1 Chronicles 3
Даўыттың уллары
1Даўыттың Хебронда туўылған уллары мыналар: туңғышы изреелли Ахиноамнан туўылған Амнон, екиншиси кармелли Абигайылдан туўылған Даниел, 2үшиншиси Гешур патшасы Талмайдың қызы Маахадан туўылған Абшалом, төртиншиси Хаггиттен туўылған Адония, 3бесиншиси Абиталдан туўылған Шефатия, алтыншысы ҳаялы Эгладан туўылған Итреам. 4Даўыттың бул алты улы Хебронда туўылды. Даўыт Хебронда жети жыл алты ай, соңынан Ерусалимде отыз үш жыл патшалық қылды. 5Даўыттың Ерусалимде туўылған уллары: Шимеа, Шобаб, Натан ҳәм Сулайман. Бул төртеўи Аммиелдиң қызы Бат-Шуадан ▼▼ Бат-Шуа – Базы қолжазбаларда «Бат-Шеба».
туўылды. 6Олардан басқа Даўыттың Ибхар, Элишама, Элифелет, 7Ногаҳ, Нефег, Яфиа, 8Элишама, Эляда ҳәм Элифелет деген тоғыз улы болды. 9Булардың барлығы Даўыттың ҳаялларынан туўылған уллары еди. Оның тоқалларынан туўылған уллары да болды. Даўыттың Тамара деген қызы да бар еди. Сулайман патшаның урпағы
10Рехабам Сулайманның улы еди. Рехабамнан Абия, Абиядан Аса, Асадан Еҳошафат, 11Еҳошафаттан Еҳорам, Еҳорамнан Ахазия, Ахазиядан Иоаш, 12Иоаштан Амасия, Амасиядан Азария ▼▼ Азария – басқа аты Уззия. 4Пат 15:13 қараң.
, Азариядан Иотам, 13Иотамнан Ахаз, Ахаздан Хизкия, Хизкиядан Менашше, 14Менашшеден Амон, Амоннан Иошия туўылды. 15Иошияның уллары: туңғыш улы Юханан, екиншиси Еҳояким, үшиншиси Седекия, төртиншиси Шаллум. 16Еҳоякимниң уллары: Ехония ▼▼ Ехония – Еҳоякинниң басқа аты, және де 17-аятта бар.
ҳәм Седекия. 17Бабилонда тутқын болған Ехонияның уллары мыналар: Шеалтиел, 18Малкирам, Педая, Шенассар, Еқамия, Ҳошама ҳәм Недабия. 19Педаяның уллары: Зеруббабел ҳәм Шимей. Зеруббабелдиң перзентлери: Мешуллам, Ханания ҳәм қарындасы Шеломит. 20Зеруббабелдиң және бес улы бар еди: Хашуба, Оҳел, Берехия, Хасадия ҳәм Юшаб-Хесед. 21Хананияның уллары: Пелатия ҳәм Ешая. Ешаядан Рефая, Рефаядан Арнан, Арнаннан Обадия, Обадиядан Шекания туўылды. 22Шеканияның улы Шемая еди. Шемаяның уллары: Хаттуш, Игал, Бариах, Неария, Шафат – барлығы болып алтаў. 23Неарияның уллары: Элйоенай, Хизкия, Азриқам – барлығы болып үшеў. 24Элйоенайдың уллары: Ҳодаўия, Эляшиб, Пелая, Аққуб, Юханан, Делая ҳәм Ананий – барлығы болып жетеў.
Copyright information for
KaaIBT22C