1 Chronicles 13
Келисим сандығының Кирят-Яримнен алып келиниўи
1Даўыт барлық басшылары, мыңбасылары ҳәм жүзбасылары менен мәсләҳәтлести. 2Соңынан ол пүткил Израил жәмийетине былай деди: – Егер бул сизлерге мақул болса ҳәм Қудайымыз Жаратқан Ийениң еркине сай болса, онда Израил жериниң ҳәр тәрепинде жасап атырған туўысқанларымызға ҳәм қалалары менен жайлаўлары әтирапында жасап атырған руўханийлер менен лебийлилерге хабаршылар жиберейик. Олар да келип, бизлерге қосылсын. 3Қудайымыздың сандығын өзлеримизге қайтарып алып келейик. Өйткени Шаулдың дәўиринде Қудайдың еркин билиўде оннан пайдаланбадық. 4Бул усыныс пүткил жәмийетке мақул түсти, себеби пүткил халық нәзеринде бул ис туўры еди. 5Солай етип, Даўыт Қудайдың Келисим сандығын Кирят-Яримнен алып келиў ушын, Мысырдағы Шихор дәрьясынан Лебо-Хаматқа дейинги жерлерде жасайтуғын барлық израиллыларды жыйнады. 6Кейин Даўыт ҳәм барлық израиллылар керублар ▼▼ Керуб – қанатлы руўхый барлық.
арасында тахтта отырған Жаратқан Ийениң аты менен аталған Қудайдың Келисим сандығын алып келиў ушын, Яҳудадағы Баала қаласына, яғный Кирят-Яримге кетти. 7Олар Қудайдың сандығын Абинадабтың үйинен алып, таза бир арбаға қойды. Арбаға жегилген өгизлерди Узза менен Ахйо жетеклеп жүрди. 8Ал Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы Қудайдың алдында қосықлар айтып, лира ▼▼ Лира – бармақ пенен шертилетуғын тарлы саз әсбабы.
, арфа, дәп, кимбал ҳәм кәрнай шертип, бар күши менен шадлыққа бөленип киятырған еди. 9Олар Кидонның қырман жерине жеткенде, өгизлер сүрнигип кетти ҳәм қулап кетпеўи ушын Узза қолын созып, сандықты услады. 10Сонда Уззаға қарсы Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады ҳәм сандыққа қолын созғаны ушын, оны өлтирди. Узза сол жерде, Қудайдың алдында жан тапсырды. 11Жаратқан Ийениң Уззаны жазалағаны ушын, Даўыт қатты ашыўланды. Сол күннен баслап, ҳәзирге дейин бул орын Перес-Узза ▼▼ Перес-Узза – «Уззаның қыйралыўы» дегенди билдиреди.
деп аталады. 12Даўыт сол күни Қудайдан қорқып: «Қудайдың сандығын жаныма қалай алып келе аламан?» – деди. 13Сол күни Даўыт сандықты өзиниң жанына, Даўыттың қаласына алып бармай, гатлы Обед-Эдомның үйине апарды. 14Қудайдың сандығы гатлы Обед-Эдомның үйинде үш ай турды. Жаратқан Ийе Обед-Эдомның шаңарағын ҳәм оған тийисли ҳәр бир нәрсени жарылқады.
Copyright information for
KaaIBT22C