1 Chronicles 8
Беняминниң урпақлары
1Беняминниң туңғыш улы Бела, екинши улы Ашбел, үшинши улы Ахрах, 2төртинши улы Ноха, бесинши улы Рафа еди. 3Беланың уллары: Аддар, Гера, Абиҳуд, 4Абишуа, Нааман, Ахоах, 5Гера, Шефуфан ҳәм Хурам. 6Гебада жасап, кейин Манахатқа сүргин етилген әўладлардың басшылары болған Эхудтың уллары: 7Нааман, Ахия ҳәм буларды баслап алып барған Гера. Гера Узза менен Ахихудтың әкеси еди. 8Шахарайым еки ҳаялы Хушим менен Баарадан ажырасқаннан кейин, Моаб үлкесинде уллар көрди. 9Ол кейинги алған ҳаялы Ходештен Иобаб, Сибия, Меша, Малкам, 10Еус, Сахия ҳәм Мирма атлы улларды көрди. Шахарайымның усы улларының ҳәммеси әўлад басшылары еди. 11Шахарайымның Хушим деген ҳаялынан да Абитуб ҳәм Элпаал атлы еки улы бар еди. 12Элпаалдың уллары: Эбер, Мишам, сондай-ақ, Оно ҳәм Лод қалалары менен оның әтирапындағы аўылларды қурған Шемед, 13және Бериа ҳәм Шема. Бериа менен Шема Айялонда жасайтуғын халықтың әўлад басшылары еди. Олар Гат турғынларын сол қаладан қуўып жиберген еди. 14Ахйо, Шашақ, Еремот, 15Зебадия, Арад, Эдер, 16Михаил, Ишпа ҳәм Иоха – булар Берианың уллары еди. 17Зебадия, Мешуллам, Хизкий, Хебер, 18Ишмерай, Излиа ҳәм Иобаб – булар Элпаалдың уллары еди. 19Яким, Зихрий, Забдий, 20Элиенай, Силлетай, Элиел, 21Адая, Берая ҳәм Шимрат – булар Шимейдиң уллары еди. 22Ишпан, Эбер, Элиел, 23Абдон, Зихрий, Ханан, 24Ханания, Элам, Антотия, 25Ифдея ҳәм Пенуел – булар Шашақтың уллары еди. 26Шамшерай, Шехария, Аталия, 27Ярешия, Илияс ҳәм Зихрий – булар Ерохамның уллары еди. 28Булардың ҳәммесиниң әўлад басшылары ҳәм көсемлер болғанлығы шежиреде жазылған. Олар Ерусалимде жасады.Патша Шаулдың шежиреси
29Гибонның тийкарын салған адам Гибонда жасады. Оның ҳаялының аты Мааха еди. 30Туңғыш улы Абдон, кейинги уллары: Сур, Киш, Баал, Надаб, 31Гедор, Ахйо, Зехер 32ҳәм Шимеаның әкеси Миклот. Булар Ерусалимде, ағайинлериниң жанында жасады. 33Нер Киштиң, Киш Шаулдың әкеси еди. Шаул Ионатанның, Малкий-Шуаның, Абинадабтың ҳәм Эшбаалдың әкеси еди. 34Ионатан Мериб-Баалдың, Мериб-Баал Миханың әкеси еди. 35Миханың уллары: Питон, Мелех, Тареа ҳәм Ахаз. 36Ахаз Еҳоадданың әкеси еди. Еҳоадда Алемет, Азмаўет ҳәм Зимрийдиң әкеси еди. Зимрий Мосаның, 37Моса Бинеаның, Бинеа Рефаның, Рефа Эласаның, Эласа Аселдиң әкеси еди. 38Аселдиң алты улы бар еди. Олардың атлары: Азриқам, Бохеру, Исмайыл, Шеария, Обадия ҳәм Ханан. Булардың барлығы Аселдиң уллары еди. 39Аселдиң иниси Эшектиң уллары: туңғыш улы Улам, екиншиси Еуш, үшиншиси Элифелет. 40Уламның уллары оқ жай атыўға шебер, мәрт жаўынгерлер болды. Уламның уллары ҳәм ақлықлары көп болып, олар барлығы болып бир жүз елиў еди. Булардың ҳәммеси Беняминниң урпақлары еди.
Copyright information for
KaaIBT22C