‏ 1 Corinthians 12

Руўхый сыйлар ҳаққында

1Енди руўхый сыйларға келсек, туўысқанларым, сизлердиң бул ҳаққында хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен. 2Сизлерге мәлим, бутпараз болған ўақтыңызда биреў мойныңызға жип салып сүйрегендей болып, тилсиз бутларға табынатуғын едиңлер. 3Сонлықтан мына нәрсени билиўиңизди қәлеймен: Қудайдың Руўхының басқарыўында сөйлейтуғын ҳеш бир адам: «Ийсаға нәлет жаўсын», – деп айтпайды. Және де, тек Мухаддес Руўх басқаратуғын адам ғана: «Ийса – мениң Ийем», – деп айта алады.

4Ҳәр қыйлы руўхый сыйлар бар, бирақ оларды беретуғын Мухаддес Руўх биреў. 5Ҳәр түрли хызметлер бар, бирақ бизлер хызмет ететуғын Ийемиз жалғыз. 6Ҳәр қыйлы ис-ҳәрекетлер бар, бирақ барлық исениўши адамлардың ҳәр бир исинде ҳәрекет етиўши Қудай жалғыз. 7Пүткил исениўшилер жәмәәтиниң пайдасы ушын, Мухаддес Руўх ҳәр бир исениўшиге Өз сыйын береди. 8Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сөзлерин, биреўге билим сөзлерин, 9сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын, 10биреўге кәраматлар көрсетиў күшин береди. Және де, сол Мухаддес Руўх биреўге пайғамбаршылық айтыў, биреўге руўхларды айырып билиў, биреўге руўхый тиллерде сөйлеў, биреўге руўхый тиллерди түсиндириў сыйын береди. 11Булардың ҳәммесин иске асырыўшы бир нәрсе ҳәм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Өз қәлеўи бойынша ҳәр кимге бөлип береди.

Жәмәәт – бир дене

12Адамның денеси биреў болғаны менен, денениң көп мүшелери бар ҳәм мүшелер көп болса да, олар бир денени қурайды. Масийхтың денеси болған исениўшилер жәмәәти де сондай. 13Себеби бизлер ким болыўымызға қарамай, яҳудий болсақ та, грек болсақ та, қул ямаса азат адам болсақ та, ҳәммемиз Масийхтың денеси болыўымыз ушын, бир Мухаддес Руўх тәрепинен шомылдырылдық. Қудай бизлердиң ҳәммемизге бир Мухаддес Руўхты берди.

14Дене бир емес, ал көп мүшелерге ийе. 15Егер аяқ: «Мен қол болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды. 16Егер қулақ: «Көз болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды. 17Егер пүткил дене көз болса, онда қалай еситиўге болады? Егер пүткил дене қулақ болса, онда қалай ийис сезиўге болады? 18Сонлықтан Қудай ҳәр бир мүшени денеге Өз қәлеўи бойынша жайластырып қойыпты. 19Егер мүшелердиң ҳәммеси бирдей болғанда, онда дене қаяқта болар еди? 20Ал ҳақыйқатында, мүшелер көп болса да, дене биреў.

21Көз қолға: «Сениң маған керегиң жоқ!» ямаса бас та аяқларға: «Сизлер маған керек емессиз!» – дей алмайды. 22Керисинше, денениң ҳәлсизирек көринген мүшелери анағурлым әҳмийетлирек болады. 23Денениң итибарсызырақ деп саналған мүшелерине көбирек ғамхорлық көрсетемиз. Көриксиз мүшелеримизге көбирек сән беремиз. 24Ал көрикли мүшелеримиз буған мүтәж емес. Солай етип, Қудай әҳмийетсиз болған мүшелеримизге әҳмийет берип, денемиздиң бирлигин сақлады. 25Буны Ол денеде бөлиниў болмасын, ал мүшелер бир-бирине ғамхорлық көрсетсин деп иследи. 26Егер бир мүше азап шексе, пүткил мүшелер бирликте азап шегеди. Бир мүше мәртебеге ериссе, пүткил мүшелер бирликте қуўанады.

27Солай етип, сизлер бирликте Масийхтың денесисиз, ал ҳәр бириңиз өз алдыңызға усы денениң мүшелерисиз. 28Қудай исениўшилер жәмәәтинде бириншиден елшилерди, екиншиден пайғамбарларды, үшиншиден муғаллимлерди, соңынан кәрамат көрсететуғынларды, аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе болғанларды, басқаларға жәрдем бериўшилерди, жақсы шөлкемлестириўшилерди ҳәм руўхый тиллерде сөйлейтуғынларды тайынлады. 29Ҳәммеси елши ме? Ҳәммеси пайғамбар ма? Ҳәммеси муғаллим бе? Ҳәммеси кәрамат көрсетиўши ме? 30Ҳәммеси аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе ме? Ҳәммеси руўхый тиллерде сөйлей ме? Ҳәммеси руўхый тиллерди түсиндире ме? Яқ, олай емес! 31Бирақ, сизлер уллырақ сыйларды алыўға умтылыңлар.

Енди мен сизлерге ең жақсы жолды көрсетемен.
Copyright information for KaaIBT22C