1 Corinthians 15
Масийхтың қайта тирилиўи ҳаққында
1Туўысқанларым, мен сизлерге жәриялаған Хош Хабарды есиңизге түсириўди қәлеймен. Сизлер оны қабыл еттиңлер ҳәм оның тийкарында исенимиңизди беккемлеп алдыңыз. 2Егер сизлер мен өзлериңизге жәриялаған усы Хош Хабарды исеним менен беккем тутсаңыз, ол арқалы қутқарыласыз. Болмаса, бийкарға исенип жүрген боласызлар. 3Өзим алған ең әҳмийетли нәрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масийх бизлердиң гүналарымыз ушын өлди ▼. 4Және де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қәбирге қойылды ҳәм үшинши күни өлимнен қайта тирилди ▼▼ Заб 15:8-10.
. 5Ол Кифаға, кейин он еки шәкиртине көринди. 6Соңынан бир ўақыттың өзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанларға көринди. Олардың көбиси еле тири, базылары қайтыс болды. 7Буннан соң, Ол Яқыпқа ▼▼ Яқып – Ийсаның иниси.
, кейнинен барлық елшилерге көринди. 8Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да көринди. 9Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Қудайдың жәмәәтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен. 10Бирақ, мен ҳәзир ким болған болсам, Қудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди. Мен елшилердиң ҳәммесинен көп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Қудайдың мийрими мийнет етти. 11Солай етип, мен болайын ямаса басқа елшилер болсын, бизлер усы нәрсе ҳаққында жәриялаймыз. Сизлер де усыған исендиңиз. Өлилердиң тирилиўи ҳаққында
12Масийх өлимнен қайта тирилди, деп жәриялап атырған болсақ та, қалай араңыздағы базы адамлар өлимнен тирилиў жоқ дейди? 13Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда Масийх та тирилмеген болады. 14Масийх тирилмеген болса, онда бизлердиң жәриялағанларымыз да, сизлердиң исенимиңиз де бийкар болады. 15Ҳәтте, бизлер Қудай ҳаққында жалған гүўалық берген адамлар болып қаламыз. Өйткени бизлер Қудай Масийхты тирилтти, деп гүўалық берген едик. Егер өлилер ҳақыйқаттан да қайта тирилмейтуғын болса, онда Қудай да Масийхты тирилтпеген болады. 16Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда Масийх та тирилмеген болады. 17Масийх тирилмеген болса, онда сизлердиң исенимиңиз бийкар болады ҳәм сизлер еле гүналарыңыздың бийлиги астында жасап атырған боласызлар. 18Олай болса, Масийхқа тийисли болып дүньядан өткен адамлар да набыт болған болады. 19Егер бизлер тек бул дүньядағы өмиримизде ғана Масийхтан үмит ететуғын болсақ, онда бизлер ҳәмме адамлар ишиндеги ең аянышлы адамлар болғанымыз. 20Бирақ, Масийх ҳақыйқаттан да өлимнен қайта тирилди! Ол өлилер ишинен биринши болып тирилиўи арқалы өлилердиң тирилетуғынын дәлилледи. 21Бир адам арқалы өлим келгени сыяқлы, бир Адам арқалы өлимнен тирилиў келди. 22Яғный, Адам-ата менен қатнасы болған пүткил адамзат өлетуғыны сыяқлы, Масийх пенен қатнасы болған барлық адамлар тирилип, өмирге ериседи. 23Бирақ, ҳәр бири өз гезеги бойынша тириледи: ең алды менен Масийх тирилди, соңынан Масийх қайтып келгенде, Оған тийисли болғанлар тириледи. 24Буннан кейин, Масийх ҳәр бир ҳәкимшиликти, ҳәр бир бийликти ҳәм қүдиретти сапластырып, патшалықты Әкемиз Қудайға тапсырғанда, ақырзаман болады. 25Себеби Қудай барлық душпанларын Масийхтың аяғының астына бастырмағанша, Масийх патшалық етиўи тийис. 26Жоқ қылынатуғын соңғы душпан – өлим болады. 27Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Қудай ҳәмме нәрсени Оның аяқларына бас урғызды», – делинген ▼. Бирақ, бул «ҳәмме нәрсени» деген сөздиң ишинде ҳәмме нәрсени Масийхқа бойсындырған Қудай нәзерде тутылмағаны анық. 28Барлығы Улға бойсынғанда, Ул да барлығын Өзине бойсындырған Қудайға бойсынады. Усылай етип, Қудай ҳәмме нәрсе үстинен толық бийлик жүргизеди. 29Егер қайта тирилиў жоқ болса, өлилер ушын суўға шомылдырылғанлар не болады? Өлилер ҳеш қашан тирилмейтуғын болса, адамлар не себептен өлилер ушын суўға шомылдырылады? 