1 Corinthians 6
Исениўши адамлар арасындағы даўлар ҳаққында
1Араңыздағы бириңиздиң биреўге даўы болса, мухаддеслер алдында емес, ал қазыханадағы исенбейтуғын адамлар алдында даўласыўға қалай батылы барады? 2Келешекте мухаддеслердиң дүньяны ҳүким ететуғынын билмейсизлер ме? Егер сизлер дүньяны ҳүким ететуғын болсаңыз, кишкене даўларды шешиў қолыңыздан келмегени ме? 3Бизлер, ҳәтте, периштелерди де ҳүким етемиз. Солай екен, турмыс ислери не болыпты? 4Солай болса да, турмыс ислерине байланыслы даўлар пайда болғанда, сизлер исениўшилер жәмәәтинде ҳеш қандай әҳмийетке ийе болмаған қазыханадағы исенбейтуғын адамларды төреши қыласызлар ма? 5Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман. Исениўши туўысқанларының арасындағы даўларды шешетуғын араңызда бирде бир ақыллы адам жоқ болғаны ма? 6Бирақ туўысқан туўысқанға қарсы даўласады, оның үстине исенбейтуғынлар алдында даўласады! 7Негизинде, бир-бириңизге қарсы даўыңыздың болыўының өзи сизлер ушын қатты уят нәрсе. Оннан гөре, наҳақлыққа шыдағаныңыз жақсырақ болмас па еди? Тоналғаныңыз жақсырақ болмас па еди? 8Сизлер оның орнына өзлериңиз наҳақлық ислеп, биреўди тонап атырсыз. Ол да болса, өзиңиздиң туўысқаныңыз. 9Наҳақлардың Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер, 10урылар, нәпсиқаўлар, мәскүнемлер, жалахорлар ҳәм тонаўшылар Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. 11Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен ҳәм Қудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳәм ақландыңыз.Бузықшылықтан аўлақ болыңлар!
12Сизлер: «Не ислесем де ерклимен» дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де пайдалы емес. Дурыс, «Мен не ислесем де ерклимен», бирақ ҳеш бир нәрсе де мени қул қылмаўы керек. 13«Аўқат қарын ушын, ал қарын аўқат ушын жаратылған», – дейсизлер. Деген менен, Қудай екеўин де жоқ қылады. Бирақ, дене бузықшылық ушын емес, ал Ийемиз ушын жаратылған. Ийемиз де денемизге ғамхорлық қылады. 14Қудай Ийемизди өлимнен тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Өз қүдирети менен тирилтеди. 15Денелериңиздиң Масийхтың мүшелери екенлигин билмейсизлер ме? Масийхтың мүшелерин алып, бузық ҳаялдың мүшелери қылыўға бола ма? Ҳеш қашан! 16Бузық ҳаял менен қосылған адам оның менен бир дене болатуғынын билмейсизлер ме? Себеби Мухаддес Жазыўда: «Екеўи бир дене болады», – делинген-ғо ▼. 17Бирақ, Ийемиз бенен қосылған адам Оның менен бир руўх болады. 18Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! Адамның ислейтуғын басқа барлық гүналары денесиниң сыртында исленеди. Ал бузықшылық ислеген адам өз денесине қарсы гүна ислейди. 19Денеңиздиң өзлериңиз Қудайдан алған ҳәм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер өзиңизге тийисли емессиз. 20Өйткени Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, өз денеңиз ▼▼ Базы қолжазбаларда «…ҳәм Қудайға тийисли болған руўхыңыз» деген сөзлер де бар.
бенен Қудайды алғыслаңлар.
Copyright information for
KaaIBT22C