1 Chronicles 21
Даўыттың халықты санақтан өткериўи
1Шайтан Израилға қарсы шығып, Даўытты Израил халқын санақтан өткериўге ийтермеледи. 2Сонда Даўыт Иоабқа ҳәм ләшкербасыларға: – Барып, Беер-Шебадан Данға дейинги израиллыларды санақтан өткизип, олардың қанша екенин билиўим ушын нәтийжесин маған алып келиң, – деди. 3Бирақ Иоаб: – Жаратқан Ийе Израил халқын ҳәзиргисинен жүз есе қылып көбейтсин. Тақсыр, олардың ҳәммеси сизиң қулларыңыз емес пе? Неге усылай ислеўди қәлеп қалдыңыз? Не ушын Израилды гүнаға батырмақшысыз? – деди. 4Деген менен, патшаның сөзи Иоабтың сөзинен үстин келди. Солай етип, Иоаб кетти ҳәм пүткил Израилды аралап шығып, Ерусалимге қайтып келди. 5Иоаб санақ нәтийжесин Даўытқа баян қылды. Пүткил Израилда урысқа жарамлы бир миллион бир жүз мың, ал Яҳудада төрт жүз жетпис мың адам бар екен. 6Иоаб патшаның буйрығына наразы болғанлығы себепли, лебийлилер менен беняминлилерди есапқа киргизбеди. 7Бул буйрық Қудайға да унамады ҳәм Ол Израил халқын жазалады. 8Сонда Даўыт Қудайға: «Бул исти ислеп, үлкен гүнаға баттым. Жалбарынаман, қулыңның айыбын кешире гөр. Мен қатты ақмақлық қылдым», – деди. 9Жаратқан Ийе Даўыттың ўәлийи Гадқа былай деди: 10– Барып, Даўытқа былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен саған үш жазаны усынаман. Өзиңе солардың биреўин таңла, кейин саған сол жазаны беремен». 11Гад Даўытқа барып былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Мыналардан бирин таңла: 12үш жыл ашлық болсын ба? Үш ай душпанларың қуўдалап, сени қырсын ба? Ямаса Жаратқан Ийениң қылышы болған иллет Оның периштеси арқалы пүткил Израил елин қырғынға ушыратсын ба?» Енди жақсылап ойлап көрип, мени Жибергенге не деп жуўап беретуғынымды шешиң. 13Даўыт Гадқа: – Маған жүдә қыйын. Адамның қолына түскенше, Жаратқан Ийениң қолына түсейин. Себеби Оның реҳими жүдә күшли, – деп жуўап берди. 14Солай етип, Жаратқан Ийе Израил халқына иллет жиберди ҳәм халықтан жетпис мың адам өлди. 15Қудай Ерусалимди жоқ етиў ушын бир периштесин жиберди. Бирақ Қудайдың периштеси Ерусалимди қыра баслағанда, Жаратқан Ийе болып атырған апатты көрип, ашынып кетти ҳәм халықты қырған периштеге: «Жетер енди, қолыңды тарт», – деди. Сол ўақытта Жаратқан Ийениң периштеси ебус халқынан болған Орнанның қырман жеринде турған еди. 16Даўыт басын көтергенде, қолындағы жалаңашланған қылышын Ерусалим тәрепке созып, жер менен аспан арасында турған Жаратқан Ийениң периштесин көрди. Сонда аза кийимин кийген Даўыт пенен халық ақсақаллары ет бетинен жерге жығылды. 17Даўыт Қудайға жалбарынып: «Халқыңды санақтан өткериўди буйырған мен емеспен бе? Гүна ислеп, жаўызлық қылған мен-ғо. Ал мына қойлардың не жазығы бар? Қудайым, Жаратқан Ийе! Өтинемен, жақсысы, мени ҳәм әкемниң хожалығын жазала. Бирақ халқыңның иллеттен қырылып кетиўине жол қойма», – деди. 18Сонда Жаратқан Ийениң периштеси пайғамбар Гадқа: «Ебус халқынан болған Орнанның қырман жерине барып, сол жерде Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлық орын қурсын», – деген хабарды Даўытқа жеткериўди буйырды. 19Даўыт Жаратқан Ийениң Гад арқалы берген буйрығы бойынша жолға шықты. 20Қырманда бийдайын айдатып атырған Орнан артына қарағанда, периштени көрди. Сонда оның қасындағы төрт улы жасырынып алды. 21Сол ўақытта Даўыт Орнанға жақынлап киятырған еди. Орнан Даўытты көргенде, қырманнан шықты да, ет бетинен жерге жығылып, Даўытқа тәжим етти. 22Даўыт Орнанға: – Мына қырман турған жерди маған бер. Халыққа келген иллет тоқтаў ушын, мен бул жерге Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қураман. Қырман турған жерди маған толық қунына сат, – деди. 23Орнан Даўытқа: – Ала бериң! Тақсыр, нени мақул көрсеңиз, соны ислең. Мине, өгизлерди жандырылатуғын қурбанлық ушын, түйек айдайтуғын тахтаны отын ушын ҳәм бийдайды ғәлле садақасы ушын беремен. Булардың ҳәммесин беремен, – деп жуўап берди. 24Бирақ патша Даўыт Орнанға: – Яқ, болмайды! Буларды толық қунын төлеп, сатып аламан. Саған тийисли нәрселерди Жаратқан Ийеге усынбайман. Тегин нәрсени жандырылатуғын қурбанлық етип усынбайман, – деди. 25Солай етип, Даўыт бул жер ушын Орнанға алты жүз шекел ▼▼ Алты жүз шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
алтын төледи. 26Даўыт сол жерге Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. Ол Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе қурбанлық орындағы жандырылатуғын қурбанлыққа аспаннан от жиберип, оған жуўап берди. 27Буннан кейин, Жаратқан Ийе периштеге қылышын қынабына салып қойыўды буйырды. Периште буйрықты орынлады. 28Даўыт ебус халқынан болған Орнанның қырманында Жаратқан Ийениң өзине жуўап бергенин көргенде, ол жерде қурбанлықлар шалды. 29Шөлде Жаратқан Ийеге арнап Муўса қурдырған шатыр ҳәм жандырылатуғын қурбанлық берилетуғын қурбанлық орын сол ўақытта Гибондағы сыйыныў орнында еди. 30Бирақ Даўыт Жаратқан Ийениң периштесиниң қылышынан қорққанлықтан, Қудайдың еркин билиў ушын ол жерге бара алмады.
Copyright information for
KaaIBT22C