1 Chronicles 2
Израилдың уллары
1Израилдың уллары мыналар: Рубен, Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар, Зебулон, 2Дан, Юсуп, Бенямин, Нафталий, Гад ҳәм Ашер.Яҳуданың урпақлары
3Яҳуданың уллары: Эр, Онан ҳәм Шела. Яҳудаға бул үш улды қананлы Шуаның қызы туўып берди. Яҳуданың туңғыш улы Эр Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз ис ислегени ушын, Жаратқан Ийе оны өлтирди. 4Яҳуданың келини Тамара да оған Перес пенен Зерахты туўып берди. Яҳуданың барлығы болып бес улы болды. 5Перестиң уллары: Хесрон ҳәм Хамул.6Зерахтың уллары: Зимрий, Этан, Ҳеман, Калкол ҳәм Дара. Олар барлығы болып бесеў еди.
7Кармийдиң улы: бағышланған нәрселерге қыянет ислеп, Израилға апат әкелген Ахар.
8Этанның улы: Азария.
9Хесронның уллары: Ерахмеел, Рам ҳәм Келубай.
10Рамнан Амминадаб, Амминадабтан Яҳуда урыўының көсеми Нахшон туўылды. 11Нахшоннан Салма, Салмадан Боаз, 12Боаздан Обид, Обидтен Ишай туўылды.
13Ишайдың жети улы болды: туңғышы Элиаб, екиншиси Абинадаб, үшиншиси Шимеа, 14төртиншиси Нетанел, бесиншиси Раддай, 15алтыншысы Осем, жетиншиси Даўыт. 16Олардың Серуя ҳәм Абигайыл деген қарындасы болды. Серуяның үш улы бар еди: Абишай, Иоаб ҳәм Асаҳел. 17Исмайыл урпағынан болған Етерге турмысқа шыққан Абигайыл Амасаны туўды.
18Хесронның улы Калебтиң Азуба ҳәм Ериот деген ҳаяллары болды. Оның Азубадан туўылған уллары: Ешер, Шобаб ҳәм Ардон. 19Азуба өлгеннен кейин, Калеб Эфратаға үйленди. Эфрата оған Хурды туўып берди. 20Хурдан Урий туўылды. Урийден Бесалел туўылды.
21Буннан соң, Хесрон Гиладтың әкеси Махир деген адамның қызы менен жатты ҳәм алпыс жасында үйленген бул ҳаялы оған Сегубты туўып берди. 22Яир Сегубтың улы еди. Яирдиң Гилад жеринде жигирма үш қаласы бар еди. 23Бирақ Гешур менен Арам Яирге тийисли қалаларды, сондай-ақ, Кенатты ҳәм оның айланасындағы алпыс қаланы басып алды. Бул жерлерде жасап атырған барлық халық Гиладтың әкеси Махирдиң урпағынан еди. 24Хесрон Калеб-Эфратада қайтыс болғаннан соң, ҳаялы Абия Ашхурды туўды. Ашхур Теқоа қаласының тийкарын салған еди.
Хесронның улы Ерахмеелдиң урпақлары
25Хесронның туңғыш улы Ерахмеелдиң уллары: туңғыш улы Рам, кейин Буна, Орен, Осем ҳәм Ахия. 26Ерахмеелдиң Атара деген басқа бир ҳаялы болып, ол Онамның анасы еди. 27Ерахмеелдиң туңғыш улы Рамның уллары: Маас, Ямин ҳәм Экер.28Онамның уллары: Шаммай, Яда.
Шаммайдың уллары: Надаб, Абишур. 29Абишурдың Абиҳайыл деген ҳаялы болып, усы ҳаялы оған Ахбан менен Молидти туўып берди.
30Надабтың уллары: Селед ҳәм Аппайым. Селед бийперзент дүньядан өтти.
31Аппайымның улы: Иший.
Ишийдиң улы: Шешан.
Шешанның улы: Ахлай.
32Шаммайдың туўысқаны Яданың уллары: Етер ҳәм Ионатан. Етер бийперзент дүньядан өтти.
33Ионатанның уллары: Пелет ҳәм Заза. Булар Ерахмеелдиң урпақлары еди.
34Шешанның улы болмай, тек қызлары бар еди. Шешанның Ярха деген мысырлы бир қулы бар еди. 35Шешан қызын қулы Ярхаға ҳаяллыққа берди. Ҳаялы оған Аттайды туўып берди. 36Аттайдан Натан туўылды. Натаннан Забад, 37Забадтан Эфлал, Эфлалдан Обид, 38Обидтен Еҳу, Еҳудан Азария, 39Азариядан Хелес, Хелестен Эласа, 40Эласадан Сисмай, Сисмайдан Шаллум, 41Шаллумнан Еқамия, Еқамиядан Элишама туўылды.
Хесрон улы Калебтиң урпақлары
42Ерахмеелдиң иниси Калебтиң уллары: туңғыш улы Зифтиң әкеси Меша ҳәм екиншиси Хебронның әкеси Мареша болды. 43Хебронның уллары: Қорах, Таппуах, Рекем ҳәм Шема. 44Шемадан Рахам, Рахамнан Иорқоам туўылды. Шеманың әжағасы Рекемнен Шаммай туўылды. 45Шаммайдан Маон, Маоннан Бейт-Сур туўылды.46Калебтиң тоқалы Эфа оған Харан, Моса ҳәм Газезди туўып берди. Харанның улының аты да Газез еди. 47Яҳадайдың уллары: Регем, Иотам, Гешан, Пелет, Эфа ҳәм Шааф.
48Калебтиң Мааха атлы басқа тоқалы оған Шебер менен Тирхананы туўып берди. 49Мааха Мадманнаның әкеси Шаафты ҳәм Махбена менен Гибаның әкеси Шеўаны да туўды. Калебтиң Ахса деген бир қызы болды. 50Булардың ҳәммеси Калебтиң урпақлары еди.
Калебтиң ҳаялы Эфратадан туўылған туңғыш улы Хурдың уллары: Кирят-Яримниң тийкарын салған Шобал, 51Бейтлеҳемниң тийкарын салған Салма, Бейт-Гадердиң тийкарын салған Хареф. 52Кирят-Яримниң тийкарын салған Шобалдан Ҳарое тийреси, Менухотта жасайтуғын халықтың ярымы ҳәм 53Кирят-Яримде мәкан басқан итер, пут, шумат, мишра тийрелери пайда болды. Бул тийрелерден Сора менен Эштаол турғынлары келип шықты. 54Салмадан тараған урпақлар: Бейтлеҳем, Нетофа, Атрот-Бейт-Йоаб, Манахаттың ярымы ҳәм Сора турғынлары, 55Ябесте жасайтуғын хаткерлердиң тират, шимеат ҳәм сухат тийрелери. Булар Рехаб урпақларының бабасы Хамматтың нәсилинен келип шыққан кен халқы болады.
Copyright information for
KaaIBT22C