‏ 1 Chronicles 17

Қудайдың Даўытқа берген ўәдеси

1Даўыт сарайына жайғасып алғаннан кейин, Натан пайғамбарға:

– Қара, мен кедр ағашынан қурылған сарайда жасап атырман. Ал Жаратқан Ийениң Келисим сандығы болса, шатырда тур! – деди.

2Натан Даўытқа:

– Жүрегиңиз нени қәлесе, соны ислең. Себеби Қудай сиз бенен бирге, – деп жуўап берди.

3Бирақ сол күни түнде Натанға Қудайдан мынадай сөз түсти:

4– Барып, қулым Даўытқа былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мәкан басыўым ушын, Маған арнап үйди сен қурмайсаң. 5Израил халқын Мысырдан алып шыққан күнимнен баслап бүгинге дейин, Мен үйде жасамадым. Ал шатырдан-шатырға, ана жерден мына жерге көшип жүрдим. 6Пүткил израиллылар менен бирге көшип жүрген жерлерде халқымды басқарыўды буйырған Израил бийлериниң қайсы бирине: Неге Маған кедр ағашынан үй қурып бермедиңиз? – деген едим?»

7Енди қулым Даўытқа былай деп айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен сени жайлаўда қой бағып жүрген жериңнен алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым. 8Қай жерге барсаң да, сениң менен бирге болып, алдыңдағы ҳәмме душпанларыңды жоқ қылдым. Атыңды дүньядағы уллы адамлардың атлары сыяқлы уллы қыламан. 9Халқым Израил ушын орын таярлап, оларды сол жерге орналастыраман. Олардың өз журты болады ҳәм ҳеш ким тынышын бузбайды. Залымлар оларға бурынғыдай зорлық қылмайды. 10Халқым Израилға бийлер қойған ўақыттан бери, залымлар оларды езип келмекте. Мен барлық душпанларыңызды бойсындыраман.

Жаратқан Ийең болған Мен саған өзиң ушын бир шаңарақ – патшалар әўладын жарататуғынымды билдиремен.

11Сен өлип, ата-бабаларыңның жанына атланғаныңда, зүрядыңнан бирин тахтқа отырғызып, оның патшалығын беккемлеймен. 12Мен ушын үйди ол қурады. Ал Мен болсам, оның тахтын мәңгилик қылып орнатаман. 13Мен оған Әке боламан, ол Маған ул болады. Сеннен алдын болған патшадан мийримимди тартып алғаным сыяқлы, оннан Өз мийримимди ҳеш қашан тартып алмайман. 14Мен оны Өз үйимниң ҳәм патшалығымның үстинен мәңгиге қояман. Оның тахты мәңгиге беккем болады».

15Солай етип, Натан аян арқалы берилген бул сөзлердиң ҳәммесин Даўытқа айтып берди.

Даўыттың миннетдаршылық дуўасы

16Соңынан Даўыт патша келип, Жаратқан Ийениң алдында отырды да, былай деди:

– Қудай, Жаратқан Ийе! Сен мени буншелли мәртебели қылғандай, мен ким болыппан, мениң шаңарағым да не болыпты?
17Қудай, Сениң нәзериңде бул да аз болғандай, қулыңның урпағының келешеги туўралы да айтып бердиң. Қудай, Жаратқан Ийе, Сен маған уллы бир адам сыяқлы қарадың! 18Қулыңа иззет-ҳүрмет көрсеткениң ушын, мен Саған басқа не айта аламан! Өйткени Сен Өз қулыңды билесең. 19Жаратқан Ийе! Қулыңның ийгилиги ушын, жүрегиңе муўапық болған бул уллы исти ислеп, уллы ўәделерди ашық билдирдиң.

20Жаратқан Ийе, өз қулақларымыз бенен еситкен барлық хабарымыз бойынша, Саған тең келетуғыны жоқ, Сеннен басқа Қудай да жоқ! 21Дүньяда халқың Израилға уқсаған бирде бир халық жоқ. Оларды Өз халқың қылыў ушын, азат қылыўға бардың. Сен Мысырдан Өзиң ушын азат қылған халқыңның алдынан басқа халықларды қуўып жиберип, уллы ҳәм таң қаларлық ислериң арқалы Өз атыңды уллылыққа еристирдиң. 22Сен халқың Израилды мәңгиге Өз халқың қылдың ҳәм Өзиң, Жаратқан Ийе олардың Қудайы болдың.

23Енди, Жаратқан Ийе! Қулыңа ҳәм оның урпағына берген ўәдеңди мәңгиге тастыйықлап, сөзиңди орынлай гөр. 24Солай етип, адамлар: «Израилдың Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийеси – Израилдың Қудайы!» – десин ҳәм атың мәңги турып, уллылансын. Қулың Даўыттың урпағы да Сениң алдыңда беккем турсын.

25Қудайым! Сен маған мен ушын бир шаңарақ – патшалық жарататуғыныңды аян қылдың. Сонлықтан қулың Сениң алдыңда дуўа етиўге жүрек етти. 26Жаратқан Ийе, Сен Қудайсаң! Қулыңа усы ийгиликли нәрселерди ўәде еттиң. 27Өзиңниң алдыңда мәңгиге болыўы ушын, қулыңның патшалығын жарылқаўды мақул таптың. Жаратқан Ийе, оны Сен жарылқағаның ушын, ол мәңгиге жарылқанатуғын болады.
Copyright information for KaaIBT22C