30Және де, бизлер не ушын ҳәр саат сайын өзимизди қәўип астына қоямыз? 31Туўысқанларым, сизлердиң Ийемиз Масийх Ийса менен болған байланысыңызды мақтаныш етип, ант ишемен: мен ҳәр күни өлим менен жүзбе-жүз ушыраспақтаман. 32Егер тек бул дүньяға үмит байлаған болсам, онда неге өлилердиң тирилетуғынын жәриялап, Эфесте өмиримди қәўип астына қойдым? Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда: «Келиңлер, ишип-жеп қалайық, себеби ертең өлемиз-ғо!» ▼ – дегенимиз орынлы болар еди. 33Бирақ алданып қалмаңлар: жаман дослар жақсы әдетлерден айырады. 34Есиңизди жыйып, өзиңизге келиңлер ҳәм енди қайтып гүна ислемеңлер. Айырымларыңыз Қудайды билмейсиз. Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман.Тирилген дене ҳаққында
35Бирақ, биреў: «Өлилер қалай тириледи? Қандай дене менен келеди?» – деп сораўы мүмкин. 36Не деген ақылсызлық! Сениң еккен туқымың өлмесе, көгерип шықпайды-ғо. 37Сен еккениңде, көгерип турған өсимликтиң өзин емес, ал оның тек туқымын, бийдай ямаса басқа бир өсимликтиң туқымын егесең. 38Қудай туқымға Өз қәлеўи бойынша дене береди. Туқымлардың ҳәр бирине өз алдына бир дене береди. 39Тири жанлардың денеси бирдей емес. Адамлардың денеси басқа, ҳайўанлардың денеси басқа, қуслардың ҳәм балықлардың денеси басқа болады. 40Аспан денелери бар, жер денелери де бар. Аспандағы денелердиң сулыўлығы басқа, жердеги денелердиң сулыўлығы басқа. 41Қуяштың сулыўлығы басқа, айдың сулыўлығы басқа, жулдызлардың сулыўлығы басқа. Сулыўлығы бойынша, жулдыз жулдыздан парық қылады. 42Өлилердиң тирилиўи де сондай болады. Ширийтуғын дене көмиледи, бирақ ол ширимейтуғын болып тириледи. 43Дене хорлық пенен көмиледи, салтанат пенен тириледи. Ҳәлсиз болып көмиледи, күшли болып тириледи. 44Тәбийғый дене көмиледи, бирақ ол руўхый дене болып тириледи. Тәбийғый дене бар болғаны сыяқлы, руўхый дене де бар. 45Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Биринши адам – Адам-ата тири жан болды». ▼ Ал соңғы Адам – Ийса Масийх өмир бериўши руўх болды. 46Бирақ, биринши болып руўхый дене емес, ал тәбийғый дене келди. Руўхый дене кейнинен келеди. 47Биринши адам жерден, яғный топырақтан болды. Екинши адам ▼▼ Екинши адам – Ийемиз Ийса.
аспаннан келди. 48Топырақтан болған Адам-ата қандай болса, топырақтан болған адамлар да сондай болады. Аспаннан келген Ийса Масийх қандай болса, аспанға тийисли болған адамлар да сондай болады. 49Бизлер топырақтан болған Адам-атаға қалай уқсайтуғын болсақ, аспаннан келген Ийса Масийхқа да солай уқсайтуғын боламыз. 50Туўысқанларым, мениң сизлерге айтып атырғаным мынаў: бизлердиң ет пенен қаннан ибарат болған тәбийғый денемиз Қудайдың Патшалығын мийрас етип ала алмайды. Ширип кететуғын денемиз мәңгилик өмирге ерисе алмайды. 51Енди мен сизлерге бир сырды ашып бермекшимен: бизлердиң ҳәммемиз өлмеймиз, бирақ ҳәммемиз өзгеремиз. 52Бирден көзди ашып-жумғанша, соңғы кәрнай шалынғанда, өзгерип кетемиз. Аўа, кәрнай шалынғанда, өлген исениўшилер ширимейтуғын денеде тириледи, тири болған бизлер де өзгерип кетемиз. 53Себеби бизлердиң бул ширийтуғын ҳәм өлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳәм өлмейтуғын дене болып өзгериўи тийис. 54Ширийтуғын ҳәм өлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳәм өлмейтуғын болып өзгерсе, Мухаддес Жазыўда айтылған мына сөзлер иске асады: «Өлим жоқ етилди, ол жеңилди!» ▼55«Ҳәй өлим, жеңисиң қәне?
Ҳәй өлим, уўлы ийнең қәне?» ▼
56Өлимниң уўлы ийнеси – гүна. Гүна өз күшин Мухаддес Нызамнан алады. 57Бирақ, Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масийх арқалы жеңиске еристире береди. 58Солай етип, сүйикли туўысқанларым, тайсалмай беккем турыңлар ҳәм Ийемиздиң хызметинде бәрқулла ғайратлы болыңлар. Өйткени Ийемиздиң жолында еткен хызметиңиздиң босқа кетпейтуғынын билесизлер.
Copyright information for
KaaIBT22C