‏ 1 Corinthians 14

Руўхый тиллерде сөйлеў сыйы ҳәм пайғамбаршылық айтыў сыйы

1Сүйиспеншилик пенен жасаўға умтылыңлар ҳәм руўхый сыйларды, әсиресе пайғамбаршылық айтыў сыйын алыўға тырысыңлар. 2Себеби руўхый тилде сөйлеген адам адамларға емес, ал Қудайға сөйлейди. Оны ҳеш ким түсинбейди. Ол Мухаддес Руўхтың басқарыўында сырларды айтады. 3Ал пайғамбаршылық айтқан адам адамларды беккемлеў, жубатыў ҳәм руўхландырыў ушын сөйлейди. 4Руўхый тилде сөйлеген адам өзин өзи беккемлейди. Ал, пайғамбаршылық айтқан адам исениўшилер жәмәәтин беккемлейди. 5Мен сизлердиң ҳәммеңиздиң руўхый тиллерде сөйлеўиңизди қәлеймен. Бирақ оннан гөре, пайғамбаршылық айтыўыңызды көбирек қәлеймен. Руўхый тиллер исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын түсиндирилмесе, онда пайғамбаршылық айтыўшы руўхый тиллерде сөйлеген адамнан артығырақ.

6Солай етип, туўысқанларым, мен сизлерге барып руўхый тиллерде сөйлесем, бирақ сизлерге я Қудайдың аянын, я пайғамбаршылық сөзин түсиндирмесем, я билим я тәлим бермесем, онда мениң сизлерге қандай пайдам тийеди? 7Сырнай ямаса арфа сыяқлы, сес шығаратуғын жансыз нәрселер де анық сес шығармаса, сырнай ямаса арфаның не шерткенин ким түсинеди? 8Егер кәрнай урыстың басланғанын жәриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады? 9Сол сыяқлы, сизлер де руўхый тилде сөйлеп, түсиниксиз сөзлерди айтсаңыз, сөйлеген сөзиңизди ким түсинеди? Сизлер қуры далаға сөйлегендей боласызлар! 10Дүньяда түрли-түрли тиллер бар ҳәм олардың ҳәр бир сөзи өз мәнисине ийе. 11Деген менен, егер мен өзиме айтылған сөзди түсинбесем, сөйлеп турған адам ушын мен жат жерли адам боламан, сөйлеп турған адам да мен ушын жат жерли адам болады. 12Сол себептен сизлер руўхый сыйларды алыўға умтылғаныңызда, исениўшилер жәмәәтин беккемлейтуғын сыйларды көбирек алыўға тырысыңлар.

13Сонлықтан ким де ким руўхый тилде сөйлейтуғын болса, ол өзиниң айтқанларын түсиндире алыўы ушын дуўа етсин. 14Өйткени мен руўхый тилде дуўа етсем, руўхым дуўа етеди, бирақ мен буны сана-сезимим менен түсинбеймен. 15Олай болса, мен не ислеўим керек? Мен руўхым менен де, сана-сезимим менен де дуўа етиўим керек. Руўхым менен алғыс-мақтаў қосығын айтсам, сана-сезимим менен де алғыс-мақтаў қосығын айтыўым керек. 16Егер сен тек руўхың менен шүкирлик билдирсең, сол жерде турған түсинбейтуғын адам сениң билдирген шүкирлигиңе қалай «аўмийин» дейди? 17Дурыс, сениң шүкирлик билдиргениң жақсы, бирақ бул арқалы басқа адам руўхый азық алмайды. 18Қудайға шүкир, мен ҳәммеңизден гөре, руўхый тиллерде көбирек сөйлеймен. 19Деген менен, исениўшилер жәмәәтинде руўхый тилде он мың сөз айтқанымнан гөре, басқаларға тәлим бериўим ушын түсиникли бес сөз айтқаным абзалырақ.

20Туўысқанларым, ақыл-ойыңыз бенен баладай болмаңлар. Жаманлық ислеўде гөдек сыяқлы, ал ақыл-ойыңыз бенен ересек адам сыяқлы болыңлар. 21Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Жат тиллерде сөйлегенлер арқалы,
Жат адамлардың аўызлары арқалы бул халыққа сөйлеймен.
Олар сонда да Мени тыңламайды“».

