‏ 1 Corinthians 13

Сүйиспеншилик ҳаққында

1Егер мен адамлардың ҳәм периштелердиң тиллеринде сөйлесем де, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мениң шыңғырлаған мыстан ҳәм даңғырлаған дәптен парқым болмай қалады. 2Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳәм ҳәр түрли билимге ийе болсам, ҳәтте, таўларды көширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нәрсе емеспен. 3Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳәтте, өзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ.

4Сүйиспеншилик сабырлы ҳәм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды. 5Сүйиспеншилик қопаллық ислемейди, өз пайдасын гөзлемейди, тез ашыўланбайды, кек сақламайды. 6Сүйиспеншилик наҳақлыққа қуўанбайды, ал ҳақыйқатлыққа қуўанады. 7Сүйиспеншилик ҳәмме нәрсени көтереди, ҳәмме ўақытта исенеди, ҳәмме ўақытта үмит етеди, ҳәммесине шыдайды.

8Сүйиспеншилик ҳеш қашан таўысылып қалмайды. Бирақ, пайғамбаршылықлар жоқ болады, руўхый тиллерде сөйлеў сыйы тоқтап қалады, билим де жоқ болады. 9Өйткени бизлердиң билимимиз де, пайғамбаршылықларымыз да еле толық емес. 10Бирақ, минсиз болған толық нәрсе келгенде, толық емес нәрсе жоқ болады. 11Мен бала болған ўақтымда бала сыяқлы сөйлейтуғын, бала сыяқлы пикир жүргизетуғын ҳәм бала сыяқлы түсинетуғын едим. Ал ересек адам болғанымда, мен балаға тән қәсийетлерди тасладым. 12Ҳәзир бизлер ҳәммесин гүңгирт айнада көргендей гүмилжи көрип турмыз. Бирақ ақырғы ўақыт келгенде, жүзбе-жүз көремиз. Ҳәзир мен толық билимге ийе емеспен, бирақ ақырғы ўақыт келгенде, Қудай мени толық билгендей, мен де Оны толық билетуғын боламан.

13Солай етип, мына үш нәрсе мәңгиге қалады: исеним, үмит ҳәм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы – сүйиспеншилик.
Copyright information for KaaIBT22C