1 John 3
1Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Қудайдың балаларымыз. Дүнья Әкени билмегенликтен, бизлерди де билмей атыр. 2Сүйикли туўысқанларым, бизлер енди Қудайдың балаларымыз. Бирақ қандай болатуғынымыз еле бизлерге көрсетилмеди. Масийх келгенде, Ол сыяқлы болатуғынымызды билемиз. Өйткени Оны ҳақыйқаттан қандай болса, сондай көремиз. 3Масийхтан усылай үмит еткен ҳәр бир адам Ол пәк болғаны сыяқлы, өзин пәклейди. 4Гүна ислеген ҳәр бир адам нызамсызлық ислеген болады. Себеби гүнаның өзи – нызамсызлық. 5Ал Масийхтың гүналарымызды алып таслаў ушын келгенин билесизлер. Оның Өзинде гүна жоқ. 6Онда жасайтуғын адам гүна ислемейди. Гүна ислеўди даўам етип атырған адам Оны көрмеген де, билмеген де. 7Перзентлерим! Ҳеш кимге өзлериңизди алдатпаңлар. Масийхтың ҳақ болғаны сыяқлы, ҳақ ис ислеген адам да ҳақ. 8Гүна ислей беретуғын адам шайтаннан. Өйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр. Сонлықтан Қудайдың Улы шайтанның ислерин жоқ қылыў ушын келди. 9Қудайдан туўылған ҳәр бир адам гүна ислемейди, себеби Қудайдың туқымы онда болады. Ол Қудайдан туўылғанлықтан, гүна ислеўди даўам ете алмайды. 10Қудайдың балалары менен шайтанның балаларын мынадан айырыўға болады: ҳақ ис ислемеген ҳәм туўысқанын сүймеген адам Қудайдан емес.Бир-биримизди сүйейик!
11Сизлер әзелден еситкен хабар бул: бир-биримизди сүйейик! 12Шайтанға тийисли болып, өз туўысқанын өлтирген Каинға уқсамайық. Ол не ушын туўысқанын өлтирди? Өйткени өзиниң ислери жаўыз, ал туўысқанының ислери ҳақ еди ▼. 13Туўысқанларым, дүнья сизлерди жек көрип атырған болса, ҳайран қалмаңлар. 14Бизлер өзлеримиздиң өлимнен өмирге өткенимизди билемиз, себеби туўысқанларымызды сүйемиз. Ким де ким туўысқанын сүймесе, ол өли болып қала береди. 15Туўысқанын жек көрген ҳәр бир адам – адам өлтириўши. Адам өлтириўши ҳеш бир адамның мәңгилик өмирге ийе емес екенин билесизлер. 16Сүйиспеншиликтиң не екенин Масийхтың бизлер ушын Өз жанын бергенинен билемиз. Сонлықтан бизлер де туўысқанларымыз ушын өз жанымызды бериўимиз шәрт. 17Ким де ким дүнья-малға бай бола тура, туўысқанының жоқшылықта жасап атырғанын көрсе де тас баўырлық етсе, қалайынша ондай адамда Қудайдың сүйиспеншилиги болады? 18Перзентлерим, тек сөз ямаса тил менен емес, ал ис ҳәм ҳақыйқатлық пенен сүйейик. 19– 20Ҳақыйқатқа тийисли екенимизди усы арқалы билемиз. Егер жүрегимиз бизлерди айыплап атырған болса да, Қудай алдында жүрегимиз тыныш болады. Өйткени Қудай жүрегимизден уллы ҳәм Ол ҳәмме нәрсени биледи. 21Сүйикли туўысқанларым, егер жүрегимиз бизлерди айыпламаса, онда Қудайдың алдында батыр боламыз 22ҳәм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нәрселерди ислеп атырмыз. 23Оның буйрығы бул: Улы Ийса Масийхтың атына исенип, Оның бизлерге буйырғанындай, бир-биримизди сүйиўимиз тийис. 24Қудайдың буйрықларын орынлаған адам Қудайда, Қудай да онда болады. Оның бизлерде екенин Оның бизлерге берген Руўхы арқалы билемиз.
Copyright information for
KaaIBT22C