‏ 1 Corinthians 2

Атанаққа шегеленген Масийх ҳаққында жәриялаў

1Туўысқанларым, мен сизлерге барып, Қудайдың сырын
сырын – Базы қолжазбаларда «гүўалығын».
жәриялағанымда, шешен сөзлер ямаса артықмаш даналық қолланбадым.
2Себеби араңызда болған ўақтымда, тек Ийса Масийхқа ҳәм Оның атанақ ағашқа шегелениўине ғана айрықша дыққат аўдарыўға қарар еттим. 3Мен сизлерге ҳәлсизлик ҳәм қорқыныш пенен қалтырап бардым. 4Сөйлеген сөзим ҳәм айтқан ўазым исендириўши даналыққа емес, ал Мухаддес Руўхтың Өз қүдирети менен көрсеткен дәлилине тийкарланған еди. 5Мениң бундағы мақсетим – исенимиңиздиң адамның ақылына емес, ал Қудайдың қүдиретине тийкарланыўы еди.

Мухаддес Руўх беретуғын Қудайдың даналығы

6Деген менен, бизлер руўхый жетилискен адамлар арасында дана сөзлер сөйлеймиз. Бирақ бул даналық усы дүньяның ҳәм оның өткинши ҳүкимдарларының даналығы емес. 7Бизлер Қудайдың жасырын ҳәм сырлы болған даналығы ҳаққында сөз етип атырмыз. Қудай дүньяны жаратпастан бурын оны бизлердиң даңққа ерисиўимиз ушын арнап қойған еди. 8Бул даналықты усы дүньядағы ҳүкимдарлардың ҳеш бири түсинбеди. Егер түсингенде, уллы Ийемизди атанақ ағашқа шегелемеген болар еди. 9Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Көз көрип, қулақ еситпеген,
Адамның ойына кирип те шықпаған нәрселерди,
Қудай Өзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты».

10Бирақ, Қудай буны бизлерге Өзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди. Өйткени Мухаддес Руўх ҳәмме нәрсени, ҳәтте, Қудайдың терең ой-пикирлерин де биледи. 11Адамның ойларын оның ишиндеги руўхтан басқа ким биле алады? Сол сыяқлы, Қудайдың ой-пикирлерин де Оның Мухаддес Руўхынан басқа ҳеш ким биле алмайды. 12Қудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Қудайдың Руўхын қабыл еткенбиз. 13Бизлер бул сыйлар ҳаққында адамның ақылы үйреткен сөзлер менен емес, ал Мухаддес Руўх үйреткен сөзлер менен сөйлеймиз. Яғный, руўхый нәрселерди руўхый сөзлер менен түсиндиремиз.

14Өз тәбияты бойынша жасайтуғын адам Қудайдың Руўхы беретуғын нәрселерди қабыл етпейди. Себеби ол буларды ақмақлық деп санайды. Оларды тек Мухаддес Руўхтың жәрдеминде түсиниў керек болғанлықтан, ол түсине алмайды. 15Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын адам Мухаддес Руўх тәрепинен берилген ҳәмме нәрсени түсине алады, бирақ оны Мухаддес Руўхқа бойсынбайтуғын адамлар түсине алмайды. 16«Жаратқан Ийениң ой-пикирлерин ким биле алады?
Ким Оған мәсләҳәтши болған?»

Бирақ, бизлер Масийхтың ақыл-ойына ийемиз.
Copyright information for KaaIBT22C