1 John 4
Руўхларды сынаңлар!
1Сүйикли туўысқанларым, ҳәр қандай руўхқа исене бермеңлер. Бирақ руўхлардың Қудайдан болғанын ямаса болмағанын билиў ушын, оларды сынап көриңлер. Өйткени дүньяда көп жалған пайғамбарлар пайда болды. 2Қудайдың Руўхын мынадан билесизлер: Ийса Масийхтың адам денесинде келгенин тән алған ҳәр қандай руўх Қудайдан. 3Ийсаны тән алмаған ҳәр бир руўх Қудайдан емес. Бул – Масийхқа қарсы турыўшының руўхы. Сизлер оның келетуғынын еситкен едиңлер. Мине, ол әлле қашан дүньяда. 4Перзентлерим, сизлер Қудайдансызлар ҳәм жалған пайғамбарларды жеңдиңлер. Себеби сизлердеги Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы. 5Жалған пайғамбарлар дүньядан. Сол себепли, олар дүньяға тийисли сөзлерди сөйлейди ҳәм дүнья оларды тыңлайды. 6Ал бизлер Қудайданбыз. Ким де ким Қудайды билсе, бизлерди тыңлайды. Ал ким де ким Қудайдан болмаса, бизлерди тыңламайды. Ҳақыйқат Руўхы менен жалған руўхты усыннан айырып аламыз.Қудай – сүйиспеншилик
7Сүйикли туўысқанларым, бир-биримизди сүйейик! Өйткени сүйиспеншилик Қудайдан. Ҳәр бир сүйиўши адам Қудайдан туўылған ҳәм Қудайды биледи. 8Сүймейтуғын адам Қудайды билмейди. Себеби Қудай – сүйиспеншилик. 9Қудай бизлерге деген сүйиспеншилигин былай көрсетти: Қудай Өзиниң жалғыз Улын дүньяға жиберип, бизлерге Ол арқалы өмир берди. 10Мине, сүйиспеншилик – усы: бизлер Қудайды емес, ал Қудай бизлерди сүйип, Өз Улын бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбанлық қылып жиберди. 11Сүйикли туўысқанларым! Қудай бизлерди усылай сүйген болса, бизлер де бир-биримизди сүйиўге парызлымыз. 12Ҳеш ким ҳеш қашан Қудайды көрген емес. Бирақ егер бир-биримизди сүйсек, Қудай бизлерде болады ҳәм Оның сүйиспеншилиги бизлерде кәмал табады. 13Бизлердиң Онда, Оның бизлерде екенин, Оның бизлерге берген Руўхы арқалы билемиз. 14Әке Өз Улын дүньяның Қутқарыўшысы қылып жибергенин бизлер көрдик ҳәм бул туўралы гүўалық беремиз. 15Ким де ким Ийсаны Қудайдың Улы деп тән алса, Қудай онда, ол да Қудайда болады. 16Бизлер Қудайдың бизлерге деген сүйиспеншилигин билемиз ҳәм оған исенемиз. Қудай – сүйиспеншилик. Ким де ким сүйиспеншилик пенен жасаса, ол Қудайда, Қудай да онда болады. 17Солай етип, ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде мәрт болыўымыз ушын, Қудайдың сүйиспеншилиги бизлерде кәмал табады. Өйткени бизлер бул дүньяда Масийх сыяқлы боламыз. 18Сүйиспеншиликте қорқыў жоқ. Керисинше, минсиз сүйиспеншилик қорқыўды қуўып шығарады. Себеби қорқыў жаза менен байланыслы болады. Қорқатуғын адам сүйиспеншиликте минсизликке ериспеген. 19Бизлер бир-биримизди сүйемиз ▼▼ Бизлер бир-биримизди сүйемиз – Базы қолжазбаларда «Бизлер Қудайды сүйемиз».
, өйткени дәслеп Қудай бизлерди сүйди. 20Егер ким де ким: «Қудайды сүйемен» деп, туўысқанын жек көрсе, ол өтирикши. Себеби көзге көринетуғын туўысқанын сүймеген адам көзге көринбейтуғын Қудайды қалай сүйе алады? 21«Қудайды сүйетуғын адам өз туўысқанын да сүйиўи тийис», – деген буйрықты бизлер Масийхтан алғанбыз.
Copyright information for
KaaIBT22C