‏ 1 John 1

Өмир Сөзи

1Ең бастан бар болған өмир Сөзи ҳаққында: Оны еситкенимизди, өз көзлеримиз бенен көргенимизди ҳәм анықлап көрип, Оған қолларымызды тийгизгенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. 2Өмир ашық көринди, бизлер Оны көрдик ҳәм Ол туўралы гүўалық берип атырмыз. Әке
Әке – Қудай.
менен бирге болып, бизлерге көринген мәңгилик Өмирди сизлерге жәриялап атырмыз.
3Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, көргенимизди ҳәм еситкенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. Бизлердиң қарым-қатнасымыз болса, Әке ҳәм Оның Улы Ийса Масийх пенен болады. 4Буларды сизлерге қуўанышымыз толы болыўы ушын жазып атырмыз.

Қудай – нур

5Ийса Масийхтан еситип, сизлерге жәриялап атырған хабарымыз бул: Қудай – нур, Онда ҳеш қандай қараңғылық жоқ. 6Егер Оның менен қарым-қатнастамыз деп, қараңғылықта жүрген болсақ, жалған сөйлеп, ҳақыйқат бойынша жасамаған боламыз. 7Бирақ Қудайдың Өзи нурда болғаны сыяқлы, бизлер де нурда жүрсек, бир-биримиз бенен қарым-қатнаста боламыз ҳәм Оның Улы Ийсаның қаны бизлерди ҳәр қандай гүнадан тазалайды.

8Гүнамыз жоқ десек, өз-өзимизди алдаған боламыз ҳәм бизлерде ҳақыйқатлық болмайды. 9Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳәм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳәр қандай жаманлықтан тазалайды. 10Егер гүна ислемедик десек, Қудайды өтирикши қылып қоямыз ҳәм бизлерде Оның сөзи болмайды.
Copyright information for KaaIBT22C