1 Corinthians 5
Бузықшылық ислегенге шара көриў ҳаққында
1Сизлердиң араңызда бузықшылық исленип атырғаны ҳаққында анық хабарлар бар. Ҳәтте, Қудайға исенбейтуғынлар арасында да ушыраспайтуғын бузықшылық исленипти: араңыздағы бириңиз әкесиниң ҳаялы, яғный өгей анасы менен жасайтуғын қусайды. 2Усылай болса да, сизлер менменликке берилип кетипсизлер. Буның орнына қайғырып, усындай ис қылғанды араңыздан қуўып шығарыўыңыз керек емес пе еди? 3– 4Мениң өзим араңызда болмасам да, руўхым сизлер менен бирге. Сонлықтан өзим араңызда болғандай, усындай исти ислегенди Ийемиз Ийсаның аты менен әлле қашан ҳүким қылдым. Сизлер жыйналғаныңызда, Ийемиз Ийсаның қүдирети менен мениң руўхым да сизлер менен бирге болады. 5Сонда бул адамның гүнакар тәбияты набыт болып, руўхы Ийемиздиң күни қутқарылыўы ушын оны жәмәәттен қуўып шығарып, шайтанға тапсырың. 6Сизлердиң мақтанғаныңыз дурыс емес. Азғантай ашытқы пүткил қамырды ашытатуғынын билмейсизлер ме? 7Сонлықтан сизлер ески ашытқыдан тазаланып, жаңа қамыр болыңлар. Сизлер негизинде ашытқысыз қамырсызлар. Өйткени Масийх, яғный Қутқарылыў байрамына ▼▼ Қутқарылыў байрамы – сөзликке қараң.
арналған Қозымыз шалынды. 8Сонлықтан ески ашытқы менен, яғный жаўызлық ҳәм жаманлық пенен емес, ал пәклик ҳәм ҳақыйқатлық пенен, яғный ашытқысыз нан менен байрамлайық. 9Мен өз хатымда бузықшылық ислейтуғынлар менен қатнас жасамаң, деп сизлерге жазған едим. 10Деген менен, мен улыўма бул дүньядағы бузық, нәпсиқаў, тонаўшы ямаса бутпараз адамларды нәзерде тутқан жоқпан. Егер олай болғанда, сизлер бул дүньядан шығып кетиўге мәжбүр болар едиңлер! 11Бирақ, өзин исениўши туўысқаныңызбан деп атап турып, бузық, нәпсиқаў, бутпараз, жалахор, мәскүнем ямаса тонаўшы болған адам менен қатнас жасамаўыңызды, ҳәтте, сондай адам менен бирге аўқат та жемеўиңизди жазған едим. 12Исениўшилер жәмәәтиниң сыртындағы адамларды ҳүким қылыў мениң жумысым емес. Сизлер исениўшилер жәмәәтиниң ишиндеги адамларды ҳүким қылыўыңыз керек. 13Ал исениўшилер жәмәәтиниң сыртындағы адамларды Қудайдың Өзи ҳүким қылады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Жаман адамды араңыздан қуўып шығарыңлар». ▼
Copyright information for
KaaIBT22C