1 Chronicles 9
1Солай етип, пүткил Израил халқы Израил патшаларының жылнама китабында жазылған шежиреге киргизилген еди.Сүргиннен Ерусалимге қайтқан халық
Яҳуда халқы Жаратқан Ийеге қыянет ислегени ушын, Бабилонияға сүргин етилген еди. 2Өз қалаларындағы өз ийеликлерине израиллылар руўханийлер, лебийлилер ҳәм Ибадатхана хызметшилери менен бирге биринши болып қайтып келип, қоныс басты. 3Яҳуда, Бенямин, Эфрайым ҳәм Менашше урыўынан болған мына адамлар Ерусалимде жасады: 4Яҳуданың улы Перестиң урпағынан: Банийдиң қуўлығы Имрийдиң шаўлығы Омрийдиң ақлығы Аммиҳудтың улы Утай. 5Шеланың урпағынан: туңғыш улы Асая ҳәм оның уллары. 6Зерахтың урпағынан: Еуел ҳәм оның туўысқанлары. Яҳуда урыўынан ҳәммеси болып алты жүз тоқсан адам еди. 7Бенямин урыўынан: Ҳассенуаның шаўлығы Ҳодаўияның ақлығы Мешулламның улы Саллу, 8Ерохамның улы Ибнея, Михрийдиң ақлығы Уззийдиң улы Эла ҳәм Ибнияның шаўлығы Реуелдиң ақлығы Шефатияның улы Мешуллам. 9Шежиресинде жазылғаны бойынша Бенямин урыўынан тоғыз жүз елиў алты адам еди. Булардың ҳәммеси әўлад басшылары еди. 10Руўханийлер: Едая, Еҳояриб, Яхин 11ҳәм Азария. Азария Хилкияның улы Мешулламның ақлығы Садоқтың шаўлығы Мерайоттың қуўлығы Ахитубтың жаўлығы еди. Ахитуб Қудайдың Үйиниң бас хызметкери еди. 12Малкияның шаўлығы Пашхурдың ақлығы Ерохамның улы Адая ҳәм Иммердиң жаўлығы Мешиллемиттиң қуўлығы Мешулламның шаўлығы Яхзераның ақлығы Адиелдиң улы Маасай. 13Әўлад басшылары болған Қудайдың Үйиниң хызметшилери барлығы бир мың жети жүз алпыс адам еди. Олар Қудайдың Үйиндеги ислерди шеберлик пенен атқаратуғын еди. 14Лебийлилер: Мерарий урпағынан: Хашабияның шаўлығы Азриқамның ақлығы Хашшубтың улы Шемая, 15Бақбаққар, Хереш, Галал ҳәм Маттания. Маттания Асафтың шаўлығы Зихрийдиң ақлығы Миханың улы еди. 16Едутунның шаўлығы Галалдың ақлығы Шемаяның улы Обадия ҳәм нетофалылардың аўылларында жасап атырған Элқананың ақлығы Асаның улы Берехия. 17Қудайдың Үйиндеги дәрўаза қараўыллары: Шаллум, Аққуб, Талмон, Ахиман. Олардың туўысқаны Шаллум олардың басшысы еди. 18Олар бүгинге дейин, шығыс тәрептеги Патша дәрўазасында хызмет етип келеди. Лебийлилердиң ордасынан болған дәрўаза қараўыллары да усылар еди. 19Қорахтың шаўлығы Эбясафтың ақлығы Қорениң улы Шаллум ҳәм оның Қорах әўладынан болған туўысқанлары Үйдиң кирер аўзын қараўыллады. Олардың ата-бабалары да Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының кирер аўзын қараўыллаған еди. 20Алдынғы ўақытлары Элазар улы Пинехас дәрўаза қараўылларын басқарған еди ҳәм Жаратқан Ийе оның менен бирге еди. 21Мешелемия улы Зехария Ушырасыў шатырының дәрўазасының қараўылы еди. 22Таңлап алынған дәрўаза қараўыллары барлығы болып еки жүз он еки адам еди. Олар аўыллары бойынша шежиреге киргизилди. Оларды бул жуўапкершиликли ўазыйпаға Даўыт ҳәм көзи ашық Самуел тайынлаған еди. 23Олар ҳәм олардың урпақлары Жаратқан Ийениң Үйиниң, яғный Шатырының дәрўазасында сақшылық қылатуғын еди. 24Олар төрт тәрептеги: шығыс, батыс, арқа ҳәм қубладағы дәрўазаларды қараўыллады. 