1 Chronicles 15
Келисим сандығының Ерусалимге алып келиниўи
1Даўыт өз аты менен аталған қалаға өзи ушын үйлер салдырды. Ол Қудайдың Келисим сандығы ушын да бир орын таярлап, шатыр қурды. 2Кейин Даўыт: «Қудайдың Келисим сандығын тек ғана лебийлилер көтерип жүреди. Өйткени Жаратқан Ийе сандықты алып жүриў ҳәм мәңгиге Өзине хызмет етиў ушын лебийлилерди таңлап алды», – деди. 3Даўыт Жаратқан Ийениң сандығын өзи таярлаған жерге алып келиў ушын, пүткил Израил халқын Ерусалимге жыйнады. 4Кейин төменде аты аталған Харонның урпақларын ҳәм лебийлилерди бир жерге топлады: 5Қоҳат урпағынан: басшы Уриелди ҳәм оның бир жүз жигирма ағайинин;6Мерарий урпағынан: басшы Асаяны ҳәм оның еки жүз жигирма ағайинин;
7Гершом урпағынан: басшы Иоелди ҳәм оның бир жүз отыз ағайинин;
8Элисафан урпағынан: басшы Шемаяны ҳәм оның еки жүз ағайинин;
9Хеброн урпағынан: басшы Элиелди ҳәм оның сексен ағайинин;
10Уззиел урпағынан: басшы Амминадабты ҳәм оның бир жүз он еки ағайинин.
11Соннан кейин, Даўыт руўханийлер Садоқ пенен Абиятарды, лебийлилер Уриел, Асая, Иоел, Шемая, Элиел ҳәм Амминадабты шақырып алып, 12оларға былай деди: – Сизлер лебийлилердиң тийре басшыларысыз. Сонлықтан лебийли туўысқанларыңыз бенен бирге тазаланыў рәсиминен өтиңлер. Кейин Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң сандығын мен таярлаған орынға алып келиңлер. 13Өткен сапар сандықты сизлер, лебийлилер көтерип жүрмегениңиз ушын, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге ғәзебин шашқан еди. Сонда бизлер оны қағыйдаға сай, қалай алып жүриў кереклигин Қудайдан сорамаған едик. 14Солай етип, руўханийлер менен лебийлилер Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң сандығын алып келиў ушын, тазаланыў рәсиминен өтти. 15Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығы бойынша, лебийлилер Қудайдың сандығының қадаларын ийинлерине қойып, көтерип жүрди. 16Даўыт лебийлилердиң басшыларына туўысқанлары арасынан арфа, лира ҳәм кимбал саз әсбаплары ҳаўазы астында қуўанышлы қосықлар айтатуғын қосықшыларды тайынлаўды тапсырды. 17Лебийлилер Иоел улы Ҳеманды, оның туўысқанларынан Берехия улы Асафты ҳәм Мерарий урпағынан Қушая улы Этанды тайынлады. 18Олардан кейинги екинши дәрежеге туўысқанларынан мыналар тайынланды: Зехария, Бен, Язиел, Шемирамот, Ехиел, Унний, Элиаб, Беная, Маасея, Маттития, Элифелеҳу, Микнея, сондай-ақ, дәрўаза қараўыллары Обед-Эдом ҳәм Еиел. 19Сазенделер Ҳеман, Асаф ҳәм Этанға қоладан исленген кимбалды даңғырлатыў, 20Зехария, Азиел, Шемирамот, Ехиел, Унний, Элиаб, Маасея ҳәм Бенаяға арфаны жоқарғы даўыста шертиў, 21ал Маттития, Элифелеҳу, Микнея, Обед-Эдом, Еиел ҳәм Азазияға төменги даўыста лира шертип, сазда жетекшилик етиў тапсырылды. 22Лебийлилердиң басшысы Кенания қосықшыларға жуўапкер болды, себеби ол бул истиң маманы еди. 23Берехия менен Элқана Келисим сандығына қараўыл етип тайынланды. 24Шебания, Иошафат, Нетанел, Амасай, Зехария, Беная, Элиезер атлы руўханийлер Қудайдың Келисим сандығының алдында кәрнай шертип туратуғын болды. Обед-Эдом менен Ехия да Келисим сандығын қараўыллап туратуғын болды. 25Солай етип, Даўыт, Израил ақсақаллары ҳәм мыңбасылар Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Обед-Эдомның үйинен алып келиў ушын қуўанышлы түрде жолға шықты. 26Жаратқан Ийениң Келисим сандығын алып киятырған лебийлилерге Қудайдың Өзи яр болғанлықтан, жети буға менен жети қошқар қурбанлыққа шалынды. 27Даўыт ҳәм сандықты көтерип алып киятырған лебийлилер, қосықшылар ҳәм қосықшылардың басшысы Кенания ҳасыл зығырдан тигилген кийим кийген еди. Буның сыртынан Даўыт зығыр эфод ▼
▼ Эфод – әдетте руўханийлер кийген кийим.
та кийип алған еди. 28Усылайынша, пүткил Израил халқы ҳәр түрли кәрнайлар, кимбал, арфа ҳәм лира намасы астында қуўанышлы түрде бақырысып, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын алып киятырған еди. 29Жаратқан Ийениң Келисим сандығы Даўыттың қаласына кирип киятырғанда, Шаулдың қызы Михал терезеден қарап турған еди. Ол шадланып ойынға түсип киятырған Даўыт патшаны көргенде, оны өз кеўлинде пәс көрип кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C