1 Chronicles 25
Жыршылар
1Даўыт пенен орда әскербасылары хызмет ушын Асафтың, Ҳеманның ҳәм Едутунның улларынан айырымларын лира ҳәм арфа шертиў ҳәм кимбалды даңғырлатып, руўхтан илҳамланып қосық айтыў ушын айырып қойды. Бул хызмет ушын тайынланғанлардың дизими мынаў: 2Асафтың улларынан: Заккур, Юсуп, Нетания ҳәм Асарела. Булар Асафтың басшылығы астында болып, патшаның буйрығы бойынша, руўхланып қосық айтатуғын еди. 3Едутунның улларынан: Гедалия, Серий, Ийшая, Шимей, Хашабия ҳәм Маттития – жәми алты адам. Олар лира намасы астында Жаратқан Ийени тәрийиплейтуғын ҳәм руўхланып, алғыс-мақтаўлар менен қосық айтатуғын әкеси Едутунның басшылығы астында еди. 4Ҳеманның улларынан: Буккия, Маттания, Уззиел, Шебуел, Еримот, сондай-ақ Ханания, Хананий, Элиата, Гиддалтий, Ромамтий-Эзер, және де Иошбеқаша, Маллотий, Ҳотир ҳәм Махазиот. 5Булардың ҳәммеси патшаның ўәлийи Ҳеманның уллары еди. Себеби Қудай Өзиниң Ҳеманды абырайлы қыламан деген ўәдеси бойынша, Ҳеманға он төрт ул ҳәм үш қыз сыйлаған еди. 6Олардың барлығы өз әкесиниң басшылығы астында Қудайдың Үйиндеги хызмет ўақтында кимбалды даңғырлатып, арфа ҳәм лира шертип, Жаратқан Ийениң Үйинде сазенделик қылатуғын еди. Асаф, Едутун ҳәм Ҳеман патшаның басшылығы астында болды. 7Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў ушын үйретилген шебер сазенделер ағайинлери менен бирге еки жүз сексен сегиз адам еди. 8Олар үлкен-киши, устаз-шәкирт деп айырып отырмастан, ҳәр бири өз хызмет ўазыйпасын билип алыў ушын шек таслады. 9Биринши шек Асаф урыўынан Юсупке, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. Екинши шек Гедалияға, оның өзине, улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 10Үшинши шек Заккурға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 11Төртинши шек Исрийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 12Бесинши шек Нетанияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 13Алтыншы шек Буккияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 14Жетинши шек Есарелаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 15Сегизинши шек Ийшаяға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 16Тоғызыншы шек Маттанияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 17Оныншы шек Шимейге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 18Он биринши шек Азарелге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 19Он екинши шек Хашабияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 20Он үшинши шек Шубаелге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 21Он төртинши шек Маттитияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 22Он бесинши шек Еремотқа, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 23Он алтыншы шек Хананияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 24Он жетинши шек Иошбеқашаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 25Он сегизинши шек Хананийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 26Он тоғызыншы шек Маллотийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 27Жигирмаланшы шек Элиатаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 28Жигирма биринши шек Ҳотирге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 29Жигирма екинши шек Гиддалтийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 30Жигирма үшинши шек Махазиотқа, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. 31Жигирма төртинши шек Ромамтий-Эзерге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
Copyright information for
KaaIBT22C