‏ 1 Corinthians 10

Бутқа табынбаңлар!

1Туўысқанларым! Сизлердиң мынадан хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен: Қудай бизлердиң, яғный яҳудийлердиң ата-бабаларының ҳәммесин булттың жетелеўи менен жүргизип, олардың барлығын теңизден кесип өткизди . 2Олардың ҳәммеси булт астында ҳәм теңизде суўға шомылдырыў рәсиминен өткендей болып, Муўсаның изине ериўшилер болды. 3Ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей аўқатты жеди . 4Және де, олардың ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей суўды ишти . Себеби олар өзлери менен бирге болған кәраматлы жартастан суў ишкен еди. Бул жартас – Масийх еди. 5Деген менен, олардың көбисине Қудайдың кеўли толмағанлықтан, сүйеклери шөлде қалды.

6Израиллылар сыяқлы жаман нәрселерди қәлемесин деп, бул ўақыялар бизлерге сабақ болыўы ушын жүз берди. 7Олардың айырымлары сыяқлы бутпараз болмаңлар. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Халық ишип-жеў ушын отырды ҳәм кейин орынларынан турып, ойынға түсти». 8Олардың айырымлары сыяқлы бузықшылық ислемейик. Усылай ислеп, бир күнниң ишинде жигирма үш мың адам набыт болды . 9Олардың базылары сыяқлы Ийемизди
Ийемизди – Базы қолжазбаларда «Масийхты».
сынамайық. Усылай ислегенлерди жылан шағып өлтирген еди .
10Олардың айырымлары сыяқлы налымаңлар. Усылай ислегенлерди набыт қылыўшы периште өлтирген еди .

11Олардың басынан кешкен бул ўақыялар басқаларға сабақ болыўы ушын жүз берди ҳәм соңғы заманларда жасап атырған бизлерге ескертиў болыўы ушын жазылды. 12Сонлықтан исенимде беккем турман деп есаплайтуғын адам усындай гүналарды ислеўден сақ болсын! 13Сизлердиң басыңызға ҳәмме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Қудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен бирликте олардан шығыў жолын да береди.

14Сонлықтан сүйикли туўысқанларым, бутпаразлықтан қашыңлар! 15Мен сизлерге ақыллы адамларға сөйлегендей, сөйлеп атырман. Сөзлеримди өзлериңиз ақылға салып көриңлер. 16Бизлер шүкирлик билдирип ишетуғын жарылқаў кесеси арқалы Масийхтың қанына шериклес болмаймыз ба? Сындырып жеген нанымыз арқалы да Масийхтың денесине шериклес болмаймыз ба? 17Нан бир болғанлықтан, бизлер көп болсақ та, бир денемиз. Себеби ҳәммемиз бир нанды бөлисемиз. 18Израил халқына қараңлар: қурбанлыққа берилгенлерди жеген адамлар қурбанлық орындағы хызметке шериклес болмай ма? 19Енди мен не демекшимен? Бутқа шалынған қурбанлық айрықша ма? Буттың қандай да бир әҳмийети бар ма? 20Яқ, олай емес! Мениң айтатуғыным мынаў: бутқа табыныўшылар қурбанлықларын Қудайға емес, ал жинлерге береди. Мен сизлердиң жинлерге шериклес болыўыңызды қәлемеймен. 21Сизлер ҳәм Ийемиздиң кесесинен, ҳәм жинлердиң кесесинен ише алмайсызлар. Және де, ҳәм Ийемиздиң дастурханына, ҳәм жинлердиң дастурханына шерик бола алмайсызлар. 22Ийемизди қызғандырыўға қалай батылымыз барады? Бизлер не, Оннан күшлимиз бе?

Ҳәр бир ис-ҳәрекетиңиз арқалы Қудайды даңққа бөлеңлер!

23Сизлер: «Не ислесем де ерклимен», – дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де пайдалы емес. «Не ислесем де ерклимен», – дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де исенимди жетилистирмейди. 24Ҳәр бир адам өзиниң емес, ал басқалардың пайдасын гөзлесин. 25Ҳүжданыңыздың тыныш болыўы ушын, базарда сатылатуғын ҳәр қандай гөштиң қандай гөш екенин сорамастан жеңлер. 26Өйткени: «Жер жүзи ҳәм жер жүзиндеги пүткил барлық Жаратқан Ийеге тийисли».

27Егер исениўши емес бир адам сени аўқатқа шақырса ҳәм сен де барыўды қәлесең, ҳүжданыңның тыныш болыўы ушын, алдыңа қойылған ҳәр бир нәрсени сорамастан же. 28Бирақ, биреў саған: «Бул бутқа берилген қурбанлықтың гөши» десе, айтқан адамның ҳүрмети ушын ҳәм оның ҳүжданы ушын аўқатты жеме
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Себеби жер Ийемиздики, оны толтырып турғанлар да».
.
29Мен ҳүждан деп, сениң емес, ал басқа адамның ҳүжданын нәзерде тутып атырман. Себеби неге мениң азатлығымды басқа биреўдиң ҳүжданы ҳүким етиўи керек? 30Егер мен аўқатты шүкирлик пенен қабыл етсем, мен неге шүкирлик етип жеген аўқатым себепли айыпланыўым керек?

31Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нәрсени ислесеңиз де, ҳәмме нәрсени Қудайдың даңққа бөлениўи ушын ислеңлер. 32Яҳудийлердиң де, греклердиң де, Қудайдың жәмәәтлериниң де азғырылыўына себеп болмаңлар. 33Мен де өзимниң пайдамды емес, ал көплердиң қутқарылыўы ушын олардың пайдасын гөзлеп, ҳәр бир исте ҳәр бир адамның кеўлинен шығыўға тырысып атырман.
Copyright information for KaaIBT22C