‏ 1 John 5

Дүньяны жеңетуғын исенимимиз

1Ийсаның Масийх екенине исенетуғын ҳәр бир адам Қудайдан туўылған. Әкени сүйген ҳәр бир адам Оның балаларын да сүйеди. 2Қудайды сүйип, Оның буйрықларын орынлағанымыздан Қудайдың балаларын сүйетуғынымызды билемиз. 3Өйткени Қудайдың буйрықларын орынлағанымыз Оны сүйетуғынымызды аңлатады. Оның буйрықлары аўыр емес. 4Себеби Қудайдан туўылған ҳәр бир адам дүньяны жеңеди. Дүнья үстинен жеңиске ерискен бизлердиң исенимимиз болады. 5Ийсаның Қудайдың Улы екенине исенетуғын адамнан басқа, ким дүньяны жеңе алады?

Қудайдың Улы ҳаққында гүўалық

6Бул – суў ҳәм қан менен келген
Суў ҳәм қан менен келген – шомылдырылыў рәсиминен өтип, адамлардың қутқарылыўы ушын атанақ ағашта қан төккен.
Ийса Масийх. Ол тек суў менен емес, ал суў ҳәм қан менен келди. Және де, гүўалық бериўши Мухаддес Руўх. Өйткени Мухаддес Руўх – ҳақыйқат.
7Гүўалық беретуғынлар үшеў: 8Мухаддес Руўх, суў ҳәм қан
Гүўалық беретуғынлар үшеў: 8 Мухаддес Руўх, суў ҳәм қан. – Базы кейиниректеги қолжазбаларда «Аспанда үш нәрсе гүўалық береди: Әке, Сөз ҳәм Мухаддес Руўх. Бул үшеўи биреў. 8 Жерде де гүўалық беретуғын үшеў: Руўх, суў ҳәм қан».
. Булардың үшеўиниң гүўалығы бир.
9Бизлер адамның гүўалығын қабыл етемиз, ал Қудайдың гүўалығы оннан да уллы. Себеби бул – Қудайдың Өз Улы туўралы берген гүўалығы. 10Қудайдың Улына исенетуғын адамның өзинде усы гүўалық бар. Ал Қудайға исенбейтуғын адам Қудайды өтирикши қылған болады. Өйткени Қудайдың Өз Улы туўралы берген гүўалығына исенбейди. 11Сол гүўалық мынаў: Қудай бизлерге мәңгилик өмир берди ҳәм бул өмир Оның Улында. 12Қудайдың Улына ийе болған адам өмирге ийе болады, Қудайдың Улына ийе болмаған адам өмирге ийе емес.

Мәңги өмир

13Мен буларды Қудайдың Улына исенген сизлерге мәңгилик өмирге ийе екениңизди билиўиңиз ушын жазып атырман. 14Бизлерде Оған деген мынадай батыллық бар: Қудайдың еркине сай не сорасақ та, Ол бизлерди еситеди. 15Егер не сорасақ та, Оның еситетуғынын билетуғын болсақ, Оннан сорағанларымызды алатуғынымызды да билемиз.

16Егер ким де ким туўысқанының өлимге апармайтуғын гүна ислегенин көрсе, дуўа етсин. Қудай оған өмир береди. Буны өлимге апармайтуғын гүна ислегенлер ҳаққында айтып атырман. Өлимге апаратуғын гүна да бар. Бул ушын дуўа етсин, деп атырғаным жоқ. 17Ҳәр қандай жаманлық – гүна, бирақ өлимге апармайтуғын гүна да бар.

18Қудайдан туўылған адам гүна ислеўди даўам етпейтуғынын билемиз. Себеби Қудайдан туўылған адам өзин өзи сақлайды ҳәм шайтан оған қол тийгизе алмайды. 19Өзлеримиздиң Қудайға тийисли екенимизди ҳәм пүткил дүнья шайтанның қол астында екенин билемиз. 20Және де, Қудайдың Улы келип, ҳақыйқый Қудайды билиўимиз ушын ақыл-ой бергенин де билемиз. Бизлер ҳақыйқый Қудайда, яғный Оның Улы Ийса Масийхтамыз. Ол – ҳақыйқый Қудай ҳәм мәңгилик өмир.

21Перзентлерим, өзлериңизди бутлардан сақлаңлар!
Copyright information for KaaIBT22C