‏ 1 Chronicles 6

Лебийдиң урпақлары

1Лебийдиң уллары: Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарий.

2Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел.

3Амрамның балалары: Харон, Муўса ҳәм Мәриям.

Харонның уллары: Надаб, Абиҳу, Элазар, Итамар.
4Элазардан Пинехас, Пинехастан Абишуа, 5Абишуадан Буккий, Буккийден Уззий, 6Уззийден Зерахия, Зерахиядан Мерайот, 7Мерайоттан Амария, Амариядан Ахитуб, 8Ахитубтан Садоқ, Садоқтан Ахимаас, 9Ахимаастан Азария, Азариядан Юханан, 10Юхананнан Азария туўылды. Азария Ерусалимде патша Сулайман қурғызған Қудайдың Үйинде руўханий болып хызмет етти.

11Азариядан Амария, Амариядан Ахитуб, 12Ахитубтан Садоқ, Садоқтан Шаллум, 13Шаллумнан Хилкия, Хилкиядан Азария, 14Азариядан Серая, Сераядан Иосадақ туўылды.

15Жаратқан Ийе Яҳуда ҳәм Ерусалим халқын Набуходоносор арқалы сүргин қылғанда, Иосадақ та сүргин қылынған еди.

Лебийдиң басқа урпақлары

16Лебийдиң уллары: Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарий.

17Гершомның улларының атлары: Либний ҳәм Шимей.

18Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел.

19Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший.

Түп бабасы бойынша дизимге алынған Лебий урыўының тийрелери мыналар:

20Гершомның урпағы: Гершомнан Либний, Либнийден Яхат, Яхаттан Зимма, 21Зиммадан Иоах, Иоахтан Иддо, Иддодан Зерах, Зерахтан Еатрай туўылды.

22Қоҳаттың урпағы: Қоҳаттан Амминадаб, Амминадабтан Қорах, Қорахтан Ассир, 23Ассирден Элқана, Элқанадан Эбясаф, Эбясафтан Ассир, 24Ассирден Тахат, Тахаттан Уриел, Уриелден Уззия, Уззиядан Шаул туўылды.

25Элқананың басқа уллары: Амасай ҳәм Ахимот. 26Ахимоттан Элқана, Элқанадан Софай, Софайдан Нахат, 27Нахаттан Элиаб, Элиабтан Ерохам, Ерохамнан Элқана туўылды.

28Самуелдиң уллары: туңғыш улы Иоел, екиншиси Абия.

29Мерарийдиң урпағы: Мерарийден Махлий, Махлийден Либний, Либнийден Шимей, Шимейден Узза, 30Уззадан Шимеа, Шимеадан Хаггия, Хаггиядан Асая туўылды.

Ушырасыў шатырындағы сазенделер

31Келисим сандығы Жаратқан Ийениң Үйине апарылғаннан соң, сол жерде хызмет етиў ушын Даўыт тайынлаған сазенделердиң атлары төменде берилген. 32Сулайман Ерусалимде Жаратқан Ийеге арнап Үй қурғанға дейин, олар Ушырасыў шатырында қосық айтып, хызмет етти. Олар өз хызметин берилген көрсетпелер бойынша орынлайтуғын еди.

33Сол жерде уллары менен бирге сол хызметти атқарып атырғанлар мыналар:

Қоҳаттың урпағынан: қосықшы Ҳеман. Ҳеман Иоелдиң, Иоел Самуелдиң,
34Самуел Элқананың, Элқана Ерохамның, Ерохам Элиелдиң, Элиел Тоахтың, 35Тоах Суфтың, Суф Элқананың, Элқана Махаттың, Махат Амасайдың, 36Амасай Элқананың, Элқана Иоелдиң, Иоел Азарияның, Азария Сефанияның, 37Сефания Тахаттың, Тахат Ассирдиң, Ассир Эбясафтың, Эбясаф Қорахтың, 38Қорах Исҳардың, Исҳар Қоҳаттың, Қоҳат Лебийдиң, Лебий Израилдың улы еди.

