‏ 1 Corinthians 16

Мүтәжликте жасап атырған исениўшилерге жәрдем бериў ҳаққында

1Енди мухаддеслерге берилетуғын ақшалай жәрдемге келсек, сизлер де буны Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге тапсырғанымдай ислеңлер. 2Ҳәр екшемби күни ҳәр бириңиз өз жағдайыңызға қарап, ақшаны бөлек жыйнап қойың. Сонда мен сизлерге барғанымда, ақшаны жыйнап жүриўдиң зәрүрлиги болмайды. 3Сизлерге барғанымда, берген садақаларыңызды апарыўға кимлерди ылайықлы көрсеңиз, мен сол адамларға хатлар берип, Ерусалимге жиберемен. 4Егер мениң де кетиўим керек болса, олар мениң менен бирге кетеди.

Павелдиң жобалары

5Мен сизлерге Македония арқалы бараман. Себеби мен усы үлке арқалы жүрмекшимен. 6Қасыңызда бир қанша ўақыт қалыўым, ҳәтте, сизлер менен қысты да бирге өткизиўим мүмкин. Соннан кейин, мен қай жерге кетежақ болсам да, сизлер маған жәрдем етерсиз. 7Мен бул сапары сизлерди жол-жөнекей көрип кетиўди қәлемеймен. Егер Ийемиз рухсат етсе, сизлер менен бирге бир қанша ўақыт қаламан, деп үмит етемен. 8Бирақ, мен Эфесте Елиўинши күни байрамына
Елиўинши күни байрамы – грекше «Пентикост». Қутқарылыў байрамынан соң, елиў күн толғанда болатуғын байрам. Леб 23:15-16 қараң.
дейин қалажақпан.
9Өйткени бул жерде өнимли мийнет етиўим ушын маған кең жол ашылды. Деген менен, маған қарсы шығып атырғанлар да көп.

10Тимофей сизлерге барғанда, араңызда қәўипсиз жүриўи ушын көзқулақ болыңлар. Себеби ол да мен сыяқлы Ийемизге хызмет етеди. 11Сонлықтан оны ҳеш ким пәс көрмесин. Мениң қасыма келиўи ушын оны аман-есен шығарып салыңлар. Өйткени мен оның туўысқанларымыз бенен бирге келиўин күтип отырман.

12Туўысқанымыз Аполлосқа келсек, туўысқанларымыз бенен бирге сизлерге барыўын оннан көп өтинген едим. Бирақ, ол ҳәзир сизлерге барыўды ҳеш қәлемей атыр. Қолайлы жағдай туўылғанда, ол сизлерге барады.

Павелдиң соңғы ақыл-нәсиятлары

13Сергек болыңлар, исенимде беккем турыңлар, мәрт ҳәм жигерли болыңлар. 14Ҳәр бир нәрсени сүйиспеншилик пенен ислеңлер.

15Ахая үлкесинде биринши болып исенген ҳәм өзлерин мухаддеслердиң хызметине бағышлаған Степанның хожалығын билесизлер. Сизлерден өтиниш, туўысқанларым: 16сизлер де усындай адамларға ҳәм олар менен бирге мийнет ететуғын адамлардың ҳәммесине бойсыныңлар. 17Мен Степанның, Фортунатустың ҳәм Ахайктың келгенине қуўанышлыман. Олар сизлердиң орныңызды басып, сизлердиң жоқлығыңызды умыттырды. 18Олар мениң руўхымды да, сизлердиң руўхыңызды да көтерди. Бундай адамлардың қәдирин билиңлер.

Соңғы сәлемнама

19Азия үлкесиндеги
Азия үлкеси – ҳәзирги Туркия елиниң қубла-батыс бөлегинде болған бир үлке.
жәмәәтлер сизлерге сәлем айтып атыр. Акила менен Прискилла ҳәм олардың үйиндеги исениўшилер жәмәәти Ийемиз бенен қатнаста болған сизлерге көп-көп сәлем айтып атыр.
20Усы жердеги барлық туўысқанлар да сизлерге сәлем айтып атыр. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сәлемлесиңлер.

21Мен, Павел, бул сәлемнаманы өз қолым менен жазып атырман. 22Ийемизди сүймейтуғын адамға нәлет болсын! О Ийемиз, келе гөр! 23Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын! 24Мен сизлердиң ҳәммеңизди Масийх Ийсаның сүйиспеншилиги менен сүйемен. Аўмийин.
Copyright information for KaaIBT22C