1 Chronicles 16
1Қудайдың сандығы алып келинип, Даўыттың арнаўлы түрде қурдырған шатырының ишине қойылды. Соңынан Қудайға арнап жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. 2Жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан кейин, Даўыт Жаратқан Ийениң аты менен халыққа пәтия берди. 3Кейин ол пүткил израиллыларға – ҳәр бир еркек ҳәм ҳәр бир ҳаялға бир шөрек нан, бир уўыс хурма ҳәм бир дана кептирип нығызланған кишмиштен тарқатты. 4Даўыт лебийлилердиң айырымларын Жаратқан Ийениң сандығы алдында хызмет етип, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарыныў ҳәм Оны тәрийиплеп, алғыс-мақтаў айтыў ушын тайынлады. 5Олардың басшысы Асаф, оның жәрдемшиси Зехария, кейингилери Еиел, Шемирамот, Ехиел, Маттития, Элиаб, Беная, Обед-Эдом ҳәм Еиел еди. Олар арфа ҳәм лира шертиўи, Асаф болса бәлент даўыслы кимбал, 6ал руўханий Беная менен Яхазиел Қудайдың Келисим сандығының алдында ҳәр күни белгиленген ўақытта кәрнай шертиўи тийис болды.Даўыттың миннетдаршылық жыры
7Сол күни Даўыт биринши рет Асафқа ҳәм оның туўысқанларына Жаратқан Ийеге арнап, мына алғыслаў жырын айтыўды тапсырды: 8«Жаратқан Ийени алғыслап, атын айтып шақырың,Халықларға билдириң Оның ислерин!
9Оны жырлап, саз шертип алғыс айтың,
Баян етиң барлық әжайып ислерин!
10Оның мухаддес аты менен мақтаның,
Жаратқан Ийени излейтуғынлардың жүреклери шадлыққа толсын!
11Жаратқан Ийени ҳәм Оның қүдиретин излең,
Бәрқулла Оның дәргайында болыўға умтылың!
12Есте сақлаң Оның ислеген әжайып ислерин,
Кәраматлары менен аўзынан шыққан ҳүкимлерин!
13Ҳәй, Оның қулы болған Израил урпақлары,
Ол таңлап алған Яқыптың балалары!
14Ол – Жаратқан Ийе, бизлердиң Қудайымыз!
Ҳүкимлери пүткил жер жүзин қаплаған.
15Мәңгиге есте сақлаң Оның келисимин,
Мың-мыңлаған әўладларға берген сөзин,
16Ибрайым менен дүзген келисимин,
Ысаққа берген антын!
17Буны Яқып ушын бир қағыйда етип тастыйықлады,
Израил ушын мәңгилик келисим қылып:
18„Әўладларыңның пайына тийген мүлик етип,
Қанан жерин саған беремен“, – деди. ▼
19Сол ўақытта олар саны жағынан аз еди,
Сол жерде аз санлы ҳәм келгинди еди.
20Олар бир халықтан екиншисине,
Бир патшалықтан екиншисине гезип жүрген еди.
21Жаратқан Ийе ҳеш кимниң оларды езиўине жол қоймады,
Олар ушын патшаларға ескертиў берип:
22„Мениң майлағанларыма тиймең,
Пайғамбарларыма жаманлық қылмаң!“– деди.
23Ҳәй, пүткил дүнья, Жаратқан Ийеге арнап қосық айтың!
Ҳәр күни жәриялаң Оның қутқарыўын!
24Баян етиң даңқын миллетлерге,
Әжайып ислерин барлық халықларға!
25Аўа, Жаратқан Ийе уллы, мақтаўға жүдә ылайықлы,
Барлық қудайлардан айбатлы.
26Халықлардың барлық қудайлары жалған,
Ал Жаратқан Ийе көклерди жаратқан.
27Салтанат ҳәм уллылық Оның дәргайында,
Қүдирет ҳәм қуўаныш Оның мәканында.
28Ҳәй, пүткил халықлар, Жаратқан Ийени мақтаң,
Жаратқан Ийениң салтанатын ҳәм қүдиретин мақтаң!
29Жаратқан Ийениң салтанатын атына ылайықлы түрде мақтаң,
Сыйлар алып, Оның алдына кириң!
Мухаддес сән-саўлатқа бөленген Жаратқан Ийеге сыйының!
30Титирең пүткил жер жүзи Оның алдында!
Дүнья беккем орнатылған, ол тербелмейди.
31Қуўансын көклер, йошлансын жер жүзи,
Миллетлер арасында: „Жаратқан Ийе патшалық қылмақта!“– деп айтылсын.
32Йошлансын теңиз ҳәм оны толтырып турғанлар!
Қуўансын дала ҳәм оның үстиндегилер!
33Сонда тоғайдағы ағашлар шадланып бақырысар,
Жаратқан Ийениң алдында.
Өйткени Ол жер жүзин ҳүким етиў ушын киятыр.
34Жаратқан Ийени тәрийиплең, Ол ийгиликли,
Садықлығы мәңги даўам етеди.
35Оған былай деңлер:
„Қутқарыўшымыз Қудай, бизлерди қутқар,
Бизлерди жыйнап, басқа халықлардан азат ет.
Мухаддес атыңды тәрийиплейик,
Саған алғыс айта алғанымыз ушын мақтанайық“.
36Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге,
Әўел бастан, мәңгиге дейин алғыслар болсын!»
Пүткил халық: «Аўмийин!» – деп, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты.
Лебийлилердиң хызметке тайынланыўы
37Даўыт Асафты ҳәм оның ағайинлерин Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында болып, сол жерде ҳәр күнги мүтәжликлерге қарай бәрқулла хызмет етиў ушын бекитти. 38Олар менен бирге хызмет етиўи ушын Обед-Эдомды ҳәм оның алпыс сегиз лебийли ағайинин де тайынлады. Едутунның улы Обед-Эдом менен Хоса дәрўаза қараўыллары болды. 39Даўыт руўханий Садоқ пенен оның руўханий туўысқанларын Гибондағы сыйыныў орнына қурылған Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырына хызметке қойды. 40Олар Жаратқан Ийениң Израилға берген Нызамында жазылған барлық қағыйдаларға сай, ҳәр күни таңда ҳәм кеште жандырылатуғын қурбанлықлар берилетуғын қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлықлар беретуғын болды. 41Олар менен бирге Ҳеманды, Едутунды ҳәм атлары аталып таңлап алынған басқа адамларды Жаратқан Ийениң садықлығының мәңги даўам ететуғынын тәрийиплеў ушын тайынлады. 42Ҳеман менен Едутун Қудайға алғыс-мақтаў айтылғанда, кәрнай, кимбал, және де, басқа саз әсбапларының шертилиўине жуўапкер еди. Едутунның уллары дәрўаза қараўыллары етип тайынланды. 43Соннан кейин, пүткил халық өз үйлерине тарқасты. Даўыт та өз шаңарағындағыларға пәтия бериў ушын, үйине қайтты.
Copyright information for
KaaIBT22C