‏ 1 Chronicles 18

Даўыттың жеңислери

1Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Даўыт филистлерди жеңип, оларды бойсындырды. Гат қаласын ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды филистлердиң қолынан тартып алды.

2Соңынан моаб халқын да жеңилиске ушыратты. Олар Даўытқа бағынышлы болып, салық төлейтуғын болды.

3Және де, Соба патшасы Ҳададезер Евфрат дәрьясы бойлап өз патшалығын бекитиўге барғанда, Даўыт оған Хаматқа дейин шабыўыл жасап, жеңип шықты. 4Даўыт оның мың саўаш арбасын, жети мың арбалы ҳәм жигирма мың пияда әскерин қолға түсирди. Ол саўаш арбасына жегилетуғын барлық атлардың тирсеклерин кесип майырып, оннан тек жүз атты ғана алып қалды.

5Даўыт Соба патшасы Ҳададезерге жәрдемге келген Дамаскте жасайтуғын арамлардан жигирма еки мың адамды өлтирди. 6Соңынан ол Дамасктеги арамлардың жерине өзиниң сақшылар топарын орналастырды. Арамлар да Даўытқа бағынышлы болып, салық төлейтуғын болды. Даўыт қай жерге барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.

7Даўыт Ҳададезердиң сәркәрдалары алып жүрген алтын қалқанларды алып, Ерусалимге әкелди. 8Және де, ол Ҳададезердиң қол астындағы Тибхат ҳәм Кун қалаларынан көп муғдарда қола алды. Кейин ала, Сулайман буны Үй ушын ҳәўиз, сүтинлер ҳәм ҳәр қыйлы буйымлар ислетиў ушын қолланды.

9Хамат патшасы Тоў Даўыттың Соба патшасы Ҳададезердиң пүткил әскерлерин жеңип шыққанынан хабар тапты. 10Сонда Тоў өз улы Ҳадорамды
Ҳадорам – Иорамның басқа аты. 2Пат 8:10 қараң.
сәлем бериў ҳәм Ҳададезер үстинен ерискен жеңиси менен қутлықлаў ушын Даўыт патшаға жиберди. Себеби Тоў Ҳададезер менен узақ ўақыттан бери урысып киятырған еди. Ҳадорам Даўытқа алтын, гүмис ҳәм қоладан исленген ҳәр түрли саўғалар алып келди.
11Патша Даўыт бул саўғаларды барлық миллетлерден – эдом, моаб, аммон, филист ҳәм амалек халықларынан алып келген гүмис ҳәм алтын менен бирге Жаратқан Ийеге бағышлады.

12Серуя улы Абишай Дуз ойпатлығында эдом халқынан он сегиз мың адамды қырғынға ушыратты.

13Даўыт Эдомға сақшылар топарын орналастырды. Пүткил эдом халқы Даўытқа бағынышлы болды. Даўыт қайда барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.

Даўыттың хызметкерлери

14Даўыт пүткил Израилда патшалық етип, халқына туўры ҳәм әдиллик пенен ҳүкимдарлық етти. 15Серуя улы Иоаб сәркәрда, Ахилуд улы Еҳошафат дийўанбеги болды. 16Ахитуб улы Садоқ пенен Абиятар улы Абимелех руўханий, ал Шаўша
Шаўша2Пат 8:17 де Серая делинген.
хаткер еди.
17Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың
Керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар – шет елден жаллап алынған тән сақшылар болыўы мүмкин.
сәркәрдасы еди. Даўыттың уллары да патшаның бас хызметкерлери болды.
Copyright information for KaaIBT22C