‏ 1 Kings 10

Шеба ҳаял патшасының Сулайманға келиўи

1Шеба
Шеба – Арабияның қубла тәрепинде жайласқан ел.
ҳаял патшасы Жаратқан Ийениң аты себепли Сулайманның арттырған даңқы туўралы еситип, оны жумбақлар менен сынаў ушын келди.
2Ол хош ийисли затлар, көп муғдарда алтын ҳәм қымбатбаҳа таслар жүкленген үлкен бир кәрўанды баслап, бир қанша адамлары менен Ерусалимге келди ҳәм кеўлинде бар болған ҳәмме нәрсесин Сулайман менен бөлисти. 3Сулайман ҳаял патшаның ҳәмме сораўларына жуўап берди. Сораўларда патша түсиндире алмастай ҳеш нәрсе жоқ еди. 4Шеба ҳаял патшасы Сулайманның даналығын, ол қурдырған сарайды көрди. 5Ол және патшаның дастурханындағы тағамларын, ўәзирлериниң отырыс-турысын, хызметшилериниң хызметин ҳәм олардың кийимлерин, шарап қуйыўшыларын ҳәм оның Жаратқан Ийениң Үйинде берген жандырылатуғын қурбанлықларын көргенде, артық өзин услап тура алмады.

6Ол патшаға былай деди:

– Сизиң ислериңиз ҳәм даналығыңыз ҳаққында өз елимде еситкенлерим ырас екен.
7Бирақ мен келип, өз көзлерим менен көрмегенше сол сөзлерге инанбаған едим. Маған булардың ярымын да айтпаған екен. Сизиң даналығыңыз ҳәм байлығыңыз еситкенимнен де артық екен. 8Сизиң адамларыңыз ҳәм хызметшилериңиз қаншелли бахытлы! Олар бәрқулла алдыңызда турып, даналығыңызды тыңлай алады. 9Сизге кеўли толып, сизди Израил тахтына отырғызған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Жаратқан Ийе мәңгиге Израилды сүйгенлиги себепли, әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырыўыңыз ушын сизди патша етип қойды.

10Шеба ҳаял патшасы патшаға бир жүз жигирма талант алтын, жүдә көп муғдарда хош ийисли затлар ҳәм қымбатбаҳа таслар саўға етти. Шеба ҳаял патшасының патша Сулайманға саўға еткениндей дәрежеде көп хош ийисли затлар буннан кейин ҳеш қашан алып келинген емес.

11Хирамның Офирден алтын алып келген кемелери де сол жерден жүдә көп муғдарда сапалы арша ағашларын ҳәм қымбатбаҳа таслар алып келди. 12Патша сапалы арша ағашларынан Жаратқан Ийениң Үйи ҳәм өзиниң сарайы ушын тирепбердилер, қосықшылар ушын лира
Лира – бармақ пенен шертилетуғын тарлы саз әсбабы.
ҳәм арфа саз әсбапларын ислетти. Бүгинге дейин ондай дәрежеде көп сапалы арша ағашы әкелинбеген де, буны ҳеш ким көрмеген де еди.

13Сулайман Шеба ҳаял патшасына кеўлинен шыққан бир қанша саўғаларын берди. Буннан тысқары, ол ҳаял патшаға сораған ҳәм қәлеген нәрселериниң ҳәммесин берди. Буннан кейин, ҳаял патша адамлары менен бирге өз елине қайтып кетти.

Сулайман патшаның байлығы

14Ҳәр жылы Сулайманға келип туратуғын алтынның муғдары алты жүз алпыс алты талант еди. 15Усақлап сатыўшылардан, саўдагерлердиң саўдасынан ҳәм Арабстанның барлық патшалары менен Израил үлкелериниң ҳәкимлеринен келип түсетуғын алтынлар буған кирмейтуғын еди.

16Патша Сулайман еки жүз үлкен қалқан ислетип, оларды алтын менен қаплатты. Ҳәр бир қалқанға алты жүз шекел
Алты жүз шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
алтын жумсалды.
17Және алтыннан ҳәр бири үш мина
Үш мина – бир мина шама менен 550 гр.
келетуғын үш жүз кишкене қалқан ислетти. Патша бул қалқанларды Лебанон тоғайы деп аталатуғын имаратқа қойды.

18Ол және пилдиң сүйегинен үлкен тахт ислетип, оны сап алтын менен қаплатты. 19Тахттың алты басқалдағы бар еди. Тахттың сүйенгишиниң бас бети домалақ болып, отырғышының еки тәрепинде шығанақ қойғышы ҳәм оның жанында еки арысланның мүсини тур еди. 20Тахттың алты басқалдағының ҳәр бириниң еки тәрепинде бир-бирден он еки арысланның мүсини тур еди. Ҳеш бир патшалықта бундай нәрсе жоқ еди. 21Патша Сулайманның ишимлик ишетуғын ыдыслары алтыннан исленди. Лебанон тоғайы деп аталатуғын имараттағы ҳәмме ыдыслар да алтыннан исленген болып, ҳеш гүмис қолланылмаған еди. Себеби Сулайманның ўақтында гүмис қәдирсиз болып қалған еди. 22Теңизде Хирамның кемелериниң жанында Сулайманның да үлкен саўда кемелери бар еди. Бул кемелер үш жылда бир рет алтын, гүмис, пил сүйеги, маймыллар ҳәм таўыс қусларын алып келетуғын еди.

23Патша Сулайман байлықта ҳәм даналықта дүньяның барлық патшаларынан үстин болды. 24Қудайдың Сулайманға берген даналығын тыңлаў ушын, пүткил дүнья оны көриўге қуштар еди. 25Оны көриўге келгенлердиң ҳәр бири ҳәр жылы саўға ушын гүмис ҳәм алтын ыдыслар, кийимлер, қурал-жарақлар, хош ийисли затлар, ат ҳәм ғашырлар алып келип турды.

26Сулайман саўаш арбалары менен атларды жыйнады. Оның бир мың төрт жүз саўаш арбасы ҳәм он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары ушын ажыратылған қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды. 27Патша Ерусалимде гүмисти әпиўайы тасларға тең қылып қойды. Ал кедр ағашы жүдә көп болғанлықтан, батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашына тең болып қалды. 28Сулайманның атлары Мысыр менен Қуўеден алып келинди. Патшаның саўдагерлери атларды Қуўеден сатып алатуғын еди. 29Мысырдан ҳәр бир саўаш арбасы алты жүз шекел гүмиске, ал ҳәр бир ат бир жүз елиў шекел гүмиске сатып әкелинип, олар патша саўдагерлери арқалы пүткил Хет ҳәм Арам патшаларына сатылатуғын еди.
Copyright information for KaaIBT22C