етип ун, кептирип нығызланған әнжир менен кишмиш, шарап, зәйтүн майын, ири ҳәм майда малларды көп етип алып келди. Себеби Израилда шадлық ҳүким сүрген еди.
Copyright information for KaaIBT22C