25Олардың аўылларда жасайтуғын туўысқанлары ўақты-ўақты келип, жети күнлик хызметти олар менен бөлисип ислеўге миннетли болды. 26Бас дәрўаза қараўылларының төртеўи де лебийли болып, оларға Қудайдың Үйиндеги бөлмелер ҳәм ғәзийнеханалар исенип тапсырылған еди. 27Оларға Қудайдың Үйин қараўыллаў ҳәм ҳәр таңда қапыларды ашыў ўазыйпасы жүкленгенликтен, олар түнди Қудайдың Үйи әтирапында өткеретуғын еди. 28Лебийлилердиң базылары Қудайдың Үйиниң хызметинде қолланылатуғын затларға жуўапкер болды. Олар затларды хызмет ушын бергенде де, қайтарып алғанда да санайтуғын еди. 29Олардың басқалары Қудайдың Үйиндеги буйымларға ҳәм басқа барлық затларға, сондай-ақ сапалы унға, шарапқа, зәйтүн майына, ливан шайырына ҳәм хош ийисли затларға жуўапкер еди. 30Ал руўханийлердиң базылары хош ийисли затларды араластырып таярлаў хызметин атқарды. 31Қорахтың урпағынан Шаллумның туңғыш улы, лебийли Маттития садақа етип усынылатуғын нанларды таярлаў хызметине қойылған еди. 32Оның Қоҳат урпағынан болған базы туўысқанларына болса, ҳәр Шаббат күни усынылатуғын нанларды таярлап, оларды усыныў хызмети жүкленди. 33Лебийлилердиң әўлад басшылары болған сазенде ҳәм қосықшылар Қудайдың Үйиниң бөлмелеринде жасады. Олар күни-түни хызметте болғанлықтан, хызметтиң басқа түрлеринен азат болды. 34Булардың ҳәммеси урпақ шежиреси бойынша лебийлилердиң әўлад басшылары еди ҳәм олар Ерусалимде жасайтуғын еди.Патша Шаулдың шежиреси
35Гибонның тийкарын салған Еиел Гибонда жасады. Оның ҳаялының аты Мааха еди. 36Еиелдиң туңғыш улы Абдон, кейинги уллары: Сур, Киш, Баал, Нер, Надаб, 37Гедор, Ахйо, Зехария ҳәм Миклот. 38Миклот Шимеамның әкеси еди. Булар Ерусалимде, ағайинлериниң жанында жасады. 39Нер Киштиң, Киш Шаулдың әкеси еди. Шаул Ионатанның, Малкий-Шуаның, Абинадабтың ҳәм Эшбаалдың әкеси еди. 40Ионатан Мериб-Баалдың, Мериб-Баал Миханың әкеси еди. 41Миханың уллары: Питон, Мелех ҳәм Тахреа ▼. 42Ахаз Яраның әкеси еди. Яра Алемет, Азмаўет ҳәм Зимрийдиң әкеси еди. Зимрий Мосаның, 43Моса Бинеаның, Бинеа Рефаяның, Рефая Эласаның, Эласа Аселдиң әкеси еди. 44Аселдиң алты улы бар еди. Олардың атлары: Азриқам, Бохеру, Исмайыл, Шеария, Обадия ҳәм Ханан. Булар Аселдиң уллары еди.
Copyright information for
KaaIBT22C