1 Chronicles 26
Қудайдың Үйиниң дәрўаза қараўыллары
1Дәрўаза қараўыллары мына топарлардан ибарат болды: Қорах урпақларынан: Асаф әўладынан Қоре улы Мешелемия. 2Мешелемияның уллары: туңғыш улы Зехария, екиншиси Едиаел, үшиншиси Зебадия, төртиншиси Ятниел, 3бесиншиси Элам, алтыншысы Еҳоханан, жетиншиси Элиеҳоенай. 4Обед-Эдомның уллары: туңғыш улы Шемая, екиншиси Еҳозабад, үшиншиси Иоах, төртиншиси Сакар, бесиншиси Нетанел, 5алтыншысы Аммиел, жетиншиси Иссахар, сегизиншиси Пеуллетай. Қудай Обед-Эдомды усылай жарылқаған еди. 6Обед-Эдомның улы Шемаяның уллары бар еди. Олар уллы қәбилет ийелери болғанлықтан, өз әўладларының басшылары болды. 7Шемаяның уллары: Отний, Рефаел, Обид ҳәм Элзабад. Шемаяның туўысқанлары Элиҳу менен Семахия да қәбилетли адамлар еди. 8Олардың барлығы Обед-Эдомның урпақлары еди. Олардың өзлери де, уллары менен туўысқанлары да жумысқа инталы, жүдә уқыплы адамлар болды. Обед-Эдомға тийислилер барлығы болып алпыс еки адам еди. 9Мешелемияның уллары ҳәм ағайинлери он сегиз адамнан ибарат болып, олар да қәбилетли адамлар еди. 10Мерарий урпағынан Хосаның уллары: басшысы Шимрий. Шимрий туңғыш ул болмаса да, әкеси оны басшы етип тайынлады. 11Екиншиси Хилкия, үшиншиси Тебалия, төртиншиси Зехария. Хосаның уллары менен ағайинлери он үш адам еди. 12Дәрўаза қараўылларының топарлары өз басшылары бойынша бөлинди. Олар да Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етип атырған басқа лебийлилер сыяқлы өз ўазыйпаларына ийе еди. 13Ҳәр дәрўаза ушын, әўладлары бойынша үлкен-кишиге теңдей шек тасланды. 14Шығыс тәрептеги дәрўаза тасланған шек бойынша Шелемияға түсти. Кейин оның улы Зехария ушын шек тасланды ҳәм оған арқа тәрептеги дәрўаза түсти. Зехария ақыллы, кеңесгөй адам еди. 15Қубладағы дәрўаза шек бойынша Обед-Эдомға, ал затлар сақланатуғын бөлмелер оның улларына түсти. 16Батыстағы дәрўаза менен жоқарғы жолдағы Шаллехет дәрўазасы шек бойынша Шуппим менен Хосаға түсти. Қараўыллар үзликсиз избе-изликте өз ўазыйпасын орынлайтуғын еди. 17Ҳәр күни шығыстағы дәрўазада алты лебийли, арқадағы дәрўазада төрт лебийли, қубладағы дәрўазада төрт лебийли, затлар сақланатуғын бөлмелерде еки адамнан төрт лебийли қараўыллықта турды. 18Батыс тәрептеги ҳәўлиге баратуғын жол бойында төрт қараўыл, ҳәўлиниң ишинде еки қараўыл турды. 19Қорах ҳәм Мерарий урпақларынан болған дәрўаза қараўыллары усылай орналастырылды.Қазна қараўыллары
20Олардың ағайинлери болған лебийлилерге Қудайдың Үйиндеги қазнаға ҳәм Қудайға арналған саўғалар туратуғын қазнаға қараў тапсырылды. 21Гершонның әўладынан болған Лааданның урпағынан, Лаадан тийресиниң тийре басшысы Ехиелий. 22Ехиелийдиң уллары Зетам ҳәм оның туўысқаны Иоел Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасын қараўыллады. 23Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел урпақларынан мына адамларға хызмет берилди: 24Муўсаның улы Гершомның урпағынан Шебуел қазналар үстинен бас бақлаўшы болды. 25Гершомның туўысқаны Элиезердиң нәсили мынадай еди: Элиезерден Рехабия, Рехабиядан Ийшая, Ийшаядан Иорам, Иорамнан Зихрий, Зихрийден Шеломит туўылған еди. 26Шеломитке ҳәм оның ағайинлерине Даўыт патшаның, тийре басшыларының, мыңбасылардың, жүзбасылардың ҳәм әскербасылардың бағышлаған саўғалары сақланатуғын қазнаға қараў тапсырылды. 27Олар саўашта қолға түсирген олжалардан бир бөлегин Жаратқан Ийениң Үйин тәмийинлеў ушын бағышлайтуғын еди. 28Көзи ашық Самуел, Киш улы Шаул, Нер улы Абнер, Серуя улы Иоаб бағышлаған саўғаларды ҳәм Жаратқан Ийеге арналған басқа саўғаларды да Шеломит пенен оның ағайинлери қараўыллайтуғын болды.Лебийлилердиң басқа хызметлери
29Исҳар урпағынан Кенания ҳәм оның уллары Қудайдың Үйиниң сыртындағы ислерге жуўапкер болып, Израилдағы жоқары лаўазымларға ҳәм қазылық исине тайынланды. 30Хеброн урпағынан Хашабия ҳәм оның бир мың жети жүз қәбилетли ағайини Израилда Иордан дәрьясының батыс бөлегиндеги Жаратқан Ийениң ҳәм патшаның хызметине байланыслы ислерге жуўапкер болды. 31Хеброн урпағынан болған Ерия өз урпағының шежиреси бойынша Хеброн урпақларының басшысы болды. Даўыттың ҳүкимдарлығының қырқыншы жылында Хеброн урпақларының шежиреси изертленген еди. Сонда Гиладтағы Язерде жасаған Хеброн урпақлары арасынан жүдә қәбилетли адамлар табылды. 32Ерияның ағайинлери арасында еки мың жети жүзи жүдә қәбилетли әўлад басшылары болды. Қудайдың ҳәм патшаның ислерине қараўы ушын, Даўыт патша оларды Рубен ҳәм Гад урыўлары, және де, Менашше урыўының ярымы үстинен басшы етип тайынлады.
Copyright information for
KaaIBT22C