1 John 2
Ийса – бизлердиң Жақлаўшымыз
1Балаларым! Мен буларды сизлерге гүна ислемеўиңиз ушын жазып атырман. Бирақ егер биримиз гүна ислеп қойсақ, Әкениң алдында Жақлаўшымыз, ҳақ болған Ийса Масийх бар. 2Ол бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбан болды. Ол тек бизлердиң емес, ал пүткил дүньяның гүналары ушын бағышланған қурбанлық болды. 3Егер Қудайдың буйрықларын орынласақ, Оны билетуғынымызды усы арқалы билип аламыз. 4«Оны билемен» деп, Оның буйрықларын орынламаған адам өтирикши, онда ҳақыйқатлық жоқ. 5Бирақ Қудайға деген сүйиспеншилик Оның сөзин орынлаған адамда ҳақыйқаттан кәмал табады. Қудайда екенимизди усы арқалы билип аламыз. 6«Қудайда жасайман» деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шәрт.Жаңа буйрық
7Сүйикли туўысқанларым, сизлерге жаңа буйрықты емес, әзелден өзлериңиз қабыл еткен ески буйрықты жазып атырман. Бул ески буйрық – сизлер еситкен Қудайдың сөзи. 8Бирақ сизлерге және жаңа буйрық та жазып атырман. Буның ҳақыйқат екени Масийх ҳәм сизлер арқалы көринип атыр. Себеби қараңғылық өтип баратыр, ал ҳақыйқый нур әлле қашан жарқырап тур. 9«Нурдаман» деп, туўысқанын жек көретуғын адам еле қараңғылықта болады. 10Туўысқанын сүйген адам нурда жасайды ҳәм онда сүрнигиўге себеп болмайды. 11Бирақ, туўысқанын жек көриўши қараңғылықта болады. Ол қараңғылықта жүрип, қаяққа баратырғанын билмейди. Өйткени қараңғылық оның көзлерин соқыр еткен. 12Балаларым, сизлерге жазып атырман,Себеби Ийсаның аты арқалы гүналарыңыз кеширилди.
13Әкелер, сизлерге жазып атырман,
Өйткени сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер.
Жаслар, сизлерге жазып атырман,
Себеби сизлер шайтанды жеңдиңлер.
Балаларым, сизлерге жаздым,
Өйткени сизлер Әкени билесизлер.
14Әкелер, сизлерге жаздым,
Себеби сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер.
Жаслар, сизлерге жаздым,
Өйткени сизлер күшлисиз ҳәм сизлерде Қудайдың сөзи болып,
Сизлер шайтанның үстинен жеңиске еристиңлер.
15Дүньяны ҳәм дүньядағы нәрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Әкеге деген сүйиспеншилик жоқ. 16Себеби дүньяда болған ҳәр бир нәрсе: денениң қәлеўлери, көздиң қәлеўлери ҳәм өмирдеги менменлик Әкеден емес, дүньядан. 17Дүнья ҳәм оның қәлеўлери өтип кетеди, бирақ Қудайдың еркин орынлаған адам мәңги жасайды.
Масийхқа қарсы турыўшы
18Балаларым, бул соңғы ўақыт. Масийхқа қарсы турыўшының келетуғынын еситкениңиздей, әлле қашан Масийхқа көп қарсы турыўшылар пайда болды. Соңғы ўақыт болғанын усыннан билемиз. 19Олар арамыздан шықты, бирақ бизлерге тийисли емес еди. Егер бизлерге тийисли болғанда, бизлер менен бирге қалар еди. Олардың кеткени арқалы олардың ҳеш бириниң бизлерге тийисли емес екени мәлим болды. 20Ал сизлер мухаддес болған Масийхтан Мухаддес Руўхты алғанлықтан, ҳәммеңиз ҳақыйқатты билесизлер. 21Мен сизлерге ҳақыйқатты билмегениңиз ушын емес, ал ҳақыйқатты ҳәм ҳеш қандай жалғанның ҳақыйқаттан емес екенин билгениңиз себепли жазып атырман. 22Ийсаның Масийх екенин тән алмаған адам өтирикши болмаса, онда ким өтирикши? Әкени ҳәм Улды тән алмаған адам – Масийхқа қарсы турыўшы. 23Улды тән алмаған адамда Әке де жоқ. Ал Улды тән алған адамда Әке де бар. 24Әўел бастан еситкен сөзиңизди өзлериңизде сақлаңлар. Егер әўел бастан еситкен сөзиңиз сизлерде болса, сизлер де Ул ҳәм Әке менен бирге боласызлар. 25Масийхтың Өзи бизлерге ўәде еткен мәңгилик өмир – усы. 26Буларды сизлерди азғырмақшы болып атырғанлар ҳаққында жазып атырман. 27Бирақ сизлер Масийхтың Мухаддес Руўхына ийесиз. Сизлерде Мухаддес Руўх болғанлықтан, сизлерге ҳеш кимниң үйретиўиниң ҳәжети жоқ. Масийхтың Мухаддес Руўхы сизлерге ҳәммесин үйретеди. Оның тәлими ҳақыйқый, жалған емес. Оның сизлерге үйреткени сыяқлы, Масийх пенен жасаңлар.Қудайдың балалары
28Аўа, балаларым, енди Масийх пенен қарым-қатнаста болып, Ол келгенде, Оның алдында уятқа қалмаўымыз ушын мәрт болайық. 29Қудайдың ҳақ екенин билсеңиз, ҳақ ис қылған ҳәр бир адамның да Оннан туўылғанын билиң.
Copyright information for
KaaIBT22C