22Солай етип, руўхый тиллерде сөйлеў исениўшилер ушын емес, ал исенбейтуғын адамлар ушын берилген белги болады. Ал пайғамбаршылық исенбейтуғын адамлар ушын емес, исениўшилер ушын берилген белги болады. 23Егер пүткил исениўшилер жәмәәти бир жерге жыйналып, ҳәммеси бирликте руўхый тиллерде сөйлесе, бул руўхый сыйға ийе емес ямаса исениўши емес адамлар сол жерге келсе: «Сизлер ақылдан азыпсыз!» – демей ме? 24Бирақ, ҳәмме пайғамбаршылық қылғанда, исениўши емес ямаса бул руўхый сыйды түсинбейтуғын бир адам сол жерге келсе, еситкен ҳәр бир сөзи оның гүнакар екенлигин ашып береди ҳәм ҳүким етеди. 25Солай етип, оның жүрегиндеги жасырын нәрселер ашылып қалады ҳәм ол жерге жығылып: «Қудай ҳақыйқаттан да, сизлердиң араңызда екен!» – деп Қудайға сыйынады.

Жәмәәт жыйналысындағы тәртип ҳаққында

26Туўысқанларым, енди буннан қандай жуўмақ шығарамыз? Сизлер жыйналғаныңызда, бириңиз алғыслаў қосығын айтасыз, бириңиз тәлим бересиз, бириңиз Қудай берген аянды билдиресиз, бириңиз руўхый тилде сөйлейсиз ҳәм және бириңиз руўхый тилди түсиндиресиз. Булардың ҳәммеси исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын исленсин. 27Руўхый тилде сөйлегениңизде, еки ямаса ең көп дегенде үш адам сөйлесин, бирақ олар гезек пенен сөйлесин. Басқа бир адам айтылғанларды түсиндирсин. 28Егер түсиндиретуғын адам жоқ болса, руўхый тилде сөйлейтуғын адам жәмәәтте үндемесин, ал өзи жалғыз қалғанда өзи ушын Қудайға сөйлесин. 29Пайғамбаршылық айтыўшылардың да екеўи ямаса үшеўи сөйлесин, ал басқалар олардың айтқан сөзлерин тексерип көрсин. 30Отырған басқа бир адамға сол ўақытта Қудайдан аян берилсе, сөйлеп турған пайғамбаршылық айтыўшы адам үндемей қалсын. 31Жәмәәттеги ҳәр бир адамды үйретип, ҳәр бир адамға жубаныш бериўиңиз ушын, ҳәммеңиз гезек пенен пайғамбаршылық айтыўыңызға болады. 32Пайғамбаршылық айтыў сыйы пайғамбаршылық айтыўшы адамлар тәрепинен басқарылады. 33Себеби Қудай тәртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы.

Барлық мухаддеслердиң жәмәәтлеринде болғаны сыяқлы,
34сизлердиң жәмәәтиңизде де ҳаяллар жыйналысларда үндемесин. Олардың сөйлеўине рухсат етилмеген. Муўсаның Нызамында айтылғандай, олар бойсыныўы керек. 35Егер олар бир нәрсени үйренбекши болса, үйде күйеўлеринен сорасын. Өйткени ҳаялдың жәмәәт жыйналысында сөйлегени уят болады.

36Қудайдың сөзи сизлерден шығып, тек жалғыз сизлерге жетип барды ма? 37Егер ким де ким өзин пайғамбар ямаса руўхый жетик адам деп санаса, сизлерге жазып атырған бул сөзлеримниң Ийемиздиң буйрығы екенин билсин. 38Ал ким де ким буларды қабыл алмаса, оның өзи де қабыл алынбайды.

39Солай етип, туўысқанларым, пайғамбаршылық айтыўға умтылыңлар. Руўхый тиллерде сөйлеўге тосқынлық жасамаңлар. 40Бирақ, ҳәммеси де әдеп ҳәм тәртип пенен исленсин.
Copyright information for KaaIBT22C