1 Chronicles 22
1Сонда Даўыт: «Қудай Ийениң Үйи де, Израил ушын жандырылатуғын қурбанлық орын да усы жерде болады», – деди.Қудайдың Үйин қурыў ушын таярлықлар
2Даўыт Израилда жасайтуғын келгиндилердиң ҳәммесин жыйнаўды буйырды. Қудайдың Үйин қурыў ушын, олардың арасынан тасларды кесетуғын ҳәм жонатуғын адамларды тайынлады. 3Даўыт дәрўаза есиклериниң шегелери ҳәм қазық шегелер ушын көп муғдарда темир таярлап қойды. Таярланған қоланың да көплиги соншелли, оның салмағын анықлаў мүмкин емес еди. 4Және де, ол сансыз кедр ағашын да жыйнап қойды. Өйткени сидонлылар менен тирлилер Даўытқа көп муғдарда кедр ағашын әкелген еди. 5Даўыт: «Улым Сулайман жас ҳәм тәжирийбесиз. Ал Жаратқан Ийеге арнап қурылатуғын Үй жүдә саўлатлы болып, даңқы барлық халықларға жайылыўы керек. Сонлықтан оның қурылысы ушын таярлық көрип қоя берейин», – деди. Солай етип, Даўыт өлмесинен алдын Қудайдың Үйин қурыў ушын үлкен таярлықлар көрди. 6Даўыт улы Сулайманды қасына шақырып алды ҳәм оған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Үй қурыўды тапсырып, 7былай деди: – Улым, мен Қудайым Жаратқан Ийеге арнап Үй қурыўды қәлеген едим. 8Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: «Сен үлкен саўашларда қатнасып, көп қан төктиң. Мениң алдымда жерге көп қан төккениң ушын, Мениң атыма арнап Үйди сен қурмайсаң. 9Бирақ сеннен тынышлықты сүйетуғын бир ул туўылады. Мен оны дөгерегиндеги барлық душпанларынан қутқарып, рәҳәтке еристиремен. Оның аты Сулайман ▼▼ Сулайман – еврей тилиндеги «тынышлық» сөзи менен байланыслы.
болады. Оның дәўиринде Израилға тынышлық ҳәм аман-есенлик инам етемен. 10Мениң атыма арнап Үйди ол қурады. Ол Маған ул болады, Мен де оған Әке боламан. Оның Израил үстинен қуратуғын патшалық тахтын мәңгиге беккемлеймен». 11Енди, улым, Жаратқан Ийе саған яр болсын! Өзи ўәде еткениндей, Қудайың Жаратқан Ийеге арнап Үй қурғаныңда, сени табысқа еристирсин. 12Жаратқан Ийе сени Израилға ҳүкимдар етип қойғанда, Қудайың Жаратқан Ийениң Нызамына әмел қылыўың ушын, Ол саған ақыл-парасат берсин. 13Жаратқан Ийениң Муўса арқалы Израилға берген қағыйда ҳәм нызамларын муқыятлы түрде орынлаўға тырыссаң, табысқа ерисесең. Күшли ҳәм мәрт бол! Қорқпа, руўхың түспесин! 14Мен көп машақатлар менен Жаратқан Ийениң Үйи ушын жүз мың талант алтын, бир миллион талант гүмис, өлшеп болмас дәрежеде көп қола менен темир, және де, ағаш пенен тас та жыйнап, таярлап қойдым. Буларға сен де қосарсаң. 15Сенде көп жумысшылар: тас кесиўшилер, тас қалаўшылар, ағаш усталары, ҳәр түрли өнерге ийе адамлар, 16алтын, гүмис, қола ҳәм темирди ислете алатуғын сансыз өнерментлер бар. Енди иске кирис. Жаратқан Ийе саған яр болсын! 17Даўыт Израилдың барлық басшыларына улы Сулайманға жәрдем бериўди буйырып, 18былай деди: – Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер менен бирге емес пе? Сизлерди ҳәр тәреплеме тынышлыққа бөлемеди ме? Ол усы жердиң турғынларын маған тәслим қылды. Сол себепли бул жер Жаратқан Ийеге ҳәм Оның халқына бағынышлы болды. 19Енди жүрегиңизди ҳәм жаныңызды Қудайыңыз Жаратқан Ийени излеўге бағышлаңлар. Қудай Ийениң Мухаддес мәканын қурыўды баслаңлар. Кейин Жаратқан Ийениң Келисим сандығын ҳәм Қудайға бағышланған басқа мухаддес буйымларды Жаратқан Ийениң атына арнап қурылған Үйге апарып қойыңлар, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C