1 Chronicles 19
Даўыттың аммонлар менен арамларды жеңиўи
1Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, аммонлардың патшасы Нахаш өлип, оның орнына улы патша болды. 2Сонда Даўыт: «Әкеси маған жақсылық еткени ушын, мен де Нахаш улы Ханунға жақсылық етейин», – деп ойлап, әкесиниң өлимине кеўил айтыў ушын Ханунға елшилерин жиберди. Даўыттың хызметшилери Ханунға кеўил билдириў ушын аммонлардың жерине барғанда, 3аммон басшылары Ханунға: – Даўыт бул адамларды әкеңиздиң ҳүрмети ушын, сизге кеўил айтыўға жиберген деп ойлайсыз ба? Яқ, олар елди көзден өткерип, билип алыў ҳәм қыйратыў ушын келген, – деди. 4Солай етип, Ханун Даўыттың хызметшилерин тутқынға алып, сақалларын қырқтырды, шапанларын жамбасына келетуғын етип кестирип, оларды изине қайтарып жиберди. 5Солай етип, олар қайтып кетти. Даўыт елшилери туўралы еситкенде, оларды күтип алыў ушын адам жиберди. Өйткени елшилер қатты хорланған еди. Патша оларға: «Сақалыңыз өскенше, Ерихода қалыңлар, соңынан қайтып келесизлер», – деди. 6Аммонлар Даўытты өзлерине қарсы өшегистирип алғанын түсинди. Сонлықтан Ханун менен аммонлар Арам-Наҳарайым, Арам-Мааха ҳәм Собадан саўаш арбалары менен арбалы әскерлерди жаллап алыў ушын мың талант ▼▼ Мың талант – бир талант шама менен 34 кг.
гүмис жиберди. 7Ханун отыз еки мың саўаш арбасын ҳәм Мааха патшасы менен оның әскерлерин жаллады. Мааха патшасы әскерлери менен келип, Медеба қаласының алдына орда қурды. Аммонлар да қалаларынан шығып, урысқа атланды. 8Даўыт буны еситкенде, Иоабты ҳәм мәрт жаўынгерлерден ибарат болған пүткил әскерлер топарын оларға қарсы атландырды. 9Аммонлар шығып, өз қаласының дәрўазасы алдында сап тартып турды. Жәрдемге келген патшалар далада бөлек сап тартып турды. 10Иоаб алдыдан да, арттан да урысыўға туўры келип турғанын көргенде, Израилдың ағла әскерлеринен базыларын таңлап, арамларға қарсы сапқа турғызды. 11Қалған топарларды иниси Абишайдың қолына тапсырды. Олар аммонларға қарсы сап тартып турды. 12Иоаб инисине былай деди: – Егер арамлар меннен басым келсе, сен маған жәрдемге келесең. Ал аммонлар сеннен басым келсе, мен саған жәрдемге бараман. 13Мәрт бол! Халқымыз ушын ҳәм Қудайымыздың қалалары ушын мәртлерше гүресейик! Жаратқан Ийе нени мақул тапса, соны ислесин. 14Иоаб әскерлери менен бирге арамларға тәп бергенде, арамлар олардың алдына түсип қашты. 15Арамлардың қашқанын көрген аммонлар да Иоабтың иниси Абишайдан қашып, қалаға кирип кетти. Буннан кейин, Иоаб Ерусалимге қайтып келди. 16Арамлар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, Евфрат дәрьясының арғы жағасындағы арамларға елшилер жиберип, Ҳададезердиң сәркәрдасы Шофахтың қол астындағы арамларды шақырды. 17Бул Даўытқа мәлим болғанда, ол пүткил Израил ордасын топлады да, Иордан дәрьясын кесип өтип, оларға қарсы әскерлерин сапқа турғызды. Даўыт арамларға ҳүжимге өтип, олар менен урысты. 18Арамлар израиллылардың алдына түсип қашты. Даўыт олардың жети мың саўаш арбасының арбакешлерин, қырық мың пияда әскерин ҳәм олардың сәркәрдасы Шофахты да өлтирди. 19Ҳададезердиң қол астындағы патшалар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, Даўыт пенен тынышлық келисимин дүзди ҳәм оған бағынышлы болды. Буннан кейин, арам халқы аммон халқына жәрдем бериўден бас тартатуғын болды.
Copyright information for
KaaIBT22C