‏ 1 Corinthians 3

Қудайдың хызметкерлери ҳаққында

1Туўысқанларым! Мен сизлерге Мухаддес Руўхқа бойсынатуғынларға сөйлегендей сөйлей алмадым. Мен сизлерге гүнакар тәбиятқа бойсынатуғынларға, яғный Масийх пенен болған қатнаста еле гөдеклик дәрежесинде болғанларға сөйлегендей сөйледим. 2Мен сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт бердим. Өйткени сизлер еле күшли аўқатты жеўге әззилик қылатуғын едиңлер. Ҳәтте, ҳәзир де оны жеўге әззилик қыласызлар. 3Себеби сизлер еле де гүнакар тәбиятыңызға бойсынасызлар. Араңызда қызғаншақлық ҳәм тартыслардың болғаны, сизлердиң гүнакар тәбиятыңызға бойсынып, исенбейтуғын адамлар сыяқлы жасап атырғаныңызды көрсетпей ме? 4Бириңиз: «Мен Павелге тийислимен», басқа бириңиз: «Мен Аполлосқа тийислимен» десеңиз, сизлер исенбейтуғын адамлар сыяқлы болып қалмайсызлар ма?

5Олай болса, Аполлос ким? Павел ким? Аполлос ҳәм мен – сизлердиң тек исенимге келиўиңиз ушын қойылған Қудайдың хызметкерлеримиз ғана. Ийемиз ҳәр биримизге хызмет тапсырған. 6Туқымды мен ектим, Аполлос суўғарды. Бирақ, егинди Қудай өсирди. 7Солай етип, еккен адам да, суўғарған адам да әҳмийетли емес, ал егинди өсирген Қудай әҳмийетли. 8Еккен адам менен суўғарған адамның мақсети бир. Олардың ҳәр бири өз мийнетиниң ҳақысын алады. 9Бизлер Қудай менен бирге мийнет етемиз. Ал сизлер – Қудайдың атызы ҳәм имаратысызлар.

10Қудайдың өзиме берген мийрими менен, мен уста қурыўшы сыяқлы тийкар салдым. Басқалары усы тийкардың үстине имарат салмақта. Бирақ, ҳәр бир адам қалай салып атырғанына дыққат аўдарсын. 11Өйткени ҳеш бир адам салынған тийкардан басқа, яғный Ийса Масийхтан басқа бир тийкар сала алмайды. 12Усы тийкардың үстине адамлар алтыннан, гүмистен, ҳасыл таслардан, ағаштан, қамыстан ямаса сабаннан имарат салады. 13Деген менен, ҳәр бир адамның ислеген иси ақырзаманда ашылып, отта белгили болады. Себеби ҳәр бир адамның исиниң қандай екенлигин от сынап береди. 14Кимниң салғаны отқа шыдаса, ол сыйлық алады. 15Ал шыдамай жанып кетсе, зыян көреди. Оның өзи қутылады, бирақ оттың ишинен қашқандай болып қутылады.

16Өзлериңиздиң Қудайдың ибадатханасы екениңизди ҳәм Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме? 17Егер ким де ким Қудайдың ибадатханасын бузса, оны Қудай урады. Өйткени Қудайдың ибадатханасы – мухаддес ҳәм сол ибадатхана сизлерсиз.

18Ҳеш бир адам өзин өзи алдамасын. Егер араңыздағы бириңиз өзин бул дүньяның көз қарасы бойынша данаман деп есапласа, Қудай нәзеринде дана болыў ушын, бул дүньяның көз қарасы бойынша «ақылсыз» болсын. 19Себеби бул дүньяның даналығы Қудай нәзеринде ақылсызлық болады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ол даналарды өзлериниң мәккарлығы арқалы қолға түсиреди». 20Және де: «Даналардың ой-пикирлериниң пуш екенлигин Жаратқан Ийе биледи»,
Заб 93:11.
– деп жазылған.
21Сонлықтан ҳеш бир адам адамлар менен мақтанбасын. Өйткени ҳәммеси сизлерге тийисли: 22Павел де, Аполлос та, Кифа да, дүнья да, өмир ҳәм өлим де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, ҳәммеси сизлерге тийисли. 23Сизлер Масийхқа тийислисиз, ал Масийх Қудайға тийисли.
Copyright information for KaaIBT22C