1 Chronicles 5
Рубенниң урпақлары
1Израилдың туңғыш улы Рубенниң уллары. Рубен Израилдың туңғыш улы еди. Бирақ ол әкесиниң төсегин ҳарамлағаны ушын, туңғышлық ҳуқықы Израилдың улы Юсуптиң улларына берилди. Сол себепли Рубен шежиреде туңғыш ул сыпатында дизимге алынбаған. ▼ 2Яҳуда туўысқанлары ишинде ең күшлиси болып, ҳүкимдар оның урпағынан шықса да, туңғышлық ҳуқықы Юсупке тийисли болды. 3Израилдың биринши улы Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон ҳәм Кармий. 4Иоелдиң урпағы: Иоелдиң улы Шемая, Шемаяның улы Гог, Гогтың улы Шимей, 5Шимейдиң улы Миха, Миханың улы Реая, Реаяның улы Баал ҳәм 6Баалдың улы Беера. Ассирия патшасы Тилгат-Пилнесер ▼▼ Тилгат-Пилнесер – көбинесе «Тиглат-Пилесер» деп жазылған.
Беераны сүргин қылып алып кеткенде, ол Рубен урыўының көсеми еди. 7Беераның ағайинлери шежиреде тийрелери бойынша былай дизимге алынған: жетекши Еиел, Зехария 8ҳәм Бела. Бела Азаздың улы, Шеманың ақлығы ҳәм Иоелдиң шаўлығы еди. Олар Ароерден баслап Небо менен Баал-Меонға дейин созылған жерлерде жасады. 9Олардың Гилад жериндеги падалары көбейип кеткенликтен, шығыс тәрептеги Евфрат дәрьясына қарай созылған шөлге дейинги жерлерди ийелеп алды. 10Шаулдың патшалық қылған дәўиринде, Рубен урпағы Ажар урпағына қарсы урыс ашты. Оларды жеңип, Гиладтың шығыс тәрепиндеги оларға тийисли барлық жерлерди ийелеп алды. Гадтың урпағы
11Гад урыўы Рубен урыўына қоңсылас Башан аймағында Салкаға дейин созылған жерлерде жасады. 12Башан жеринде Иоел басшы еди, Шафам екинши дәрежели басшы, Янай ҳәм Шафат олардан кейингилер еди. 13Олардың ағайинлери, басқа жети тийрениң басшылары мыналар: Михаил, Мешуллам, Шеба, Иорай, Якан, Зиа ҳәм Эбер. 14Булар Абихайылдың уллары болып, Абихайыл Хурийдиң, Хурий Яроахтың, Яроах Гиладтың, Гилад Михаилдиң, Михаил Ешишайдың, Ешишай Яхдоның, Яхдо Буздың улы еди. 15Гунийдиң ақлығы, Абдиелдиң улы Ахий усы тийрелердиң басшысы еди. 16Гадлылар Гиладта, Башанда, оларға тийисли аўылларда ҳәм Шаронның барлық жайлаўларының шегараларына дейинги жерлерде жасады. 17Булардың ҳәммеси Яҳуда патшасы Иотамның ҳәм Израил патшасы Яробамның патшалық еткен дәўиринде шежиреге киргизилген. 18Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымында урысқа жарамлы қырық төрт мың жети жүз алпыс адам бар еди. Олардың ҳәммеси қалқан ҳәм қылыш услап, оқ жай тартып, урыса алатуғын батырлар еди. 19Олар Ажар урпақларына, Етур, Нафиш ҳәм Нодаб қәўимлерине қарсы урыс алып барды. 20Оларды жеңиўде Рубен, Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына жәрдем берилди ҳәм Қудай Ажар урпақлары менен оның аўқамласларын оларға тәслим етти. Себеби олар урысып атырып, даўыслап Қудайды шақырған еди. Қудай да олардың дуўасына жуўап берди, өйткени олар Оған үмит байлаған еди. 21Олар Ажар урпақларының малларын: елиў мың түйе, еки жүз елиў мың қой, еки мың ешекти олжа қылып, жүз мың адамды тутқынға алды. 22Оларға қарсы Қудайдың Өзи урысқанлығы себепли, душпанлардың көпшилиги саўашта қырылып кетти. Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы сүргинге дейин сол жерлерде жасады.Менашше урыўының ярымы
23Менашше урыўының ярымы көп санлы еди. Олар Башаннан Баал-Хермонға, Сенир ҳәм Хермон таўына дейин созылған жерлерде жасады. 24Олардың әўлад басшылары мыналар: Эфер, Иший, Элиел, Азриел, Еремия, Ҳодаўия ҳәм Яхдиел. Булар мәрт жаўынгерлер, абырайлы ерлер ҳәм әўлад басшылары еди. 25Деген менен, олар ата-бабаларының Қудайына опасызлық етти. Қудайға қыянет етип, өзлериниң алдында қырып жиберилген сол еллердиң халықларының бутларына табынды. 26Сол себепли Израилдың Қудайы Ассирия патшасы Пулды, яғный Тилгат-Пилнесерди ҳәрекетке келтирди. Ассирия патшасы Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымын жеңип, оларды тутқынға алды. Оларды Халахқа, Хаборға, Ҳараға ҳәм Гозандағы дәрья бойына сүргин қылды. Олар бүгин де сол жерлерде жасап келмекте.
Copyright information for
KaaIBT22C