1 Chronicles 27
Ордадағы әскерий бөлимлер
1Төменде Израил халқының әўлад басшылары, мыңбасылары, жүзбасылары ҳәм патшалық ислерин алып баратуғын олардың басқарыўшыларының дизими берилген. Олар ҳәр бири жигирма төрт мың адамнан ибарат болған, гезек пенен жылына бир ай хызмет ететуғын әскерий топарларға жуўапкер болды. 2Биринши ай ушын қойылған биринши бөлимге Забдиел улы Яшобам басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 3Яшобам Перестиң урпағынан болып, ол биринши айда хызмет ететуғын барлық әскербасыларға басшы болды. 4Екинши ай ушын қойылған екинши бөлимге ахохлы Додай басшылық етти. Миклот оның сәркәрдасы болды. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 5Үшинши ай ушын қойылған үшинши бөлимге руўханий Еҳояданың улы Беная басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 6Отыз батырдың бири ҳәм отыз батырдың жетекшиси болған Беная усы еди. Оның улы Аммизабад та оның бөлиминде оған жәрдемши еди. 7Төртинши ай ушын қойылған төртинши бөлимге Иоабтың туўысқаны Асаҳел басшылық етти. Соңынан оның орнын улы Зебадия ийеледи. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 8Бесинши ай ушын қойылған бесинши бөлимге израхлы Шамҳут басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 9Алтыншы ай ушын қойылған алтыншы бөлимге теқоалы Иккеш улы Ира басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 10Жетинши ай ушын қойылған жетинши бөлимге Эфрайым урыўынан пелонлы Хелес басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 11Сегизинши ай ушын қойылған сегизинши бөлимге Зерах урпағынан хушалы Сиббехай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 12Тоғызыншы ай ушын қойылған тоғызыншы бөлимге Бенямин урыўынан анатотлы Абиезер басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 13Оныншы ай ушын қойылған оныншы бөлимге Зерах урпағынан нетофалы Маҳарай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 14Он биринши ай ушын қойылған он биринши бөлимге Эфрайым урыўынан пиратонлы Беная басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 15Он екинши ай ушын қойылған он екинши бөлимге Отниелдиң урпағынан нетофалы Хелдай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.Израил урыўларының көсемлери
16Израил урыўларын басқаратуғын көсемлер мыналар болды: Рубен урыўын Зихрий улы Элиезер, Шимон урыўын Мааха улы Шефатия, 17Лебий урыўын Кемуел улы Хашабия, Харонның урпақларын Садоқ, 18Яҳуда урыўын Даўыттың әжағасы Элиҳу, Иссахар урыўын Михаил улы Омрий, 19Зебулон урыўын Обадия улы Ишмая, Нафталий урыўын Азриел улы Еримот, 20Эфрайым урыўын Азазия улы Ҳошеа, Менашше урыўының ярымын Педая улы Иоел, 21Гиладтағы Менашше урыўының басқа ярымын Зехария улы Иддо, Бенямин урыўын Абнер улы Ясиел, 22Дан урыўын Ерохам улы Азарел басқаратуғын болды. Израил урыўларының көсемлери усылар еди. 23Даўыт жигирма ҳәм оннан төмен жастағыларды санамады. Себеби Жаратқан Ийе Израилды аспандағы жулдызлар киби көп қылыўға ўәде берген еди. 24Серуя улы Иоаб та халықты санақтан өткериўди баслағаны менен, оны ақырына жеткермеген еди. Сол санақтың кесиринен Жаратқан Ийе Израилға ғәзебин шашқан еди. Сонлықтан санақтың нәтийжеси Даўыт патшаның жылнама китабына киргизилмеди.Патшаның хызметкерлери
25Патшаға тийисли қазналарға қараў Адиел улы Азмаўетке, ал қала әтирапындағы, қалалардағы, аўыллардағы ҳәм минаралардағы қазналарға қараў Уззия улы Ионатанға тапсырылды. 26Егислик жерлерди тәрбиялайтуғын дийханларға Келуб улы Эзрий, 27жүзим бағларына рамалы Шимей, жүзим бағларындағы шарап сақланатуғын орынларға шифамлы Забдий, 28батыстағы таў етеклериндеги зәйтүн ҳәм жабайы әнжир ағашларына гедерли Баал-Ханан, зәйтүн майы сақланатуғын орынларға Иоаш, 29Шаронда отлайтуғын малларға шаронлы Шитрай, ойпатлықларда бағылатуғын малларға Адлай улы Шафат, 30түйелерге Исмайыл урпағынан Обил, ешеклерге меронотлы Ехдея, 31майда малларға Ажар урпағынан Язиз жуўапкер еди. Булардың ҳәммеси Даўыт патшаның мал-мүлки үстинен қарайтуғын хызметкерлер еди. 32Даўыттың әкесиниң туўысқаны Ионатан мәсләҳәтши болды. Ол дана мәсләҳәтши ҳәм хаткер еди. Хахмон улы Ехиел патшаның улларының тәрбияшысы болды. 33Ахитофел патшаның мәсләҳәтшиси, ал Арк тийресинен болған Хушай патшаның досты еди. 34Ахитофелден кейин, оның орнын Беная улы Еҳояда менен Абиятар ийеледи. Иоаб патша ордасының сәркәрдасы еди.
Copyright information for
KaaIBT22C