1 Chronicles 20
Рабба қаласының ийелеп алыныўы
1Келеси жылы бәҳәрде, патшалар урысқа шығатуғын ўақытта, Иоаб әскерлерин баслап жолға шықты. Олар аммонлардың елин ўайран етип, Рабба қаласын қамал қылды. Бирақ Даўыт Ерусалимде қалған еди. Иоаб Рабба қаласына ҳүжим жасап, оны жер менен жексен етти. 2Даўыт олардың патшасының басындағы тажды алды. Ҳасыл таслар менен безелген, аўырлығы бир талант келетуғын алтын таж Даўыттың басына кийгизилди. Даўыт қаладан көп муғдарда олжа да алып қайтты. 3Ол қала халқын сыртқа шығарып, оларды жарғы, шөккиш ҳәм балта менен исленетуғын жумысларды ислеўге мәжбүр етти. Даўыт аммонлардың қалаларының ҳәммесинде усылай иследи. Соңынан Даўыт пүткил әскерлерин ертип, Ерусалимге қайтты.Филистлерге қарсы саўаш
4Бир қанша ўақыт өткеннен соң, Гезерде филистлер менен урыс басланды. Бул урыста хушалы Сиббехай дәў әўладларынан ▼▼ Дәў әўладларынан – ямаса «Рефа әўладларынан».
болған Сиппайды өлтирди. Сонда филистлер бас ийди. 5Филистлер менен болған басқа саўашта, Яир улы Элханан гатлы Голияттың туўысқаны Лахмийди өлтирди. Лахмийдиң найзасының сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай еди. 6Кейинирек Гат қаласында және саўаш болды. Ол жерде дәўдей бир адам бар еди. Оның қоллары ҳәм аяқлары алты бармақлы болып, ҳәммеси болып жигирма төрт бармағы бар еди. Ол да дәў әўладларынан еди. 7Усы адам израиллыларды масқаралағанда, Даўыттың әжағасы Шимеаның улы Ионатан оны өлтирди. 8Даўыт ҳәм оның адамлары тәрепинен өлтирилген усы адамлар да Гаттағы дәў әўладларынан еди.
Copyright information for
KaaIBT22C