39Ҳеманның оң жағында хызмет ететуғын жәрдемшиси, туўысқаны Асаф болды. Асаф Берехияның улы болып, Берехия Шимеаның, 40Шимеа Михаилдиң, Михаил Баасияның, Баасия Малкияның, 41Малкия Этнийдиң, Этний Зерахтың, Зерах Адаяның, 42Адая Этанның, Этан Зимманың, Зимма Шимейдиң, 43Шимей Яхаттың, Яхат Гершомның, Гершом Лебийдиң улы еди. 44Ҳеманның шеп жағында хызмет ететуғын жәрдемшиси туўысқаны Мерарий урпағынан Этан болды. Этан Кишийдиң улы болып, Киший Абдийдиң, Абдий Маллухтың, 45Маллух Хашабияның, Хашабия Амасияның, Амасия Хилкияның, 46Хилкия Амсийдиң, Амсий Банийдиң, Баний Шемердиң, 47Шемер Махлийдиң, Махлий Мушийдиң, Муший Мерарийдиң, Мерарий Лебийдиң улы еди. 48Олардың лебийли туўысқанлары Мухаддес шатырдағы, Қудайдың Үйиндеги басқа барлық хызметлерди орынлаў ушын тайынланды. 49Бирақ тек Харон ҳәм оның урпақлары ғана қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлықларды берип, түтетки түтетилетуғын орында түтеткилерди түтететуғын ҳәм Ең мухаддес бөлмеде исленетуғын барлық хызметлерди атқаратуғын еди. Олар Қудайдың қулы Муўса берген барлық буйрықлар бойынша, Израил халқын гүнадан пәклейтуғын еди.

Харонның урпағы

50Харонның урпақлары мыналар: Харонның улы Элазар, Элазардың улы Пинехас, Пинехастың улы Абишуа, 51Абишуаның улы Буккий, Буккийдиң улы Уззий, Уззийдиң улы Зерахия, 52Зерахияның улы Мерайот, Мерайоттың улы Амария, Амарияның улы Ахитуб, 53Ахитубтың улы Садоқ, Садоқтың улы Ахимаас.

Лебийлилер жасаған қалалар

54Лебийлилердиң жасаўы ушын ажыратылған жерлер мыналар: Қоҳат тийресинен шыққан Харонның урпақларына биринши шек түскенликтен, 55оларға Яҳудадағы Хеброн ҳәм оның әтирапындағы жайлаўлар берилди. 56Ал қала дөгерегиндеги атыз ҳәм аўыллар Ефунне улы Калебке берилди.

57Солай етип, Харонның урпақларына паналайтуғын қалалар: Хеброн, Либна, Яттир, Эштемоа, 58Хилез, Дебир, 59Ашан ҳәм Бейт-Шемеш қалалары жайлаўлары менен қоса берилди. 60Бенямин урыўынан да оларға Геба, Алемет, Анатот қалалары жайлаўлары менен қоса берилди. Қоҳат тийресине берилген бул қалалар барлығы болып он үш еди.

61Қоҳат тийресиниң қалғанларына Менашше урыўының ярымынан алынған он қала шек таслаў арқалы берилди.

62Гершом урпағына тийре санына қарай, Иссахар, Ашер, Нафталий урыўларынан ҳәм Башандағы Менашше урыўынан алынған он үш қала шек бойынша берилди.

63Мерарий урпағына тийре санына қарай, Рубен, Гад ҳәм Зебулон урыўларынан алынған он еки қала шек бойынша берилди.

64Израиллылар бул қалаларды жайлаўлары менен қоса лебийлилерге берди. 65Яҳуда, Шимон, Бенямин урыўларынан алынған ҳәм жоқарыда атлары аталған қалалар шек таслаў арқалы берилди.

66Қоҳат тийресинен болған базы шаңарақларға Эфрайым урыўына тийисли жерлерден қалалар берилди. 67Оларға Эфрайымның таўлы үлкесиндеги паналайтуғын қала Шехем, Гезер, 68Иоқмеам, Бейт-Хорон, 69Айялон ҳәм Гат-Риммон қалалары жайлаўлары менен қоса берилди.

70Қоҳат тийресиниң қалған шаңарақларына Менашше урыўының ярымынан алынған Анер ҳәм Билеам қалалары жайлаўлары менен қоса берилди.

71Гершом урпағына мына қалалар жайлаўлары менен қоса берилди:

Менашше урыўының ярымына тийисли жерлерден: Башандағы Голан ҳәм Аштарот.

72Иссахар урыўынан: Кедеш, Даберат, 73Рамот ҳәм Анем.

74Ашер урыўынан: Машал, Абдон, 75Хуқоқ ҳәм Рехоб.

76Нафталий урыўынан: Галиладағы Кедеш, Хаммон ҳәм Кирятайым.

77Мерарий урпақларының қалғанларына мына қалалар жайлаўлары менен қоса берилди:

Зебулон урыўынан: Риммоно ҳәм Табор.

78Рубен урыўынан: Ерихоның қарсы алдында, Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде жайласқан шөлдеги Бесер, сондай-ақ, Яҳаса, 79Кедемот ҳәм Мефаат.

80Гад урыўынан: Гиладтағы Рамот, Маханайым, 81Хешбон ҳәм Язер.
Copyright information for KaaIBT22C