‏ 1 Corinthians 1

Сәлемнама ҳәм Қудайға шүкирлик билдириў

1Қудайдың қәлеўи менен Масийх Ийсаның елшиси болыўға шақырылған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Состенистен, 2Коринф қаласындағы Қудайдың жәмәәтине сәлем! Бизлер бул хатты Ийемиз Ийса Масийхтың атын ҳәмме жерде айтып шақырыўшылардың ҳәммеси менен бирге Масийх Ийса арқалы мухаддес қылынған ҳәм мухаддеслер
Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
деп аталған сизлерге жазып атырмыз. Ийса Масийх – олардың да, бизлердиң де Ийемиз.
3Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!

4Қудайдың Масийх Ийса арқалы сизлерге берген мийрими себепли, сизлер ушын Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен. 5Өйткени сизлер Масийх пенен қатнас жасағанлықтан, ҳәр тәреплеме бай болдыңлар. Әсиресе Қудайдың сөзин айтыўда шешен ҳәм ҳәр қыйлы билимге ийе болдыңлар. 6Бизлердиң Масийх Ийса ҳаққында гүўалығымыз сизлердиң өмириңизде усылай тастыйықланды. 7Солай етип, сизлер ҳеш қандай руўхый сыйдан
Руўхый сый – Өзине хызмет етиўи ушын, Қудайдың исениўшилерге беретуғын сыйы.
кемшилик көрмей, Ийемиз Ийса Масийхтың қайта келиўин интизарлық пенен күтесизлер.
8Ол келетуғын күни айыпсыз болыўыңыз ушын, Қудай сизлерди ақырына дейин беккем қылады. 9Сизлерди Өз Улы Ийемиз Ийса Масийх пенен қатнаста болыўға шақырған Қудай – садық.

Коринф жәмәәтиндеги бөлиниўлер ҳаққында

10Туўысқанларым! Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен ескертемен: ҳәммеңиз аўызбиршиликли болыңлар. Араңызда бөлиниў болмай, бир ой ҳәм бир мақсет пенен бирлесиңлер. 11Себеби туўысқанларым, Хлойстың үй-ишиндеги адамлардан араңызда тартыслар бар екенин билдим. 12Мениң айтажағым мынаў: сизлер: «Мен Павелге тийислимен», «Мен Аполлосқа тийислимен», «Мен Кифаға
Кифа – яғный Петр.
тийислимен» ямаса «Мен Масийхқа тийислимен» деп айтып жүрген қусайсыз.

13Масийх бөлинди ме? Сизлер ушын атанақ ағашқа Павел шегеленип пе еди? Сизлер Павелдиң аты менен суўға шомылдырылған
Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим адамлардың Қудайдың алдында тәўбе етип, таза өмирди баслаўының нышаны.
ба едиңиз?
14Мен сизлердиң араңыздан Криспус пенен Гаюстан басқа ҳеш кимди суўға шомылдырмағаным ушын Қудайға шүкирлик етемен. 15Сонлықтан ҳеш ким мениң атым менен суўға шомылдырылдым, деп айта алмайды. 16Ырас, мен тағы Степанның үйи ишиндегилерди де суўға шомылдырдым. Булардан басқа және кимлерди суўға шомылдырғанымды есиме түсире алмайман. 17Масийх мени суўға шомылдырыў ушын емес, ал Хош Хабарды жәриялаў ушын жиберди. Масийхтың атанақ ағаштағы өлими әҳмийетин жойтпаўы ушын, мен Хош Хабарды шешенлик пенен жәрияламадым.

Масийх – Қудайдың қүдирети ҳәм даналығы

18Масийхтың атанақ ағашы ҳаққында сөзлер набыт болатуғынлар ушын ақмақлық, бирақ қутқарылатуғын бизлер ушын Қудайдың қүдирети. 19Өйткени Мухаддес Жазыўда Қудай былай деген: «Даналардың даналығын жоқ етемен,
Ақыллы адамлардың ақылын босқа шығараман».

20Олай болса, дана адам қәне? Алым қәне? Ҳәзирги заманның ойшылы қәне? Қудай дүньяның даналығын ақылсызлыққа айландырмады ма? 21Себеби дүньяның өз ақыл-даналығы менен Қудайды билмеўи Қудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан Қудай исенген адамларды бизлердиң ақылсыз деп саналған ўазымыз бенен қутқарыўды мақул көрди. 22Яҳудийлер кәраматлы белгилер көрсетиўимизди талап етеди, греклер ўазымыздан даналық излейди. 23Бирақ бизлер атанақ ағашқа шегеленген Масийх ҳаққында жәриялап атырмыз. Яҳудийлер ушын бул тосқынлық болады, ал басқа миллетлер ушын ақылсызлық болып көринеди. 24Қудай тәрепинен таңланғанлар ушын болса, ол я яҳудий болсын, я грек болсын, атанақ ағашқа шегеленген усы Масийх – Қудайдың қүдирети ҳәм Оның даналығы. 25Өйткени Қудайдың «ақылсызлығы» адамның даналығынан анағурлым үстинирек, Қудайдың «ҳәлсизлиги» адамның күшинен анағурлым қүдиретлирек.

26Туўысқанларым, Қудай тәрепинен шақырылған ўақтыңызда ким болғаныңызды еске түсирип көриңлер. Адамның көз қарасы бойынша араңызда даналар да, бийликке ийе адамлар да, ақсүйек адамлар да көп емес еди. 27Бирақ, Қудай даналарды уятқа қалдырыў ушын, дүнья ақылсыз деп санаған адамларды, күшлилерди уятқа қалдырыў ушын, дүнья ҳәлсиз деп санаған адамларды таңлады. 28Ол және де, дүнья әҳмийетли деп санағанларды арзымас қылыў ушын, дүнья шығысы төмен, пәс ҳәм әҳмийетсиз деп санағанларды таңлады. 29Қудай буны Өзиниң алдында ҳеш бир адам мақтанбаўы ушын иследи. 30Бирақ, сизлер өмириңиздиң тийкары болған Қудай себепли, Масийх Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масийх бизлер ушын Қудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап, мухаддес қылды ҳәм гүналарымыз ушын төлем төлеп қутқарды. 31Солай етип, Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Жаратқан Ийе менен мақтансын».
Copyright information for KaaIBT22C