‏ 1 Corinthians 11

1Мениң Масийхтан өрнек алғаным сыяқлы, сизлер де меннен өрнек алыңлар.

Ҳаяллардың басын жабыўы ҳаққында

2Мени ҳәр бир исте ядыңызға түсирип, мен сизлерге үйреткен дәстүрлер бойынша ис тутып атырғаныңыз ушын сизлерди мақтайман. 3Бирақ, мен мына нәрсени де билиўиңизди қәлеймен: ҳәр бир ер адамның басы Масийх, ҳаялдың басы күйеўи, ал Масийхтың басы Қудай. 4Жәмәәт жыйналысында басын жаўып дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳәр бир ер адам өз басы болған Масийхты бийабырай қылады. 5Ал, басын жаўмай дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳәр бир ҳаял өз басы болған күйеўин бийабырай қылады. Бундай ҳаялдың шашын алдырып таслаған ҳаялдан парқы болмайды. 6Егер ҳаял басын жапқысы келмесе, шашын кестиргени жақсы. Бирақ, ҳаял шашын кестириўди ямаса алдырыўды айып деп билсе, басын жабыўы керек. 7Ер адам басын жаппасын. Өйткени ер адам Қудайға уқсатып жаратылған ҳәм Оның даңқын көрсетеди. Ал ҳаял ер адамның даңқын көрсетеди. 8Себеби ер адам ҳаялдан емес, ал ҳаял ер адамнан жаратылды. 9Ер адам ҳаял ушын емес, ал ҳаял ер адам ушын жаратылды. 10Сонлықтан да периштелер себепли, ҳаял өзиниң бийлик астында екенин көрсетиў ушын басын жабыўы керек.

11Деген менен, Ийемизге тийисли адамлардың өмиринде ҳаял ер адамнан, ер адам ҳаялдан ғәрезли. 12Өйткени ҳаял ер адамнан жаратылғаны сыяқлы, ер адам да ҳаялдан туўылады. Бирақ, ҳәммесин Қудай жаратқан. 13Өзлериңиз ақыл жуўыртып көриңлер: ҳаялдың Қудайға басын жаппай дуўа етиўи әдепке жата ма? 14Тәбияттың өзи узын шаш ер адам ушын уят екенин, 15бирақ ҳаял ушын абырай екенин үйретпей ме? Себеби узын шаш ҳаялдың басын жабыўы кереклигин көрсетеди. 16Бул ҳаққында тартысыўды қәлейтуғын адам бар болса, ол билсин, бизлерде де, Қудайдың жәмәәтлеринде де буннан басқа әдет жоқ.

Ийемизди еслеў кешеси

17Енди мына жол-жорықты берип атырып, сизлерди мақтамайман, өйткени жыйналысларыңыздың пайдасынан гөре, зыяны көп. 18Бириншиден, жәмәәтте жыйналғаныңызда араңызда бөлиниўлер бар екенин еситип атырман. Буған жарым-жарты болса да исенемен. 19Себеби, әлбетте, дурыс пикир жүргизиўшилер анықланыўы ушын, араңызда ҳәр түрли пикир жүргизиўши топарлар болыўы тийис.

20Сизлер бөлинип турып, Ийемизди еслеў кешесин өткизиў ушын бирге жыйналсаңыз, бул шын мәнисиндеги Ийемизди еслеў кешеси болмайды. 21Өйткени ҳәр ким өзиниң аўқатын басқалардан бурын жеўге асыққанлықтан, биреў аш қалады, биреў мәс болады. 22Сизлердиң ишип-жеўиңиз ушын үйлериңиз жоқ па? Қудайдың жәмәәтин писент етпей, жоқшылықта жасайтуғынларды уялтқыңыз келе ме? Сизлерге не деймен? Сизлерди мақтайын ба? Яқ, бул ушын мақтамайман!

23Сизлерге тапсырған мына жол-жорығымды мен Ийемизден алдым: қолға услап берилетуғын күни түнде Ийемиз Ийса қолына нанды алды да, 24шүкирлик билдирди ҳәм нанды сындырып, былай деди: «Бул – сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар». 25Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып былай деди: «Бул кесе – Мениң қаным менен бекитилетуғын жаңа келисим. Оны ҳәр ишкениңизде Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар» . 26Себеби бул наннан ҳәр жегениңизде ҳәм бул кеседен ҳәр ишкениңизде, Ийемиз қайта келиўге дейин Оның өлими ҳаққында жәриялаған боласызлар.

27Сонлықтан ким де ким ылайықсыз түрде Ийемиздиң бул нанын жеп, кесесинен ишсе, Ийемиздиң денесине ҳәм Оның қанына қарсы гүна ислеген болады. 28Ҳәр бир адам өзин тексерип көрсин, соңынан нанды жеп, кеседен ишсин. 29Өйткени ким де ким Ийемиздиң денесин писент етпей, ылайықсыз түрде нанды жеп, кеседен ишсе, өз-өзин Қудайдың ҳүкимине дуўшар қылған болады. 30Сол себептен араңыздағы көплериңиз ҳәлсиз ҳәм аўырыўсыз, өлип қалған адамлар да көп болды. 31Егер бизлер өз-өзимизди тексерип көргенимизде, Қудай тәрепинен ҳүким етилмеген болар едик. 32Бирақ, дүнья менен бирге ҳүким етилмеўимиз ушын, Ийемиз бизлерди жазалап, тәрбиялайды.

33Солай етип, туўысқанларым, бир жерге жыйналғаныңызда ҳәм аўқатланғаныңызда, бир-бириңизди күтиңлер. 34Егер ким де ким аш болса, үйинде аўқатланып келсин. Сонда жыйналысыңыз Қудайдың ҳүкимине ушырамайды. Басқа мәселелерге келсек, олар бойынша өзим барғанымда жол-жорық беремен.
Copyright information for KaaIBT22C