1 Corinthians 8
Бутларға берилген қурбанлықтың гөши ҳаққында
1Енди бутларға берилген қурбанлықтың гөшине тоқтайық. Дурыс, ҳәммемиз де билимли екенлигимизди билемиз. Деген менен, билим адамды менмен қылады, ал сүйиспеншилик адамды жигерлендиреди. 2Адам бир нәрсени билемен деп ойласа, ол еле билиўи керек нәрсени билмегени болады. 3Бирақ, Қудайды сүйген адамды Қудай биледи. 4Ал, бутларға берилген қурбанлық гөшин жеўге келсек, негизинде буттың дүньяда ҳеш қандай әҳмийетке ийе емес екенин ҳәм тек ғана жалғыз Қудай бар екенин билемиз. 5Адамлардың ойы бойынша жерде де, аспанда да «қудай» деп аталатуғынлар бар. Олар шынында да, көп «қудайлар» ҳәм «ийелер» бар деп есаплайды. 6Бирақ, бизлер ушын тек жалғыз ғана Қудай Әкемиз бар. Ол ҳәмме нәрсениң тийкары ҳәм бизлер Ол ушын жасап атырмыз. Және де, бизлердиң тек жалғыз ғана Ийемиз – Ийса Масийх бар. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылған, бизлер де Ол себепли жасап атырмыз. 7Деген менен, исениўшилердиң ҳәммеси де усындай билимге ийе емес. Олардың айырымлары бул гөшти жегенде, өзлериниң бурынғы бутпаразлық әдети бойынша, елеге дейин оны бутқа берилген қурбанлықтың гөши деп есаплайды. Сонлықтан олардың ҳүжданы қыйналып, өзлерин ипласландық деп ойлайды. 8Аўқат бизлерди Қудайға жақынластырмайды, Жемесек те, ҳеш нәрсе жойтпаймыз, жесек те, ҳеш нәрсе арттырмаймыз. 9Бирақ, абайлы болыңлар, бул азатлығыңыз исеними ҳәлсизлердиң азғырылыўына себеп болмасын. 10Егер исеними ҳәлсиз болған адам билимге ийе болған сениң бутханада аўқат жеп отырғаныңды көрсе, онда да бутларға берилген қурбанлықтың гөшин жеўге қәлеў туўылмай ма? 11Солай етип, сениң билимиң себепли, бул исеними ҳәлсиз туўысқаның набыт болады. Бирақ, Масийх ол ушын да қурбан болған. 12Сизлер усы тәризде туўысқанларыңызға қарсы гүна ислеўиңиз арқалы ҳәм олардың қыйналып атырған ҳүжданын азапқа түсириўиңиз арқалы Масийхқа қарсы гүна ислеген боласызлар. 13Сонлықтан мениң жеп атырған нәрсем туўысқанымның азғырылыўына себеп болатуғын болса, мен туўысқанымды азғырмаў ушын, ҳеш қашан гөш жемеймен.
Copyright information for
KaaIBT22C