‏ 1 Chronicles 7

Иссахардың урпақлары

1Иссахардың Тола, Пуа, Яшуб ҳәм Шимрон деген төрт улы бар еди.

2Толаның уллары: Уззий, Рефая, Ериел, Яхмай, Ибсам ҳәм Самуел. Олар өз әўладларының басшылары еди. Даўыт патшалық еткен дәўирде, Тола урпақларының шежиресинде олардан жигирма еки мың алты жүз мәрт жаўынгер есапқа алынған.

3Уззийдиң улы Израхия. Израхияның уллары: Михаил, Обадия, Иоел ҳәм Ишшия. Олардың бесеўи де әўлад басшылары еди. 4Олардың ҳаяллары да, балалары да көп болғанлықтан, әўладының шежиреси бойынша оларда урысқа жарамлы отыз алты мың адам бар еди. 5Урыў шежиреси бойынша, Иссахар урыўының тийрелеринен сексен жети мың мәрт жаўынгер есапқа алынған.

Беняминниң урпағы

6Беняминниң үш улы бар еди: Бела, Бехер ҳәм Едиаел.

7Беланың бес улы бар еди: Эсбон, Уззий, Уззиел, Еримот ҳәм Ирий. Олардың бесеўи де әўлад басшылары еди. Олардың шежиресинде жигирма еки мың отыз төрт мәрт жаўынгер дизимге алынған еди.

8Бехердиң уллары: Земира, Иоаш, Элиезер, Элйоенай, Омрий, Еремот, Абия, Анатот ҳәм Алемет. Булардың ҳәммеси Бехердиң уллары еди. 9Олардың шежиресинде әўлад басшылары ҳәм жигирма мың еки жүз мәрт жаўынгер дизимге алынған.

10Едиаелдиң улы: Билҳан. Билҳанның уллары: Еуш, Бенямин, Эҳуд, Кенаана, Зетан, Таршиш ҳәм Ахишахар. 11Едиаелдиң барлық уллары әўлад басшылары еди. Оларда урысқа жарамлы он жети мың еки жүз мәрт жаўынгер бар еди. 12Шуппим ҳәм Хуппим Ирдиң, Хушим болса, Ахердиң урпақлары еди.

Нафталий урыўы

13Нафталийдиң уллары: Яхсиел, Гуний, Есер ҳәм Шаллум. Олар Яқыптың тоқалы Билҳадан тараған урпақлар еди.

Менашше урыўы

14Менашшениң уллары: арамлы тоқалынан туўылған уллары Асриел ҳәм Махир. Махир Гиладтың әкеси еди. 15Махир Хуппим менен Шуппимниң қарындасы Мааханы ҳаяллыққа алды. Менашшениң басқа урпағының аты Селофехад болып, оның тек ғана қызлары болды.

16Махирдиң ҳаялы Мааха ул туўып, атын Переш деп қойды. Оның инисиниң аты Шереш еди. Шерештиң Улам ҳәм Рекем атлы еки улы болды.

17Уламның улы Бедан.

Менашшениң ақлығы Махирдиң улы Гиладтың әўлады усылардан ибарат еди.

18Махирдиң қарындасы Ҳаммолехет Ишҳодты, Абиезерди ҳәм Махланы туўды.

19Шемиданың уллары: Ахиян, Шехем, Ликхий ҳәм Аниам.

Эфрайымның урпағы

20Эфрайымның Шутелах деген улы бар еди. Шутелахтан Беред, Бередтен Тахат, Тахаттан Элада, Элададан Тахат, 21Тахаттан Забад, Забадтан Шутелах туўылды. Эфрайымның Шутелахтан басқа Эзер ҳәм Элад деген уллары да болды. Эзер менен Элад Гат қаласының тийкарғы турғынларына қараслы малларды урлап алып кетпекши болғанда, гатлылар оларды өлтирди. 22Олардың әкеси Эфрайым узақ ўақыт аза тутты. Сонда туўысқанлары оны жубатыўға келди. 23Эфрайым және ҳаялы менен жатты ҳәм ҳаялы жүкли болып, бир ул туўды. Үйинде бахытсызлық жүз бергени ушын, әкеси баланың атын Бериа
Бериа – бул аттың айтылыўы еврей тилиндеги «бахытсызлық» сөзи менен үнлес келеди.
деп қойды.
24Оның Шеера деген қызы да бар еди. Шеера төменги ҳәм жоқарғы Бейт-Хорон ҳәм Уззен-Шеера қалаларының тийкарын салды.

25Эфрайымның Рефах атлы басқа бир улы да бар еди. Рефахтан Решеф, Решефтен Телах, Телахтан Тахан, 26Таханнан Лаадан, Лааданнан Аммиҳуд, Аммиҳудтан Элишама, 27Элишамадан Нун, Нуннан Ешуа туўылды.

28Эфрайымлылардың жайласқан жерлери Бейт-Элди ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды, шығыстағы Нааранды, батыстағы Гезерди ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды, Шехемди, Айяны ҳәм олардың дөгерегиндеги аўылларды өз ишине алды. 29Менашше урыўының жерлерине шегаралас Бейт-Шеан, Таанах, Мегиддо ҳәм Дор қалалары, және оларға тийисли аўыллар бар еди. Израил улы Юсуптиң урпағы усы жерлерде жасады.

Ашердиң урпағы

30Ашердиң уллары: Имна, Ишўа, Ишўий, Бериа ҳәм олардың қыз туўысқаны Серах. 31Берианың уллары: Хебер ҳәм Бирзаиттың тийкарын салған Малкиел.

32Хебердиң Яфлет, Шомер, Хотам атлы уллары ҳәм Шуўа атлы бир қызы бар еди.

33Яфлеттиң уллары: Пасах, Бимҳал ҳәм Ашўат. Яфлеттиң уллары усылар еди.

34Шамердиң уллары: Ахий, Роҳага, Хубба ҳәм Арам.

35Оның туўысқаны Ҳелемниң уллары: Софах, Имна, Шелеш ҳәм Амал.

36Софахтың уллары: Суах, Харнефер, Шуўал, Берий, Имра, 37Бесер, Ҳод, Шамма, Шилша, Итран ҳәм Беера.

38Етердиң уллары: Ефунне, Писпа ҳәм Ара.

39Улланың уллары: Арах, Ханниел ҳәм Рисия.

40Булардың ҳәммеси Ашерден тараған урпақлар болып, олар әўлад басшылары, таңланған мәрт жаўынгерлер, абырайлы басшылар еди. Ашер урыўының шежиреси бойынша, урысқа жарамлы жигирма алты мың адам есапқа алынған еди.
Copyright information for KaaIBT22C