1 Chronicles 29
Қудайдың Үйиниң қурылысы ушын берилген саўғалар
1Даўыт патша пүткил жәмийетке былай деди: – Қудай таңлап алған улым Сулайман жас ҳәм тәжирийбесиз. Ал қылынатуғын ис жүдә үлкен. Себеби бул имарат адам ушын емес, ал Қудай Ийе ушын салынады. 2Қудайымның Үйи ушын қолымнан келгенинше алтын буйымлар ушын алтын, гүмис буйымлар ушын гүмис, қола буйымлар ушын қола, темир буйымлар ушын темир, ағаш буйымлар ушын ағаш, және де, оникс, қаснаққа қойылатуғын таслар, периўза, ҳәр түрдеги реңли таслар, сондай-ақ, қымбатбаҳа таслардың ҳәмме түрлерин ҳәм көп муғдарда мрамор жыйнадым. 3Булардан тысқары, Қудайымның Үйине болған ықласым себепли, өзимниң жеке қазнамдағы алтын менен гүмисти де Қудайымның Үйине беремен. Оларды бул мухаддес Үй ушын өзим таярладым. 4Мен берип атырған үш мың талант Офир алтыны менен жети мың талант сап гүмис Үйдиң дийўалларын қаплаў, 5барлық алтын ҳәм гүмис буйымларды ислеў ушын ҳәм өнерментлердиң барлық ислеринде қолланылсын. Және де, ким бүгин өзин Жаратқан Ийеге бағышлап, Оған өз ықтыяры менен садақа бериўди қәлейди? 6Сонда әўлад басшылары, Израилдың урыў басшылары, мыңбасылар, жүзбасылар ҳәм патшаның ислерин басқаратуғын хызметкерлер ықтыярлы садақалар берди. 7Олар Қудайдың Үйиниң қурылысы ушын бес мың талант алтын менен он мың дарик ▼▼ Он мың дарик – бир дарик шама менен 8,4 гр.
алтын, он мың талант гүмис, он сегиз мың талант қола ҳәм жүз мың талант темир саўға қылды. 8Баҳалы таслары бар адамлар оларды Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасына, Гершонның урпағынан болған Ехиелдиң қолына тапсырды. 9Халық өз басшыларының ықтыярлы түрде берген сыйлары ушын қуўанды. Өйткени олар Жаратқан Ийеге шын жүректен ықтыярлы түрде садақалар берип атырған еди. Даўыт патша да қатты қуўанды. Даўыттың дуўасы
10Даўыт пүткил жәмийеттиң көз алдында Жаратқан Ийени алғыслап, былай деди:«Бабамыз Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе,Мәңгиге Саған алғыслар болсын!
11Жаратқан Ийе, уллылық, қүдирет, даңқ,
Жеңис ҳәм салтанат Сеники.
Аспанда ҳәм жерде болған ҳәр бир нәрсе Сеники.
Патшалық та Сеники, Жаратқан Ийе!
Сен ҳәр бир нәрседен жоқарысаң.
12Байлық ҳәм ҳүрмет Сеннен келер.
Ҳәмме нәрсеге ҳүкимдарсаң.
Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда.
Биреўди жоқарылатыў ҳәм күшли қылыў,
Сениң қолыңда.
13Енди, Қудайымыз, Сени тәрийиплеп,
Әжайып атыңа алғыс-мақтаўлар айтамыз.
14Бирақ Саған ықтыярлы садақалар бере алатуғындай, мен киммен, халқым ким болыпты? Ҳәр бир нәрсе Сеннен шығады, бизлер тек Сениң қолыңнан алғанларымызды ғана Саған берип атырмыз. 15Сениң алдыңда бизлер ата-бабаларымыз сыяқлы, жат жерли келгиндимиз. Жер жүзиндеги өмиримиз көлеңке сыяқлы өткинши ҳәм үмитсиз. 16Қудайымыз Жаратқан Ийе, мухаддес атыңа арнап Үй қурыў ушын бизлер таярлаған мына ағыл-тегил байлықты Сениң қолыңнан алғанбыз, ҳәммеси Сеники. 17Қудайым, мен Сениң жүректи сынайтуғыныңды ҳәм ҳадаллықты унататуғыныңды билемен. Мына нәрселердиң ҳәммесин мен шын жүректен ықтыярлы түрде бердим. Ҳәзир усы жерде турған халқыңның да Саған ықтыярлы садақалар берип атырғанын қуўаныш пенен көрип турман. 18Жаратқан Ийе, бабаларымыз Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы! Халқыңның бул қәлеўин мәңгиге олардың жүрегинде сақлап, жүреклерин Өзиңе садық қәлпинде сақлап қала гөр! 19Улым Сулайманға да Сениң буйрықларыңа, қарарларыңа ҳәм қағыйдаларыңа бойсыныўы ушын, және де мен керекли затларды таярлап қойған Үйди қурыўы ушын садық жүрек бере гөр!» 20Соңынан Даўыт пүткил жәмийетке: – Қудайыңыз Жаратқан Ийени алғыслаңлар! – деди. Солай етип, ҳәммеси ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени алғыслады, Қудайдың ҳәм патшаның алдында басларын ийип, тәжим етти.
Сулайманның майланып, патша болыўы
21Келеси күни халық Жаратқан Ийеге арнап, мың бас буға, мың бас қошқар, мың тоқлы шалып, жандырылатуғын қурбанлықлар берди. Буларға қоса, ишимлик садақаларын да усынды. Пүткил израиллылар ушын басқа да көп қурбанлықлар берилди. 22Сол күни израиллылар үлкен қуўаныш пенен Жаратқан Ийениң алдында ишип-жеди. Кейин, Даўыттың улы Сулайманды екинши мәрте патша деп тастыйықлады. Сулайманды Жаратқан Ийениң алдында майлап, ҳүкимдар, ал Садоқты майлап, руўханий етип қойды. 23Солай етип, Сулайман әкеси Даўыттың орнына патша болып, Жаратқан Ийениң берген тахтына отырды. Ол табыслы болып, пүткил Израил оған бойсынды. 24Барлық басшылар, батырлар ҳәм Даўыттың уллары патша Сулайманға бағынды. 25Жаратқан Ийе пүткил Израилдың көз алдында Сулайманды уллы мәртебели қылды ҳәм оны бурынғы Израилдағы патшалардың ҳеш бири ерисе алмаған салтанатқа бөледи.Даўыттың өлими
26Ишай улы Даўыт пүткил Израил үстинен патшалық етти. 27Даўыт Израилда қырық жыл патшалық етип, оның жети жылын Хебронда, отыз үш жылын Ерусалимде өткизди. 28Даўыт ғаррылық дәўранын сүрип, байлыққа ҳәм иззет-ҳүрметке толы күнлерди бастан кеширди ҳәм мазмунлы узақ өмир сүрип, бул дүньядан көз жумды. Оның орнына улы Сулайман патша болды. 29Даўыт патшаның патшалық қурған дәўириндеги ислеген ислери басынан аяғына шекем көзи ашық Самуелдиң, пайғамбар Натанның, ўәлий Гадтың қолжазбаларында жазылған. 30Бул жазбалар Даўыттың патшалығы дәўириндеги ислер, оның қаҳарманлықлары, оның басынан кеширген ўақыялары, Израилда ҳәм дөгеректеги барлық еллерде болған ўақыялар туўралы баян етеди.
Copyright information for
KaaIBT22C