‏ 1 Chronicles 4

Яҳуданың урпақлары

1Яҳуданың урпақлары: Перес, Хесрон, Кармий, Хур ҳәм Шобал. 2Шобалдың улы Реая Яхаттың әкеси еди. Яхат Ахумай менен Лаҳадтың әкеси еди. Булар Сора турғынларының тийрелери еди.

3Изреел, Ишма, Идбаш ҳәм олардың қарындасы Ҳаселелпонийдиң әкеси Этамның тийкарын салған еди. 4Пенуел Гедордың ҳәм Эзер Хушаның тийкарын салған еди. Булар Бейтлеҳемниң тийкарын салыўшылар ҳәм Эфратаның туңғыш улы Хурдың урпақлары еди.

5Теқоа қаласының тийкарын салған Ашхурдың Хела ҳәм Наара деген еки ҳаялы бар еди. 6Наара Ашхурға Ахуззам, Хефер, Темени ҳәм Ахаштарийди туўып берди. Булар Наараның уллары еди.

7Ашхурдың Хеладан туўылған уллары: Серет, Сохар, Этнан 8ҳәм Қос. Қос Ануб пенен Ҳассобебаның әкеси ҳәм Ҳарум улы Ахархел тийрелериниң түп бабасы еди.

9Ябес деген бир адам туўысқанларына қарағанда абырайлырақ еди. Анасы: «Оны азап шегип туўдым», – деп, атын Ябес
Ябес – бул аттың айтылыўы еврей тилиндеги «азап» сөзине үнлес келеди.
қойған еди.
10Ябес Израилдың Қудайына: «Қәнекей, Сен мени жарылқап, жерлеримди кеңейткениңде еди! Қолың мениң үстимде болып, азап шекпеўим ушын, мени жаманлықтан сақласаң еди!» – деп жалбарынды. Қудай оның тилегин орынлады.

11Шуханың туўысқаны Келуб Мехирдиң әкеси, Мехир Эштонның әкеси еди. 12Эштоннан Бейт-Рафа, Пасеах ҳәм Техинна туўылды. Техинна Ир-Нахаштың тийкарын салды. Булар бурын Рехада жасайтуғын еди.

13Кеназдың уллары: Отниел ҳәм Серая.

Отниелдиң уллары: Хатат ҳәм Меонотай
ҳәм Меонотай – Әййемги грекше аўдарманың базы қолжазбаларынан ҳәм латынша аўдармадан. Еврейше қолжазбаларда бул сөзлер жоқ.
.
14Меонотай Офраның әкеси еди. Серая Ге-Харашимниң
Ге-Харашим – «өнерментшилер ойпатлығы» дегенди билдиреди.
тийкарын салған Иоабтың әкеси еди. Булай аталыўының себеби, сол жердиң турғынлары өнерментшилик пенен шуғылланатуғын еди.

15Ефунне улы Калебтиң уллары: Иру, Эла ҳәм Наам. Эланың улы: Кеназ.

16Еҳаллелелдиң уллары: Зиф, Зифа, Тирия ҳәм Асарел.

17Эзраның уллары: Етер, Меред, Эфер, Ялон. Меред фараонның қызы Битеаға үйленип, ол Мередке Мәриямды, Шаммайды ҳәм Эштемоаның тийкарын салған Ишбахты туўып берди. 18Меред және яҳудалы қызға үйленди. Бул ҳаялы оған Гедордың тийкарын салған Ередти, Сохоның тийкарын салған Хеберди ҳәм Заноахтың тийкарын салған Еқутиелди туўып берди.

19Ҳодия Нахамның қарындасына үйленди. Оннан туўылған уллар Кеилада жасайтуғын Гарм тийресиниң ҳәм Эштемоада жасайтуғын Мааха тийресиниң түп бабасы еди.

20Шимонның уллары: Амнон, Ринна, Бен-Ханан ҳәм Тилон.

Ишийдиң урпақлары: Зохет ҳәм Бен-Зохет.

21Яҳуданың улы Шеланың уллары: Леханың тийкарын салған Эр, Марешаның тийкарын салған Лаада, Бейт-Ашбеадағы ҳасыл зығыр тоқыўшылардың әўладлары, 22Иоким, Козеба турғынлары, Моаб пенен Яшубий-Лехемди басқарған Иоаш пенен Сараф. Бул мағлыўматлар әййемги жазбалардан алынған. 23Олар Нетаим ҳәм Гедерада жасайтуғын ҳәм гүлалшылық етип, патша ушын хызмет ететуғын еди.

Шимонның урпағы

24Шимонның урпақлары: Немуел, Ямин, Яриб, Зерах ҳәм Шаул. 25Шаулдан Шаллум, Шаллумнан Мибсам, Мибсамнан Мишма туўылды.

26Мишманың урпақлары: Мишмадан Хаммуел, Хаммуелден Заккур, Заккурдан Шимей туўылды.

27Шимейдиң он алты улы, алты қызы бар еди. Бирақ оның туўысқанларының перзентлери аз болғанлықтан, олардың урыўы Яҳуда урыўындай үлкен болмады. 28Шимонның урпақлары Беер-Шеба, Молада, Хасар-Шуал, 29Билҳа, Эсем, Толад, 30Бетуел, Хорма, Сиклаг, 31Бейт-Маркабот, Хасар-Сусим, Бейт-Бирий ҳәм Шаарайым қалаларында жасады. Даўыттың патшалығына дейин усы қалалар Шимонның урпақларына тийисли болды. 32Олардың әўладлары Этам, Айын, Риммон, Тохен ҳәм Ашан атлы бес қалада да жасады. 33Баалға дейин созылған бул қалалардың дөгерегиндеги барлық аўыллар да оларға тийисли болды. Олар сол жерлерде жасап, өзлериниң шежиресин жазып барды.

34Шимонның басқа урпақлары: Мешобаб, Ямлех, Амасия улы Иоша, 35Иоел, Асиелдиң шаўлығы Сераяның ақлығы Иошибияның улы Еҳу, 36Элйоенай, Яақоба, Ешохая, Асая, Адиел, Есимиел, Беная 37ҳәм Шемаяның жаўлығы Шимрийдиң қуўлығы Едаяның шаўлығы Аллонның ақлығы Шифий улы Зиза. 38Жоқарыда аты аталғанлардың ҳәр бири тийре басшылары еди. Олардың нәсиллери көбейип, кеңнен тарады. 39Олар малларына жайлаў излеп, Гедордың жанына, ойпатлықтың шығысына дейин барды. 40Ол жерде мол ҳәм жақсы жайлаўлар болып, үлке кең, тыныш ҳәм қәўипсиз еди. Бурын ол жерде Хамның урпақларының айырымлары жасаған еди.

41Яҳуда патшасы Хизкияның дәўиринде, жоқарыда аты аталған Шимон урпақлары Хам урпақларына ҳәм сол жерде жасап атырған Меуним урпақларына ҳүжим жасап, оларды толық қырып таслады. Соңынан өзлери сол жерге жайласып алды, олар бүгин де сол жерде жасайды. Себеби ол жерде сүриўлери ушын жайлаў бар еди. 42Кейин Ишийдиң уллары Пелатия, Неария, Рефая ҳәм Уззиел басшылығында Шимонның урпағынан бес жүз адам таўлы Сеир жерине барып, 43Амалек нәсилинен аман қалғанларды қырып таслады. Шимон урпақлары бүгин де сол жерлерде жасап келмекте.
Copyright information for KaaIBT22C