‏ 1 Chronicles 23

1Даўыт мазмунлы өмир сүрди ҳәм қартайғанда, улы Сулайманды Израилға патша етип қойды.

Лебийлилердиң атқаратуғын хызметлери

2Даўыт Израилдың барлық басшыларын, руўханийлерди ҳәм лебийлилерди бир жерге топлады. 3Отыз ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер санап шығылды. Олар барлығы болып отыз сегиз мың ер адам екен. 4Даўыт былай деди: «Олардың жигирма төрт мыңы Жаратқан Ийениң Үйиндеги ислерди атқарыўға, алты мыңы жоқары лаўазымларға ҳәм қазылық исине, 5төрт мыңы дәрўаза қараўыллығына, төрт мыңы өзи таярлап берген саз әсбапларын шертип, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў хызметине қойылсын».

6Даўыт лебийлилерди Лебийдиң уллары Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарийдиң урпақлары бойынша үш топарға бөлди.

7Гершонның уллары: Лаадан ҳәм Шимей.

8Лааданның үш улы болып, туңғышы Ехиел, кейин Зетам ҳәм Иоел.

9Шимейдиң Шеломит, Хазиел ҳәм Ҳаран деген үш улы бар еди. Олар Лаадан урыўының әўлад басшылары еди. 10Шимейдиң басқа уллары: Яхат, Зиза, Еуш ҳәм Бериа. Бул төртеўи де Шимейдиң уллары еди. 11Яхат туңғышы, Зиза екинши улы еди. Бирақ Еуш пенен Берианың уллары көп болмағанлықтан, екеўи бир тийре болып есапланды.

12Қоҳаттың Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел деген төрт улы болды.

13Амрамның уллары Харон ҳәм Муўса еди.

Харон ең мухаддес затларды бағышлаў исине тайынланды. Сонлықтан Харон ҳәм оның уллары мәңгиге Жаратқан Ийениң алдында қурбанлықлар бериўи, Оған хызмет етиўи ҳәм мәңгиге Оның аты менен халықты жарылқаўы тийис болды.
14Қудайдың адамы Муўсаның уллары да Лебий урыўына киргизилди.

15Муўсаның уллары: Гершом ҳәм Элиезер.

16Гершомның туңғыш улы Шебуел еди.

17Элиезердиң туңғыш улы Рехабия еди. Элиезердиң басқа улы болмады. Ал Рехабияның уллары көп болды.

18Исҳардың туңғыш улы Шеломит еди.

19Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам.

20Уззиелдиң уллары: туңғышы Миха, екиншиси Ишшия.

21Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший.

Махлийдиң уллары: Элазар ҳәм Киш.

22Элазар улсыз бул дүньядан көз жумды. Бирақ оның қызлары бар еди. Аталас ағайинлери болған Киштиң уллары оларға үйленди.

23Мушийдиң Махлий, Эдер ҳәм Еремот деген үш улы болды.

24Әўладлары бойынша Лебий урпағы усылар еди. Әўлад басшыларының ҳәр бири шежиреге атпа-ат киргизилди. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ҳәр бир лебийлиге Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етиўге болатуғын еди. 25Өйткени Даўыт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқын тынышлыққа еристирип, Өзи де Ерусалимди мәңгиге мәкан етиўди шешти. 26Сонлықтан буннан былай, лебийлилерге Жаратқан Ийениң шатырын ҳәм сыйыныў хызметинде қолланылатуғын затларды тасып жүриўдиң ҳәжети жоқ», – деди. 27Даўыттың ақырғы буйрығы бойынша жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер саналды.

28Лебийлилер Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте Харонның урпақларына жәрдем бериўге миннетли еди. Буларға ҳәўли ҳәм бөлмелерди гүзетиў, мухаддес затларды пәклеў рәсиминен өткериў ҳәм Қудайдың Үйине тийисли басқа да ўазыйпаларды орынлаў ислери кирди. 29Олар усынылатуғын нанларға, ғәлле садақасы ушын берилетуғын сапалы унға, пәтир нанларға, пеште писирилген садақаларға ҳәм зәйтүн майы араластырылған садақаларға, садақалардың көлем ҳәм өлшемине жуўапкер болды. 30Лебийлилер ҳәр күни азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийени тәрийиплеў ҳәм алғыс-мақтаў айтыў ушын таяр туратуғын еди. 31Олар Шаббат күнлери де, Жаңа ай байрамларында да, белгиленген байрам күнлеринде Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар берилгенде де, солай иследи. Жаратқан Ийениң алдында хызмет етиўши лебийлилердиң саны бәрқулла алдын ала көрсетпеде белгиленген санда болыўы керек еди.

32Солай етип, лебийлилерге Ушырасыў Шатыры менен Мухаддес орынды қорғаў ҳәм өз туўысқанлары болған Харон урпақларына Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленди.
Copyright information for KaaIBT22C