‏ 1 Corinthians 9

Елшиниң ҳуқықлары

1Мен азат адам емеспен бе? Мен елши емеспен бе? Мен Ийемиз Ийсаны көрмедим бе? Мениң Ийемиз ушын ислеген мийнетимниң жемиси сизлер емессиз бе? 2Мени басқалар елши деп санамаса да, сизлер мени елши деп санаўыңыз тийис! Өйткени сизлер – мениң Ийемиздиң елшиси екенлигимниң дәлилисизлер.

3Мени сынға алып атырғанлардан өзимди былай қорғайман: 4сизлерге қылған хызметимиз ушын, сизлердиң есабыңыздан ишип-жеўимизге ҳақымыз бар. 5Басқа елшилер сыяқлы, Ийемиздиң туўысқанлары ҳәм Кифа сыяқлы, бизлер де қасымызға исениўши ҳаялымызды ертип жүриўге ҳақымыз бар. 6Басқа елшилер сыяқлы, мен ҳәм Барнаба да күн көриў ушын мийнет етпеў ҳуқықына ийемиз. 7Ким өз есабынан әскерлик қылады? Ким бағ отырғызып, мийўесин жемейди? Ким сүриўди бағып, сүриўдеги малдың сүтинен ишпейди?

8Мен буларды тек адамлардың пикири бойынша айтып атырған жоқпан. Муўсаның Нызамында да анық усылар ҳаққында айтылған жоқ па? 9Онда: «Түйек айдап атырған өгиздиң аўзын байлап қоймаңлар», – деп жазылған-ғо. Қудай тек өгизлерди қайғырады ма? 10Қудайдың хызметкерлери болған бизлер ушын айтып атырған жоқ па? Аўа, әлбетте, бул бизлер ушын жазылған. Мысалы: жерди сүрген адам да, түйек айдаған адам да өз үлесин алыўдан үмит етип, мийнет ислейди. 11Араңызда руўхый туқым егип, сизлерден дүньяға тийисли затларды орып алғанымыз орынсыз ба? 12Басқалар сизлерден усы затларды алыў ҳуқықына ийе болса, бизлер олардан да көбирек ҳуқыққа ийемиз. Бирақ, бизлер усы ҳуқықымыздан пайдаланған жоқпыз. Масийхтың Хош Хабарына тосқынлық жасамайық деп, бизлер ҳәмме нәрсеге шыдап атырмыз. 13Хабарыңыз бар, Ибадатханада хызмет ететуғынлар Ибадатханадан аўқат алып жейди. Сизлерге мәлим, қурбанлық орын әтирапында хызмет ететуғынлар да қурбан етилген нәрселерден өз үлесин алады. 14Сол сыяқлы, Ийемиз де Хош Хабарды жәриялаўшылар усы хызмети арқалы күн көрсин деп буйырған.

15Бирақ, мен бул ҳуқықларымды ҳеш қашан қолланған емеспен. Маған усындай қылынсын, деп те жазып атырған жоқпан. Бундай ислегенимнен гөре, өлгеним абзалырақ. Мени усы мақтанышымнан айырыўға ҳеш кимге жол қоймайман! 16Деген менен, Хош Хабарды жәриялап атырғаным себепли мақтаныўға ҳақым жоқ. Себеби бул – мениң миннетли ўазыйпам. Хош Хабарды жәрияламасам, мен ҳәсирет шегемен! 17Егер мен Хош Хабарды өз ықтыярым менен жәриялап атырған болсам, онда мийнетимниң ҳақысын аламан. Бирақ егер мен оны өз ықтыярым менен емес, ал исенип тапсырылған миннетли ўазыйпам сыпатында орынлап атырған болсам, 18онда мениң мийнет ҳақым қандай болады? Хош Хабарды жәриялағанымда ҳуқықларымнан пайдаланбай, оны ешейин жәриялаўым – мениң мийнет ҳақым болады.

19Мен азат адамман, ҳеш кимниң қулы емеспен. Бирақ, көп адамларды Масийхқа алып келиў ушын, ҳәммениң қулы болдым. 20Яҳудийлерди Масийхқа алып келиў ушын, мен яҳудийлерге яҳудий сыяқлы болдым. Муўсаның Нызамының қол астында болғанларды Масийхқа алып келиў ушын, өзим Нызамның қол астында болмасам да, мен оларға Нызамның қол астындағы адам сыяқлы болдым. 21Нызамға жат болған басқа миллетлерди Масийхқа алып келиў ушын, мен оларға Нызамға жат адамдай болдым. Бирақ, мен Қудайдың Нызамына жат адам емеспен, өйткени мен Масийхтың Нызамының қол астындаман. 22Исеними күшсизлердиң Масийх пенен байланысын беккем қылыў ушын, мен олардың бири сыяқлы болдым. Ҳеш болмаса айырым адамларды болса да қутқарыў ушын, мен ҳәммеге ҳәмме нәрсе болдым. 23Хош Хабар арқалы келетуғын берекеттен үлес алайын деп, мен булардың ҳәммесин Хош Хабар ушын ислеп атырман.

24Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси жуўырғаны менен, тек бир адам ғана сыйлық алатуғынын билмейсизлер ме? Сизлер де сыйлық алыўыңыз ушын солай жуўырыңлар. 25Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси өзлерин барлық нәрседен тыяды. Олар буны өткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мәңгилик тажды алыў ушын ҳәрекет етемиз. 26Сонлықтан мен мақсетсиз жуўырған адам сыяқлы жуўырмайман. Жудырығымды бийкарға силтеп, ҳаўаны урған адам сыяқлы болмайман. 27Ал, басқаларға Хош Хабарды жәриялап, өзим ылайықсыз адам болып қалмаўым ушын, өзимди тыйып, денемди бағындырып атырман.
Copyright information for KaaIBT22C