1 Chronicles 14
Даўыттың шаңарағы
1Тир патшасы Хирам Даўытқа елшилер, соның менен бирге сарай қурылысы ушын кедр ағашларын, тас қалаўшыларды ҳәм ағаш усталарын жиберди. 2Сонда Даўыт Жаратқан Ийениң өзин Израилға патша етип тайынлағанын ҳәм Өз халқы Израил ушын оның патшалығын уллы даңққа еристиргенин түсинди. 3Даўыт Ерусалимде және бир неше ҳаяллар алды ҳәм олардан да ул ҳәм қызлар көрди. 4Даўыттың Ерусалимде туўылған перзентлериниң атлары мыналар: Шаммуа, Шобаб, Натан, Сулайман, 5Ибхар, Элишуа, Элпелет, 6Ногаҳ, Нефег, Яфиа, 7Элишама, Белияда ҳәм Элифелет.Филистлердиң жеңилиске ушыраўы
8Филистлер Даўыттың майланып, пүткил Израилға патша етип қойылғанын еситкенде, пүткил филист әскерлери Даўытты қолға түсириў ушын излеп кетти. Буны еситкен Даўыт оларды қарсы алыўға шықты. 9Филистлер келип, Рефаим ойпатлығына шабыўыл жасады. 10Даўыт Қудайдан: – Филистлерге қарсы жүрис қылайын ба? Оларды маған тәслим етесең бе? – деп сорады. Жаратқан Ийе оған: – Аўа, жүрис қыл. Оларды саған тәслим етемен, – деди. 11Сонда Даўыт әскерлери менен бирге Баал-Перасимге ▼▼ Баал-Перасим – «Қыйратыў Мырзасы» дегенди билдиреди.
кетти ҳәм ол жерде филистлерди қыйратты. Кейин ол: «Ҳәр бир бөгетти жайпап өтетуғын суў тасқыны сыяқлы, Қудай душпанларымды мениң қолым менен қыйратып таслады», – деди. Сонлықтан сол жерге Баал-Перасим деген ат берилди. 12Филистлер бутларын сол жерге таслап қашқан еди. Даўыттың буйрығы бойынша, бутлар жағып жиберилди. 13Көп өтпей, филистлер қайтадан сол ойпатлыққа шабыўыл жасады. 14Даўыт және Қудайдан сорады ҳәм Қудай оған былай деп жуўап берди: – Оларға бул жерден ҳүжим қылма. Оларды айланып өтип, арт жағынан, тут ағашлары тәрептен ҳүжим қыл. 15Сен тут ағашларының жоқарысынан аяқ сеслери сыяқлы даўысты еситиўден-ақ, оларға ҳүжимге өт. Себеби сол ўақытта Мен сениң алдыңда филист ордасын қыйратыў ушын баратырған боламан. 16Даўыт Қудайдың буйырғанындай қылды ҳәм филист ордасын Гибоннан Гезерге дейин қыйратып барды. 17Солай етип, Даўыттың даңқы дөгеректеги еллердиң ҳәммесине жайылды. Жаратқан Ийе барлық халықларды оннан қорқатуғын қылды.
Copyright information for
KaaIBT22C