1 Chronicles 24
Руўханийлердиң ўазыйпасы
1Харон урпақлары мынадай топарларға бөлинди. Харонның уллары: Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар. 2Бирақ Надаб пенен Абиҳу әкесинен бурын, ул көрмей өлип кеткенликтен, тек Элазар менен Итамар руўханий болды. 3Даўыт Харон урпақларын орынлайтуғын хызметлери бойынша топарларға бөлди. Бул исте оған Элазар урпағынан Садоқ ҳәм Итамар урпағынан Ахимелех жәрдем берди. 4Элазар урпақлары арасында әўлад басшылары Итамар урпақларына қарағанда көбирек болып шықты. Сонлықтан Элазар урпақлары он алты топарға, Итамар урпақлары сегиз топарға бөлинди. 5Элазар урпақлары арасында да, Итамар урпақлары арасында да Мухаддес орынға ҳәм Қудайдың алдындағы баслы хызметлерге жуўапкер болған басшылар бар еди. Сол себепли хызметлер ҳеш кимди жақламастан, шек таслаў жолы менен бөлип берилди. 6Лебийли Нетанел улы хаткер Шемая патшаның ҳәм халық басшыларының, руўханий Садоқтың, Абиятар улы Ахимелехтиң, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң әўлад басшыларының көз алдында шек таслаўдың жуўмағын жазып барды. Шек бойынша, Элазар урпақларынан бир шаңарақтан, Итамар урпақларынан бир шаңарақтан гезекпе-гезек алынды. 7Биринши шек Еҳоярибке, екиншиси Едаяға түсти. 8Үшинши шек Харимге, төртиншиси Сеоримге, 9бесиншиси Малкияға, алтыншысы Мияминге, 10жетиншиси Ҳаққосқа, сегизиншиси Абияға, 11тоғызыншысы Ешуаға, оныншысы Шеканияға, 12он бириншиси Эляшибке, он екиншиси Якимге, 13он үшиншиси Хуппаға, он төртиншиси Ешебабқа, 14он бесиншиси Билгаға, он алтыншысы Иммерге, 15он жетиншиси Хезирге, он сегизиншиси Ҳапписсеске, 16он тоғызыншысы Петахияға, жигирмаланшысы Ехезкелге, 17жигирма бириншиси Яхинге, жигирма екиншиси Гамулға, 18жигирма үшиншиси Делаяға, жигирма төртиншиси Маазияға түсти. 19Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, бабасы Харон оларға қағыйдалар берген еди. Жаратқан Ийениң Үйине киргенде, олардың хызметиниң белгиленген тәртиби соған тийкарланған еди.Лебийлилердиң басқа урпақлары
20Лебийлилердиң басқа урпақлары мыналар: Амрамның улларынан Шубаел, Шубаелдиң улларынан Ехдея. 21Рехабия улларынан туңғышы Ишшия. 22Исҳардың урпақларынан Шеломот. Шеломоттың улларынан Яхат. 23Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам. 24Уззиелдиң улы: Миха. Миханың улы: Шамир. 25Миханың туўысқаны: Ишшия. Ишшияның улы Зехария. 26Мерарийдиң уллары: Махлий, Муший ҳәм Язия. 27Мерарийдиң урпақларынан Язияның уллары: Шоҳам, Заккур ҳәм Ибри. 28Махлийден Элазар туўылды. Элазардың улы болмады. 29Киштиң урпағынан Ерахмеел. 30Мушийдиң уллары: Махлий, Эдер ҳәм Еримот. Лебий урыўынан болған әўладлар усылар еди. 31Олар да туўысқанлары Харонның урпақлары сыяқлы, патша Даўыттың, Садоқтың, Ахимелехтиң, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң әўлад басшыларының көз алдында шек таслап, өз ўазыйпаларын белгилеп алды. Шек таслағанда, үлкен улдың шаңарағы менен кишкене улдың шаңарағының ҳуқықы теңдей болды.
Copyright information for
KaaIBT22C