‏ 1 Corinthians 7

Неке ҳаққында

1Енди сизлер жазған нәрселерге келсек: дурыс, еркектиң ҳаялға жақынласпағаны жақсы. 2Бирақ, бузықшылыққа жол қоймаў ушын, ҳәр бир ер адамның өз ҳаялы ҳәм ҳәр бир ҳаялдың өз күйеўи болсын. 3Ер адам өз ҳаялына деген, ҳаял да өз күйеўине деген ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынласын. 4Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың өзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның өзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди. 5Ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынлаўда бир-бириңизден бас тартпаңлар. Тек өз ара келискеннен соң, өзлериңизди дуўа етиўге толық бағышлаў ушын ғана ўақытша бөлек болыңлар. Өзиңизди тыя алмағаныңыздан шайтан пайдаланып, сизлерди азғырмаўы ушын кейин және бирге болыңлар. 6Буны бир буйрық сыпатында емес, ал рухсат сыпатында айтып атырман. 7Барлық адамлардың мен сыяқлы жалғыз жасаўын қәлеймен. Бирақ, ҳәр бир адамның Қудайдан алған сыйы бар: биреўлер хожалық болып некеде жасайды, екиншилер некесиз жалғыз жасайды.

8Ҳаялы қайтыс болған еркеклерге ҳәм жесир ҳаялларға айтатуғыным: мен сыяқлы жалғыз жасаса, өзлери ушын жақсы болады. 9Бирақ, өзлерин тыя алмайтуғын болса, үйленсин ямаса турмысқа шықсын. Өйткени жынысый қәлеўлер себепли күйип-жанғаннан гөре, үйленгени ямаса турмысқа шыққаны жақсырақ.

10Ал некеде болғанларға мен мынаны буйыраман, анығырағы мен емес, Ийемиз солай буйырған: ҳаял адам күйеўи менен ажыраспасын . 11Егер ажырасса, я күйеўсиз қалсын, я өз күйеўи менен жарассын. Ер адам да ҳаялы менен ажыраспасын.

12Ал қалғанларға Ийемиз емес, мен былай деймен: егер бир туўысқанымыздың ҳаялы исениўши болмаса, бирақ оның менен жасаўға ыразы болса, ол ҳаялы менен ажыраспасын. 13Бир исениўши ҳаялдың да күйеўи исениўши болмаса, бирақ күйеўи оның менен жасаўға ыразы болса, ҳаял күйеўи менен ажыраспасын. 14Себеби исенбейтуғын күйеў ҳаялы себепли, исенбейтуғын ҳаял да исениўши күйеўи себепли, Қудайдың панасында болады. Олай болмағанда, балаларыңыз қудайсыз болар еди, бирақ енди олар Қудайдың панасында.

15Бирақ, егер исенбейтуғын адам ажырасқысы келсе, ажырасыўына болады. Бундай жағдайда ер ямаса ҳаял туўысқанымыз сол некеде қалыўға мәжбүр емес. Деген менен, Қудай сизлерди тынышлықта жасаўға шақырды. 16Ҳәй ҳаял, сен арқалы күйеўиң де қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо. Ҳәй еркек, сен арқалы ҳаялың да қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо.

Қудайдың шақырығы бойынша өмир сүриў

17Ҳәр бир адам Ийемиздиң ол ушын белгилеген жағдайына бойсынып, Қудай оны қандай жағдайда шақырған болса, сондай болып қалсын. Буны барлық исениўши жәмәәтлерге буйыраман. 18Егер ким де ким шақырылған ўақытта сүннетли болса, сүннетин жасырмасын. Ким де ким шақырылған ўақытта сүннетсиз болса, сүннет етилмесин. 19Сүннетли болыў ямаса болмаў әҳмийетли емес. Ал әҳмийетлиси – Қудайдың буйрықларын орынлаў. 20Ким қандай жағдайда шақырылған болса, сол жағдайда қалсын. 21Қул болып шақырылдың ба? Қапа болма. Бирақ, азат болыўға мүмкиншилик туўылса, оннан пайдалан! 22Ийемиз шақырған ўақытта қул болған адам енди Ийемизге тийисли азат адам болады. Сол сыяқлы, азат болып шақырылған адам да Масийхтың қулы болады. 23Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды, сонлықтан адамлардың қулы болмаңлар. 24Туўысқанларым, ким қандай жағдайда шақырылған болса, Қудай алдында сол жағдайда қалсын.

Турмыс қурмағанлар ҳаққында

25Енди қыз-жигитлерге келсек, Ийемизден оларға байланыслы буйрық алғаным жоқ. Бирақ, Ийемиздиң мийрим-шәпәәтин алған исенимли адам сыпатында мен өз пикиримди айтаман. 26Мениң ойым бойынша, ҳәзирги қыйыншылықларға байланыслы, адам сол ҳалында қала бергени жақсы. 27Бир ҳаялға басың байланған ба? Онда ажырасыўға умтылма. Ҳаялсызсаң ба? Онда өзиңе ҳаял излеме. 28Деген менен, егер үйленсең де гүна ислемейсең. Егер қыз да турмысқа шықса, гүна ислеген болмайды. Бирақ, турмыс қурғанлар өмирде қыйыншылық көреди. Мен сизлерди усы қыйыншылықлардан сақлаўды қәлеймен. 29Туўысқанларым, сизлерге мынаны айтыўды қәлеймен: ўақыт қысқа. Буннан былай, ҳаялы болғанлар ҳаялы жоқтай болсын. 30Жылап атырғанлар жыламайтуғындай, қуўанып атырғанлар қуўанбайтуғындай, сатып алып атырғанлар ийелик етпейтуғындай, 31дүньядағы затларды пайдаланып атырғанлар пайдаланбайтуғындай болсын. Өйткени бул дүнья өткинши.

32Мен сизлердиң ғам-тәшиўишсиз болғаныңызды қәлеймен. Үйленбеген еркек Ийемизге қалай жағынсам екен деп, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. 33Бирақ, үйленген еркек ҳаялыма қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды. 34Сол себептен ол алағада болып жүреди. Күйеўсиз ҳаял ямаса турмысқа шықпаған қыз денеси менен ҳәм руўхый жақтан мухаддес болыў ушын, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. Бирақ, турмысқа шыққан ҳаял күйеўиме қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды. 35Мен буны мойныңызға буғаў салыў ушын емес, ал сизлердиң пайдаңыз ушын айтып атырман. Сизлердиң ҳеш нәрсеге алаң болмай, Ийемизге өзлериңизди толық бағышлаўыңызды ҳәм ылайықлы түрде жасаўыңызды қәлеймен.

36Егер жигит ҳәўес отына шыдап, өзине аталған қызына үйлениўден өзин услайман, деп болып, үйлениўди шешсе, онда ол үйленсин, бул гүна емес. 37Бирақ ол үйленбеўди жүрегинде шешкен болса, бул мәселеде мүтәжлиги болмай, өзине еркинликти таңлап, қатаң шешимге келген болса, онда жақсы ис қылған болады. 38Солай етип, атастырылған қызына үйленсе, жақсы ис қылған болады. Үйленбесе, оннан да жақсы ис қылған болады.

39Ҳаял күйеўи тири ўақтында басы байлаўлы болады. Күйеўи өлсе, ҳаял қәлеген адамына турмысқа шығыўға ерки бар. Тек ол адам Ийемизге тийисли болсын. 40Бирақ, ҳаял жесир болып қала берсе бахытлырақ болады. Бул мениң пикирим ҳәм менде де Қудайдың Руўхы бар деп ойлайман.
Copyright information for KaaIBT22C