‏ 1 Corinthians 4

Масийхтың елшилериниң хызмети ҳаққында

1Солай етип, адамлар Масийхтың елшилери болған бизлерди Масийхтың хызметшилери ҳәм Қудайдың сырларын аян етиўши хызметкерлер деп есапласын. 2Ал хызметкерлерден талап етилетуғын ең баслы нәрсе – садықлық. 3Мени сизлердиң ямаса басқа адамлардың қалай ҳүким етиўи мен ушын әҳмийетли емес. Ҳәтте, мен өзим де өзимди ҳүким етпеймен. 4Себеби мениң ҳүжданым таза. Бирақ, мен усы себептен ақланбайман. Мени ҳүким ететуғын – Ийемиздиң Өзи. 5Сонлықтан Ийемиз келиўге дейин, белгиленген ўақыттан бурын ҳеш қандай ҳүким етпеңлер. Ол қараңғылықта жасырылған нәрселерди жақтыға шығарып, адамлардың кеўиллериндеги нийетлерин ашып көрсетеди. Сонда ҳәр бир адам Қудайдан өзине ылайық мақтаў алады.

6Туўысқанларым! Алдында айтылғанларды түсиниўиңиз ушын, мен өзимди ҳәм Аполлосты мысал етип көрсеттим. Буны мен Мухаддес Жазыўда айтылғанлардан шетке шығып кетпеўди бизлерден үйрениўиңиз ушын ҳәм ҳеш қайсысыңыз бир адамды екинши адамнан жоқары қойып, менменсип кетпеўиңиз ушын иследим. 7Ҳеш ким сени басқалардан үстин қылып қойған жоқ. Сениң Қудайдан алмаған нәрсең бар ма? Қудайдан ҳәммесин алған болсаң, Оннан алмағандай болып мақтанғаның қалай болғаны?

8Сизлер енди керекли ҳәмме нәрсемиз бар деп ойлайсызлар. Сизлер байып кетипсизлер, бизлерсиз патшалық етпектесизлер! Қәне енди, сизлер ҳақыйқаттан да, патша болғаныңызда еди, бизлер де сизлер менен бирге патшалық етер едик! 9Мениң ойымша, Қудай биз елшилерди ең әҳмийетсиз адамлар қылып, ҳәммениң көз алдына шығарды. Бизлер өлимге ҳүким етилген адамлар сыяқлы болғанымыз себепли, периштелер ушын да, адамлар ушын да, яғный пүткил дүнья ушын бир тамаша болдық. 10Бизлер Масийх ушын ақылсыз болдық, бирақ сизлер Масийх пенен қатнаста болып ақыллы болдыңлар! Бизлер ҳәлсизбиз, бирақ сизлер күшлисиз! Сизлер ҳүрметли адамларсыз, бирақ бизлер иззетсиз адамлармыз! 11Бизлер усы ўақытқа дейин ашлыққа ҳәм шөлге шыдап келемиз, жалаңашпыз, таяқ жеймиз, үй-жайсыз сергизданбыз. 12Өз қолларымыз бенен аўыр мийнет ислеймиз. Бизлерге жаман сөз айтқанларға жақсы тилек тилеймиз. Қуўдалансақ, шыдаймыз. 13Кеўлимизге тийгенде, мүләйимлилик пенен жуўап беремиз. Усы ўақытқа дейин дүньяның сыпырындысы, пүткил адамзаттың тасландысы болдық.

14Буларды сизлерди уялтыў ушын емес, ал сүйикли балаларым болған сизлерди ақылландырыў ушын жазып атырман. 15Өйткени Масийхтың жолын үйрететуғын мың-мыңлаған устазыңыз бар болса да, әкеңиз биреў. Масийх Ийса менен қатнаста болыўыңыз ушын, сизлерге Хош Хабарды жәриялаўым арқалы мен сизлердиң әкеңиз болдым. 16Сол себептен сизлерден өтиниш етемен: меннен өрнек алыңлар
меннен өрнек алыңлар – Базы қолжазбаларда «мениң Масийхтан өрнек алғаным сыяқлы, меннен өрнек алыңлар».
.
17Ийемизге садық болған сүйикли балам Тимофейди усы мақсет пенен сизлерге жибердим. Ҳәмме жерде, исениўшилердиң ҳәр бир жәмәәтинде берген тәлимиме сай болған, мениң Масийх пенен бирге басып өткен жолымды ол сизлердиң есиңизге түсиреди.

18Мени келмейди деп, араңыздағы базыларыңыз менменсип кетипти. 19Бирақ, Ийемиз қәлесе, жақын арада сизлерге бараман. Сонда менменсип кеткен сол адамлардың тек сөзлерин емес, ал оларда Қудайдың күши бар ма я жоқ па, соны да сынап көремен. 20Себеби Қудайдың Патшалығы сөзден емес, ал Қудайдың күшинен ибарат. 21Сизлер нени қәлейсизлер? Сизлерге таяқ пенен барайын ба ямаса сүйиспеншилик ҳәм мүләйимлилик пенен бе?
Copyright information for KaaIBT22C